Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 64

2021-07-21 12:14:51 "Anan'ızdan xabar alın' "
Avtor: Rufat Eshanov
Oqıg'an: Tursınay On'g'arbaeva

t.me/tursinayy_Ongarbaevaa
t.me/adebiyat_Qr
391 views09:14
Адкрыць / каментаваць
2021-07-21 09:30:42 КЕЛИП КЕТТИ.

Ғуллығуллық жағып алып табанларға
шапқыласып кетким келди жабанларға.
Китап оқып, жатып алып сабанларға
балалықға барып қайтқым келип кетти.

Әжийнеме, бетке әжим салып кеткен
сағынышлы саз келеди қәлб беттен.
Сары автобуста умыт қалып кеткен
балалықға барып қайтқым келип кетти.

Таслап кеткен әттең көзим қыймасада
қайтар едим жол азабы қыйнасада.
Бул нийетим нырқға сирә сыймасада
балалықға барып қайтқым келип кетти.

Бир ешекге төртеу минип өңкелеткен
енди болса өзимизди ентелеткен.
Сары қамыс, алюмин сым дөңгелектен
дөңгелетип барып қайтқым келип кетти.

Автор Жанполат Кәрим 20. 07. 2021

@ADEBIYAT_QR
453 views06:30
Адкрыць / каментаваць
2021-07-20 19:42:18 Қайыр бар шығар
(Рәўаятдан)

Бир патша жасапты аты биймәлим,
Оның бас ўәзири екен бир алым,
Аң аўлаў әдети екен патшаның,
Ўәзирлери менен гезип жер шарын.

Патшаның бар екен алмаз пышағы,
Оқ жай оғын жонып иши қызады,
Ўақ ай деди ыңырсып күтпеген жерде,
Бас бармақ жулынды қанға қызарды.

Ҳәмме барды жетип патша қасына,
Қолын байлап атыр тәўип асыға,
Бас ўәзир айтды тәселле берип,
Бул исте бар шығар қайыр басыңа.

Қайыр бар дегенди еситкен гезде,
Патша ашыўланды қәҳәрли көзде,
Табалап турсаңба мынаўда сөзбе,
Бас бармақтан айрылып қыйналған жерде.

Буйрық берди бас ўәзирди қамаңлар,
Ол жатқан зинданнан хабар алмаңлар,
Деген пәрманына ўайымға түсип,
Ўәзир жоқ қапа болып алаңлар.

Зиндан болса зиндан қарсылығым жоқ,
Бул қамақта маған қайыр бар шығар,
Кеўлим кең сарайдай таршылығым жоқ,
Бул қайырда маған Аллам яр шығар.

Айлар өтди зырғып қысы жазлары,
Патшаға келди нөкерпазлары,
Аң аўлап саяхат қылмай қойдыңыз,
Кеўил жазып қайтың деп жолға сазлады.

Қурал сайман тулпар бәри тақланды,
Ўәзирлери менен патша атланды,
Көлде балық услап дүзде қус атып,
Саяхатда дәўран сүрип шадланды.

Қызық қызық пенен кийик қуўалап,
Узақ узақлардан өтди қыялап,
Тап болды тайпаға тоғай ишинде,
Жабайы адамлар алды қоршалап.

Диний мәресими екен олардың,
Буларды услап алған топардың,
Қурбан ҳайтқа адам шалады екен ,
Депти булар жибергени жоқардың.

Көз жас жағдайыңа қарамас екен ,
Арық майып шолақ жарамас екен ,
Бас бармағы жоқ патшаны көрип,
Қурбанлық қылыўға санамас екен.

Аман қалып патша елине қайтды,
Аллаға тәңирге мың тәўбе айтды,
Қайыр бар деген ўәзирди ойлап,
Сарай шетиндеги зинданға тартды.

Қайыр бар деген сөзди баслады,
Ўәзирине патша сораў таслады,
Сен айтқандай мени аман сақлады,
Ал өзиң айтшы көрдиң не қайыр.

Күлип турып ўәзир айтды сол ўақта,
Қайыр сол тыныш жатдым қамақта,
Сениң менен аңға менде барғанда,
Қурбанлықға кетер едим сол жақта.

Күнине көрсеңде мың бир қәсирет,
Қайырын берсин деп текте шүкир ет,
Қырық жыл қырғын саўаш болсада,
Жүрими барларды сақлар керемет.

Автор Жаңабай Анетеев.

@ADEBIYAT_QR
364 views16:42
Адкрыць / каментаваць
2021-07-20 17:00:50 Анаў өй-деди ҳәә, мынаў бүй деди,
Дейип жипке дизе бермең ийнени.
Бүгин сондай байрам екен досларым,
Умытайық барлық өкпе гийнени.

Болсадағы мәжнүн тал дым ийбели,
Қапа қылған бир күнлери жийдени,
Жарасыпты усы бүгин оларда,
Умытыңлар сизде өкпе гийнени.

Хайт байрамыңыз мубарек.

Автор Жанго Алланиязович

@ADEBIYAT_QR
33 views14:00
Адкрыць / каментаваць
2021-07-19 10:28:30 Автордан арнаў...

Бийиклик-аяғым тиймейди жерге,
Аспанда тураман мысалы қустай.
Алысладым аўыл, халық ҳәм елден,
Қайтпаспан енди мен жулдызды қушпай.

Бийиклик. Бийикте тураман қара,
Кеўилим қайғы ҳәм ғамлардан жырақ.
Бийикке үйрендим мен бара-бара,
Бир күни топраққа қуласам, бирақ.

Қоқпайман қасымда барсаң бәрҳама,
Сениң қолларыңнан тутаман бекем.
Жүрегим бийиктен қулап қалса да,
Кешпейсең. Барқулла боларман еркең.

Сен менен бийикте жасаўдың заўқы,
Өзгеше, бахыттан айланар басым.
Басылып кеўлимниң қаншама маўқы,
Мәңги қасымда бол садық жолдасым.

Маған деген сезим, меҳриңди көрип,
"Шүкир" деп ишимнен сениң барыңа.
Бийиктен мисли бир периште болып,
Мәңгиге түскеймен сениң жаныңа.

Автор Гулчеҳра Айтмуратова 19.07.2021

@ADEBIYAT_QR
98 views07:28
Адкрыць / каментаваць
2021-07-19 08:53:25
261 views05:53
Адкрыць / каментаваць
2021-07-18 19:35:23
Зибаныңнан исмиң түсирмей толға,
Урпақларыңа көз сүздирме жолға,
Елден тил, тилиңнен ел үзилмегей,
Яратқан, халқымды қоллайгөр, қолла!

Халила Дәўлетназаров

t.me/adebiyat_Qr
307 viewsedited  16:35
Адкрыць / каментаваць
2021-07-18 13:02:31 САҒЫНЫЎ

Сәхәр ўақта минсем Машук таўына,
Күлди күншығыстан таңның жулдызы,
Гүмис булақлардың шоқ қайнаўыда,
Сени еске салды Әмиўдиң қызы.

Таудан ақ бултларды айдаса самал,
Былғап турғандайсаң маған орамал,
Суў ишиўге келген бир арыў марал,
Саған мегзеп қалды, Әмиўдиң қызы.

Асқар таў Эльбрус аспанға тийген,
Сымбатлы ақ төсин көкше булт сүйген.
Бәхәр байрамында ақ көйлек кийген,
Турқыңды яд еттим, Әмиўдиң қызы.

Самал сылдырлатса жапырағын талдың,
Сени келдиме деп талай алдандым.
Кеклик дүрлеп ушса астынан жардың,
Жамалың елеслер, Әмиўдиң қызы.

Көрсем сыңқ-сыңқ күлген сууларын сайдың,
Тыңлап шопан шерткен сестин сырнайдың,
Сонда бир сен болып шадлығым қайғым,
Турдың көз алдымда,Әмиўдиң қызы.

Нарзан булақлары қандай азада,
Сениң кеулиң яңлы тынық ҳәм таза,
Таўлар оянады, кеўлим биймаза,
Инкарым өзиңсең, Әмиўдиң қызы.

Сағынышларың бийлеп бар тақатымды,
Тас үстинде турдым оқып хатыңды,
Жазсам жас еменге ойып атыңды,
Таўлар ядлап алды, Әмиўдиң қызы.

Бештаў мунарланып турар қасымды,
Көкше булт желбирер уша басында,
Ҳәр ким яр ышқында күйсе жасында,
Мендей болып күйсин, Әмиўдиң қызы.

Автор Ибрайым Юсупов

@ADEBIYAT_QR
422 views10:02
Адкрыць / каментаваць
2021-07-18 10:52:06
Bir sózden qaldım

Qız balaman, "jolım jińishke",
Siz siltegen barımģa bardım.
Mamalardan miyras hár iste,
Aldıńızda "bir sózden qaldım" .

Boyımday oyımdı kelte dep ,
Biyiklerden kórdim men sizdi
Sózlerimdi ábden kestelep,
Tilge qosa tıydım sezimdi .

Quyashqa tik qaray almayman,
Er adam da nurlı emes pe?
Juldızlardı sanay almayman
Aspanımda "Ay"ım demese...

Qız balaman, iybem jarasqan,
Jolıńızdan bir tosalmaģan.
Siz jıllı sóz kútkenińizde
Uyalģannan...
bir sózden qalģan

Avtor Gózzal Jumamuratova 11.07.2021

@JumamuratovaGozzal
@ADEBIYAT_QR
446 views07:52
Адкрыць / каментаваць
2021-07-18 07:53:19
Абитуриентлер

Өз махсети ушын өтетин оттан,
Сизлердей адам жоқ жуýырып-жортқан,
Бес пән емес тап он пәннен болса да,
Несийбеңиз болса өтесиз, қорықпаң.

Дөгерекке танысы барлар толса,
Тәшýишленбең, ол тәсили өтпейди,
Халық айтар ийттиң ийеси болса,
Қасқырдың Қудайы болады дейди.

Исениң, арттырған билимиңизге,
Тек алға жылысың қайрылмаң изге,
Сондай батыл болып хәрекет ислең,
Хәтте бақлаушылар тән берсин сизге.

Үлкен жеңис пенен тикленип бойың,
Ел-журтқа берилсин шашыýың, тойың,
Бириң қалмай кирип кетиң оқыýға,
Көп тилеги қабыл, аýмийн деп қойың.

Автор Қыдырнияз Бабаниязов

Абитуриентлерге жиберемиз

t.me/adebiyat_Qr
539 viewsedited  04:53
Адкрыць / каментаваць