Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 70

2021-07-05 17:37:00 АЛЛА ПАРА АЛМАЙДЫ.

Жырып жеген жерменлер
көкиректи кермеңлер.
Ертең меннен көрмеңлер
Алла пара алмайды.

Заң сизлерден утылып
қалып жүрсиз қутылып.
Қалсаң анда тутылып
Алла пара алмайды.

Нәпис хасла тоймайды
ашкөзлигин жоймайды.
Ел хақысы қоймайды
Алла пара алмайды.

Өмир бир рет берилер
дейип шағлап керилер.
Хәй, тоймас аш бөрилер
Алла пара алмайды.

Хақыйқат бар сояқта
қашалмайсаң ояқта.
Алдау жоқ көз бояпта
Алла пара алмайды.

Алданбаң бул әлемде
бәри қағаз-қәлемде.
Ара түсип пәленге
Алла пара алмайды.

Жылап-сықлап өтинбе
пайдасы жоқ өкинбе.
Қарас ғәрип, жетимге
Алла пара алмайды.

Автор Жанполат Кәрим 22.06.2021.

@voyn13
@ADEBIYAT_QR
332 views14:37
Адкрыць / каментаваць
2021-07-05 14:48:49
Хәмме айтар неге азып кеттиң деп,
Азып-тозып, олесиге жеттиң деп,
Мен айтаман көтерем боп жүргеним,
Толықлардан көп хәрекет еттим деп.

Ел дем алса, биз дем алып жатырмыз,
Журт жеген аýқатты жеп-ақ атырмыз,
Салмағымыз бираз жеңил болса да,
Ар намысы тас басатын батырмыз.

Жүзин көрип келсек те көп жыл айдың,
Демедим хеш арықлықтан муңайдым,
Шығып кетпей аман турса жанымыз,
Семирермиз қалеуимен Қудайдың.

Семир дейди берип хәрким хәр кеңес,
Нәсиятқа питип қалды бойымыз,
Геудемиздиң арықлығы түк емес,
Толық болса болды ақыл ойымыз.

Автор Бабаниязов Қыдырнияз 26.06.2021

@qidirniyazbabaniyazov96
@ADEBIYAT_QR
306 views11:48
Адкрыць / каментаваць
2021-07-05 12:21:30
Ázzi ģana kewilim ushın

Ózime  isenim qalmadı
Tapsırdım qolıńa erkimdi
Isengen kewiller aldadı
Tıńlayın, tańlayın men kimdi?

Túnde dártles bolģan juldızlar
Kúndiz jalģız qaldırģanında
Sol bir "Ay" dı taba almadım
Quyash nurı jandırģanında

Men heshkimdi aqlay almadım,
Qaralawģa jetpedi kúshim.
Sezimimdi jaqlay almadım,
Hesh bolmasa, kewilim ushın.
Ázzi ģana kewilim ushın...

Avtor Gózzal Jumamuratova
03-04-iyun, 2021

@G_Xalmuratovna_1024
@ADEBIYAT_QR
351 views09:21
Адкрыць / каментаваць
2021-07-04 19:27:25
КҮТПЕГИЛ...МЕН САҒАН БӨТЕНМЕН ЕНДИ

Көрмеген бир күним жылларға татып,
Айралық азабы... жаныма батып,
Таңым атырғандай, шуғласыз атып,
Дийдарың, тек әрман етермен енди.

Атыр саған жетпей созған қолларым,
Бекленип тар соқпақ, гүзар жолларым,
Суқ көзлер, қадалған оңлы-солларым,
Шекленген, имканым нетермен енди?

Ашықлық бий даўа жаман дәрт екен,
Тилсиз жаў, жүрекке түскен өрт екен,
Мың сан сынағына шыдаў шәрт екен,
Қайыстым, қабырғам сөтермен енди.

Сен онда, мен бунда, аҳыў- зар болып,
Бийпаян кең дүнья, бизге тар болып,
Турсада, мен саған садық яр болып,
Ўәдеме опалы... өтермен енди.

Қыял аспанымда пәрўазлар етип,
Ҳижранлы демлерден алысқа кетип,
Барсамда қасыңа жасындай жетип,
Күтпегил...мен саған бөтенмен енди.

Автор Ақшолпан Аманияз 04.07.2021 жыл

P.S: Хожа-Ахмедтиң "КҮТЕМЕН" қосығына жуўап

@ADEBIYAT_QR
72 views16:27
Адкрыць / каментаваць
2021-07-04 17:44:39
КҮТЕМЕН
***

Көргеннен көзимди қызғаныш басып,
Өрлейди әрманлар басымнан асып,
Ышқыңда қыялый ҳалласлап тасып,
Күтемен... Сен қашан келерсең енди?

Өзиңе мүнәсип тумар тағылып,
Шырайың жолыңа сыймай ағылып,
Қалдымба имкәным болмай қағылып?
Күтемен... Сен қашан келерсең енди?

Жибер жаманларды алыс қашырып,
Нурың мен тәрепке турса шашылып,
Қалмаспа маңлайым қарыс ашылып?
Күтемен... Сен қашан келерсең енди?

Және бир кеўилсиз күнди батырып,
Кеттиң қыялыма музды қатырып,
Емсиз бийтаплыққа мәңги шатылып,
Күтемен... Сен қашан келерсең енди?


Шекпекте жапасын әўметсиз Ғәрип,
Турыппан теңеўге табалмай тәрип,
Қоссамба жаңадан және бир ҳәрип?
Күтемен... Сен қашан келерсең енди?...

Автор Аманжолов Хожахмед
04.07.2021-жыл

@ADEBIYAT_QR
161 views14:44
Адкрыць / каментаваць
2021-07-04 11:58:45 АНАМА.

Бир тилек тиленип қолымды жайдым,
Маған бер егер бар болса бир қайғың,
Бендеңниң тилеги бир жалынбайтын,
Дәтиңнен қайғыңнан анамды сақла.

Анамның қайғысын маған бер қосып,
Жолына болмасын хеш қандай тосық,
Себепсиз жазылар қайсы бир қосық,
Аллам бир тилегим анамды сақла.

Жұртлардай анамда жайнасын күлсин,
Анамда шын кеуилден күлип билсин,
Қызғанба анамның сулыу күлкисин,
Мениң көз моншағым анамды сақла.

Кимлердиң кими бар анадан артық,
Балам деп қартайған азаплар тартып,
Мен ушын бир анам бәринен артық,
Мыңлардан артығым анамды сақла.

Тийдирме анама жұртлардың сөзин,
Тийдирме анама жұртлардың көзин,
Бәрине қәдирсең тәңирим өзиң,
Мен жүзге толғанша анамды сақла.

Автор ҳәм атқарған
Жаксыбек Қайпов

@ADEBIYAT_QR
256 views08:58
Адкрыць / каментаваць
2021-07-03 11:32:35 Ulli shayir Ibrayim Yusupov qosiqlarinin' o'zgeshe kanali

@karakalpakibrayimyusupov
140 views08:32
Адкрыць / каментаваць
2021-07-03 11:32:28
ЖАС ШАЙЫРҒА

Келши жаным, сөйлесейик, ўақыт мол,
Жаслық - көздиң рәўшаны, бахыт ол.
Зәң шалмасын жүректиң сап гәўҳарын,
Ишкернелик бәлесинен сақыт ол.

Бийик талант ушын сен бол шын ашық,
Билим - қанат, шарықлай бер, шыңға шық.
Из түспеген тыңнан маржан ақтарсаң,
Халқың сүйер лапызыңды тыңласып.

Алдыңда бир талай аға шайырым,
Табысына ынтық генжетайының.
Биреў түртсе, алапаға жуўырмай,
Шекер менен уўдың парқын айырың.

Барым болса, үйретейин тежемей,
Келебериң анталасып шөжедей.
Кемшиликти айтқан ўақта көзиңе,
Жүрсең болды жудырықты геземей.

Автор Тилеўберген Жумамуратов 1962-жыл

@Tilewbergen_Jumamuratov
@ADEBIYAT_QR
350 views08:32
Адкрыць / каментаваць
2021-07-03 07:49:12 Ulli shayir Ibrayim Yusupov qosiqlarinin' o'zgeshe kanali

@karakalpakibrayimyusupov
398 views04:49
Адкрыць / каментаваць
2021-07-03 07:28:07
ҚЫЗҒАНАМАН СЕНИ...

Қумартып өпкенин көрсем жүзиңди,
Аймалап, сыйпаған, қасы- көзиңди,
Қоярға жер таппай қалып өзимди,
Қызғанаман сени ескен самалдан.

Уйқыға... жатарда... айнаға қарап,
Турғаныңда қолаң шашыңды тарап,
Көктен қарап турған саған анталап,
Қызғанаман сени ай ҳәм жулдыздан.

Ишки сырларыңа... етене қанық,
Баратуғын төте соқпақлар алып,
Жүрсең жағасында, көзлерим шалып,
Қызғанаман сени сай ҳәм саладан.

Албырасаң нөсер жаўында қалып,
Жетейин:- қолыма саябан алып,
Әлпешлейин, алақаныма салып,
Қызғанаман сени ҳәтте жамғырдан

Өзимнен өзгеден қызғыштай қорып,
Гүзетсем ҳәр күни жолыңды торып,
Яр ышқында күйген, Мәжнүндей болып,
Қызғанаман сени жаным ҳәммеден.

Автор Ақшолпан Аманияз 02.07.2021 жыл

@ADEBIYAT_QR
350 views04:28
Адкрыць / каментаваць