Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 65

2021-07-17 18:19:17
Елден безип ҳеш бир адам кетпесин
Басындағы қалпағын ҳеш шешпесин
Бир қәбирге кирип уним өшсе де
Қарақалпақ аты ҳеш тез өшпесин

Аитжанов Мухамметдин

t.me/adebiyat_Qr
342 views15:19
Адкрыць / каментаваць
2021-07-17 13:54:40 Және келдим сениң қәбириң басына

Және келдим сениң қәбириң басына
Келгенимди билмесең де, билсең де,
Өзиң барда жетиу ушын қасыңа,
Мен асығар едим қайда жүрсем де.

Әлле қандай көрип басқа бағларды,
Кеуил қусым ушса сайран етиуге,
Дәрхал-ақ сағынып арзыулы ярды,
Талуас етер едим саған жетиуге.

«Шайыр, усайды-ғой сенде йош барға!...»
Деп күлген жүзиңе мен едим хәуес.
Сол өзиң сыйпаған қара шашларға
Қырау түсти. Бирақ гәп онда емес.

Гәп сонда: сен бизди таслап кеткели,
Адамлар өзгерген, заман өзгерген.
Дарғасы бийрәхим әжел өткели,
Арғы жүзге кетти талай көз көрген.

Адамлар өзгерди, заман өзгерди,
Мен қалай өзгермей қалайын сонда?!
Ойламаған ислерди де көз көрди,
Тәғдир бурды атымды өзге бир жолға.

Бундайда көбейер пәнди-үгитлер,
Ақылға көп ерген адасар екен,
«Өмирлик жодасы өлген жигитлер
Қызлы үйге қарап жыласар» екен...

Гүзги кеш. Ызғырық. Түспекте геугим.
Шаршадым сандалып жалғыз жүристен.
Бир кеште айнасын қақсам биреудиң,
Күлки хәм музыка еситилди иштен...

Жаңарар деп еди сүйги-мухаббат,
Жаңармаса керек ол бир түйир де,
Босатып жиберген ийеси жоқ ат,
Басы батпас екен бөтен үйирге...

Көплердиң қустаны қылғаны аздай,
Бәлким сенде бизге тәғне етерсең,
Тобынан айрылған торы ала ғаздай,
Сонда неге өзиң таслап кетесең...

Базда мен сыймайман бул кең әлемге,
Сыртлай қарағанға жоқтай әрманым.
Не деп турғанымды еситесең бе?
Мен сени...мен сени сағындым жаным.

Тек сен қас қабақтан аңлар едиң де,
Кешир, гүбирленип дәртимди айттым,
«Сууықта жалаңбас турма» дедиң бе?
«Қайт үйге» дейсең бе? Ал, онда қайттым...

Автор Ибрайым Юсупов

t.me/adebiyat_Qr
510 views10:54
Адкрыць / каментаваць
2021-07-17 12:00:54 Қаладан хат

Мурынға көп енип шәҳәр самалы,
«Кимсең шайыр» болып кеттим шамалы,
«Контрактта оқытып атпан баланы»
-Деп бир жүрислериң унайды, Ана.

Аўыл-Нөкис алыс емес арасы,
Жол емес жол пулы аўыр ырасы,
Бир ай өтти, көринбес балаң қарасы
Улың айтқаныңды қылмайды, Ана.

Аңсат емес оқыў, қалада жасаў,
Бунда ўақыт аты оғада асаў,
«Пул жоқ» әзелден студентке сылтаў,
Сылтаў да шынлыққа усайды, Ана.

Стипендия түссе қарызды жаппай,
Жаяў жүрдик сонша туфли шыдатпай,
Сонда да ақша сорап үйге сым какпай
Балаң барын базар жумсайды, Ана

Қолың нандай әзиз болған нан жаўа,
Адам Атасыз қалған Енесең Ҳаўа,
«Сағындым, дейсең,-Сен ше балам?-Аўа…
Балаң сағыныўға турмайды, Ана.

Автор Аллаяр Дарменов,
2018-2020-жыллар.

@ADEBIYAT_QR
474 views09:00
Адкрыць / каментаваць
2021-07-17 09:47:48
СЕНИ САҒЫНАМАН АТҚАН ТАҢЛАРДА

Умытайын десем: қайта сағынып,
Мухаббаттың дәрт тумарын тағынып,
Жүрегимниң ҳәмирине бағынып,
Сени сағынаман атқан таңларда.

Әйнегимнен телмиремен жулдызға,
Дәртлеримди жеткериң деп: сол қызға,
Мегзетип суў түбиндеги қундызға,
Сени сағынаман атқан таңларда.

Шолпан жулдыз сени салып ядыма,
Тығлайды жанымды қыйнап тағыда,
Шарлап қыялымда ышқы бағыма,
Сени сағынаман атқан таңларда.

Узақ түн уйқламай таўланып жатып,
Айралықтың уўдай азабын татып,
Елесиң қалғандай көзимде қатып,
Сени сағынаман атқан таңларда.

Автор Ақшолпан Аманияз 17.07.2021 жыл

@ADEBIYAT_QR
472 views06:47
Адкрыць / каментаваць
2021-07-16 14:57:23
Гей биреўлер шатастырып тилимди,
Көринеди өзлеринше билимли,
Умытпа шығысың ҳәм кимлигиңди,
Сөйлесейик таза Қарақалпақша.

Жумаханова Гүлбазар

t.me/adebiyat_Qr
539 views11:57
Адкрыць / каментаваць
2021-07-16 12:23:52
Арзыўларың недур қоян тутқан қыз,
Бизиң ақыл жетпес бундай ышқыңа,
Бәлент минберлерде лап айтқанда биз,
Сен рас сөйлер едиң ойыншығыңа...

-Саған қәлем керек, саған гүл керек,
Билген қуўанышың, әрманың усы.
Бизге әлем керек, бизге пул керек,
-Усы үлкенлердиң зәрүр жумысы...

Автор Азимбек Утемуратов

@ADEBIYAT_QR
527 views09:23
Адкрыць / каментаваць
2021-07-16 10:20:09 ҚАРАЙСАҢ

Қуяш қыздырады қумды жаз айды,
Интернет күшейди газет азайды,
Вайфай болмаса сол берер сазайды,
Мегабайт барма деп тез-тез қарайсаң.

Суў жоқта үмиттен тасып қарайсаң,
Суў текте салыға сондай жарайсаң,
Ғәззебиң келип бир заманға теңсиз,
Сөйленип егинге дерсең қалайсаң?

Кимгедур бул заман жәннет сарайсаң,
Ал кимге машақат шалаң ылайсаң,
Сонда да сонда да бәрине төзип,
Алладан шүкир деп сабыр сорайсаң.

Балаңа бәрине күнде қарайсаң,
Өзиңди дүзетип шашың тарайсаң,
Бүгин бар ертең жоқ ақша санайсаң,
Бир өмир жамалмас үйди жамайсаң.


Автор Жаңабай Анетеев.
15.07.2021.

t.me/adebiyat_Qr
130 views07:20
Адкрыць / каментаваць
2021-07-16 07:38:46 ЖУМА ТИЛЕГИ.

АМАН-ЕСЕН ТАҢҒА ЖЕТКИЗИП
БИЗДИ ШАДЫ-ҚОРРАМ ЕТКИЗИП,
ДЕНЕМИЗДЕН ДӘРТТИ КЕТКИЗИП
КЕЛГЕН БОЛҒАЙ БҮГИНГИ ЖУМА.

БӘЛЕ-ҚАДАЛАРДЫ АРЫТЫП
ШЫПА, БЕРЕКЕТИН ДАРЫТЫП,
ИЙМАН НУРЫ ТҮСИП ЖАРЫТЫП
КЕЛГЕН БОЛҒАЙ БҮГИНГИ ЖУМА.

Ассаламу алейкум уә рахматуллахи уә бәрәкатух. Күнлердиң ағласы, бүгинги жума бәриңизге қутлы мубәрек болсын .

Жанполат Кәрим

@voym13
@ADEBIYAT_QR

@voyn13
287 views04:38
Адкрыць / каментаваць
2021-07-15 19:01:59
"Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары" телеграм каналы.
402 views16:01
Адкрыць / каментаваць
2021-07-15 19:01:40
Жаным жүрегимде, тилим таңлайда,
Бабам мийрасысаң, тикген маңлайға,
Сенсиз Қарақалпақ, халық болмайма?
Әлбетте жоқ тилим, сенсиз болмайды.

Жаңабай Анетеев

t.me/adebiyat_Qr
1.2K views16:01
Адкрыць / каментаваць