Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 68

2021-07-10 09:52:26 Қуддус АСАДтың "ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЫНА" қосығына жуўап

БЕРМЕЙМЕН ЕЛИМНИҢ ҚЫЗЫН.

Миймандоспан, бәрҳә ашық есигим
Үстинен күлмеймен қоллары бостың
Қатты кетсем мен сорайын кеширим
Бизди үндемеске санама достым

Япырмай-ә! Кеттиң бирден нелер деп
Гүлбағыма рухсатсыз бойладың
Алып қашсам жетегиме ерер деп
Қарақалпақ қызын ким деп ойладың?!

Төккен көз жасыңа релсти жуўып
Арал ултанына қаңғыттыраман
Әкелген ышқыңның алқымын буўып
Поездиңе қосып мантықтыраман

Ҳәзил-дәлкегиңди унатар, сүйип
Мәртлер журты дейди мениң журтымды
Бирақ қасарыссаң жинине тийип
Маңлайыңа көширеди муртыңды

Мен саған бермеймен елимнин қызын
Кем-кем баратырсаң ҳәддиңнен асып
Бир тегин мәсләҳәт! -Иш те ас-дузым
Қайтыў билетиңди алыўға асық!

Жолама қыз толы қырманыма да
Ал достым усылай, мендеги кеңес
Ҳәтте арыўларым тырнағына да
Сен қусаған шайыр ылайық емес!

Жангелдиев Ниетулла (Ойшыл)

@ADEBIYAT_QR
283 views06:52
Адкрыць / каментаваць
2021-07-10 09:52:21 Поездда ёзилган шеър.

ҚОРAҚAЛПОҚ ҚИЗИГA

Поезд учиб борар, мисоли шамол,
Куйини чалганча, тарақа-туруқ.
Қорақалпоқ қизи, мени кутиб ол,
Бормаяпман ахир ёнингга қуруқ.

Ишқ билан боряпман, оҳ ишқим буюк,
Ўлчаб беролмайди, ҳеч қандай мезон.
Кўчингни тайёрла, тугунингни туг,
Қайтишда ўғирлаб қайтаман, ишон!

Ҳижрон нағмасига беролмайман дош,
Рад этсанг, ҳаётим барбод бўлгуси.
Aгарда ҳажрингда тўкар бўлсам ёш,
Қуриган Оролинг обод бўлгуси.

Борсам, шеърларимни ўқиб бераман,
Шеърларим тафтига исингай ўтов.
Қизига мендайин ошиқни кўриб,
Ўзини тутолмай йиғлар Бўзатов.

Сени кўрмоқликка ошиқар бағир
Қорақалпоқ қизи, эрка дилбанди.
Сабрим чидамайди, не қилай ахир
Ҳозирча йўлдаман, ҳисларим банди.

Поезд учиб борар, мисоли шамол,
Куйини чалганча, тарақа-туруқ...

Автор Қуддус AСAД (06.06.2021)
260 views06:52
Адкрыць / каментаваць
2021-07-10 05:35:36
Сарғайған жапырақлар жузиңдей солғын.
Ким билген екен-ай
бундай боларын?!
Кимлер билген буны дауыллар уйтқып,
Хәттеки, журеклер музлап қаларын.

Теректе ең соңғы жапырақлар қалар,
Гуздиң ең ақырғы суурети болып.
Бир арыу еңиреп, елжиреп жылар,
Себебин таппадым мың мәрте жорып.

Тек оны жубатар узилген жапырақ,
Көрип шырайлы гуль солып қалғанын:
" - Сен қайта шукир ет, бизлердей болып,
татпадың тағдирдиң татлы жалғанын"
Ал мен сол қурақым жубата алмай,
Узилген жапырақ шелли бола алмадым!

Бундай болатынын сездиң бе, Жаным,
Сездиң бе, адамлар - арсыз, хуждансыз!
Бәлким, бизлер шығар жоғалтқан бәрин,
Биз шығар сол арсыз, нағыз хуждансыз.

Гуз соны аңлатты тусингенлерге:
кимлер жәбир шеккен, кимлер қорланған.
Кимлер мусәпирлик азабын шегип,
Кимлер ар-намыстан жуда болғанлар!

Гузди айыплауға иләж жоқ бизде,
Бизде тек тағдир бар,
азап бар,
жалған бар,
хеш зат жоқ өзге!
Айыплы ким екен, сорайман тәкирар.
Журек сес береди:
Гузди айыплаң
айып жоқ гузде...

Автор Базарбай Жолдасбаев Өрнек 2020-жыл ноябрь

@ADEBIYAT
351 views02:35
Адкрыць / каментаваць
2021-07-09 17:55:24
Ишлей қан жылаған бәринен аўыр,
Аз ғана өмирде болмай тасбаўыр,
Жүрек уясына өтпегей жаўын,
Өтиниш, кеўилди аўыртпаң, дослар!

Бахытлы Сарыбаев

@ADEBIYAT_QR
303 views14:55
Адкрыць / каментаваць
2021-07-09 15:04:33
АРАЛҒА

Тəңирим берди сени бул адамзатқа,
Ырыс қазаны болып қайнап турсын деп.
Бенделерим шағлап, жетип муратқа,
Бул алтын жағыста дəўран сүрсин деп.

Қəдириңе жетпедик, əзийзим Арал,
Гүрсинген ҳаўазың тур қулағымда.
«Үмитиң-жолдасың» деген де сөз бар,
Толқырсаң заманың келген шағында...

Автор Ибрайым Юсупов 1998-жыл.

@ADEBIYAT_QR
357 views12:04
Адкрыць / каментаваць
2021-07-09 11:38:49
Саған көмек керек, қыйын ҳалдасаң,
Бирақ ҳәзир қолым бос емес.
Кешир, буны ўақытында айта алмасам,
Қол созғанның бәри дос емес!

Биз еле танысып... таныс емеспиз,
Сонда да, ойласам жақын жандайман,
Ҳәрне болмас деседағы себепсиз,
Себепсиз өзиңди қызғанғандайман.

-Таныслар таўыпсаң меҳрибан, көркем?
-Гоззаллық қутқарар- бул әлем заңы!
-Келистик! Хош енди, бийтаныс еркем,
Силтедим қолымды! Қалмады шаңы...

Автор Азимбек Утемуратов

@ADEBIYAT_QR
390 views08:38
Адкрыць / каментаваць
2021-07-09 08:27:30
Жума мүбәрек !

Сорарыңды бир Алладан сора дер,
Қыйналған да сабыр менен шара бер,
Қудайыңды сен умытсаң деп айтар,
Тасқа тийер шор маңлайың бара бер.

Жума екен таза күнниң уллысы,
Кеўиллерге ийман берер үлгиси,
Жума оқып турған мың киси,
Бәри теңдей патша қулма жумысы.

Алла деген Алласы бар жүректе,
Деген бенде жол таўады түнекте,
Гүлиң гүллер тилек етсең пәлекте,
Сабыр шүкир өткереди ҳәлекте.

Автор Жаңабай Анетеев.

@ADEBIYAT_QR
412 views05:27
Адкрыць / каментаваць
2021-07-08 15:48:42
𝐐𝐀𝐑𝐀𝐐𝐀𝐋𝐏𝐀𝐐 𝐀𝐃𝐄𝐁𝐈𝐘𝐀𝐓𝐈

Qısqa qatarlar
Aforizmler
Qosıq qatarlar
Adam atları
Qaraqalpaq urıwları
Qızıqlı faktler
Monologlar


Kanalimizģa qosiliń sizdi zeriktirip qoymaymiz.
155 views12:48
Адкрыць / каментаваць
2021-07-08 15:41:51
Муҳаббатсыз жасағаннан жоқ пайда,
Муҳаббатсыз – зарың бар-да зорың жоқ.
Муҳаббатсыз бир бәлеге соқпай ма?
Муҳаббатсыз жер үстинде орын жоқ.

Кеңесбай Рахманов

@ADEBIYAT_QR
159 views12:41
Адкрыць / каментаваць
2021-07-08 13:39:26
СЕН МАҒАН КЕРЕКСЕҢ

Сен маған керексең!
Дуўтарым тартсам,
Басыңды бир ийзеп тыңлаўың ушын,
Ырғағым жаралы жериң тырнаса,
Жетирмес əрманға жылаўың ушын.

Сен маған керексең!
Жазсам хатымды,
Көзиңе сүрмелеп оқыўың ушын,
Ҳеш кимсе дүньяда жазбас наманы,
Кəмине келтирип тоқыўың ушын.

Сен маған керексең!
дым ғана керек.
Жүрегим дүрсилдеп соғыўы ушын,
Көз жасқа малынып боялған сыя,
Қосығым тек өзиң оқыўың ушын.

Сен маған керексең!
айтсам хақыйқат,
Барыңа қуўанып жасаўым ушын,
Ақшамда муң айтып айлы аспанға,
Таңды жəне күлип баслаўым ушын.

Сен маған керексең!

Автор Зульфия Жиемуратова

@ADEBIYAT_QR
262 views10:39
Адкрыць / каментаваць