Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 67

2021-07-13 13:03:03
Қызым

( Қәдирли заманласымыздың өтиниши бойынша)

Болып қалмай тек те мениң дәўлетим,
Көркисең пүтин бир елдиң, миллеттиң,
Өмирдиң бар жақсы тилек, нийетин,
Маңлайыңнан сүйип тилейин, қызым!


Алып жүрсек бәрҳа түсирмей қолдан,
Күлимлеп көзлериң, кеўилиң толған,
Талпынармыз саған болыўға қорған,
Гүлдей әлпешлеўди сүйерсең, қызым!

Төрге отырғызып сыйлаймыз сени,
Әперейик кеўлиң қәлесе нени,
Сүйсиндирер сулыў күлкиң ҳәммени,
Әдеп ҳәм ийбеңди унаттым, қызым.

"Тыйылып қырқ үйден, жыйыл бир үйден!"
Жақсы инсан болғыл ел-халқың сүйген,
Жеткил әрманыңа кеўлиңе түйген,
Қызығыңды көрип жүргеймиз, қызым!

Уямыздан бир күн ушып кетерсең,
Түскен босағаңды таўап етерсең,
Еки үйди теңдей сүйип өтерсең,
Илайым, бахытлы болғайсаң, қызым!

Автор Бахытлы Сарыбаев 13-июль, 2021

@BaxitliSaribaev
@ADEBIYAT_QR
470 views10:03
Адкрыць / каментаваць
2021-07-13 08:18:18 ҚУДАЙҒА НАЛА.

Өзимиз жаратқан қағазға қулмыз
кеулимиз коррупция, ийманы пулмыз.
Шайтаный қылықта атандық жулдыз
өзиң дүзетпесең аухал дым шатақ.

Жол көрсет қай жерде берекет, қут бар
қәлбимиз қарайған, қурым хәм дүт бар.
Шайтанды алдаған қәуимнен қутқар
өзиң дүзетпесең аухал дым шатақ.

Хәкимлер қыстырмас патшаның сөзин
шел басып, май қысқан маңлайда көзин.
Рехим әйлемей қаттырақ өзиң
бизлерди дүзетпесең аухал дым шатақ.

Жақынлап қалдыма паякүн күниң
қағазда қалмақта муқәддес диниң.
Бендеңди бийледи иблистей жиниң
өзиң қутқармасаң аухал дым шатақ.

Тыңламас ул әке, ал қыз анасын
тик-тоги тесип өтти ийман панасын.
Қуудалаған улама, алым, данасын
бул қәуим аухалы болажақ шатақ.

Басшылар сеннен емес даукестен қорқар
арзагөй алдында ешектей жортар.
Хақ гәпти айтқанды бәлелер қоршар
өзиң дүзетпесең аухал дым шатақ.

Бир жыныс некени алып кирежақ
Лут қәуми қайтадан уах тирилежақ.
Адам қыппа-тайлақ болып жүрежақ
өзиң уялтпасаң аухал дым шатақ.

Көбейди некесиз қылынған зинә
көбейди қорқпастан қылынған гүнә.
Бизлерге өкпелеп сақлама гинә
өзиң қайтармасаң аухал дым шатақ.

Түлкилер кеп кийип жолбарыс болса
бир бәле болады-ау бул барыс болса.
Қәнекей бул налам қол қабыс болса
өзиң дүзетпесең аухал дым шатақ.

Қағазда хәммеси көркем, бинәйы
сауап деп қылынған ислер жынайы.
Космосты толтырды адам гүнәйы
өзиң дүзетпесең аухал дым шатақ.

Хәммеси көзаба, хәммеси жалған
шайтанхәм бизлерден табанда қалған.
Тәуирлеу қәуимиң жоқпеди Аллам
буларға қосқаның болыпты шатақ.

Динсизден айырып кимлерге қостың
хүр әйле бизлерди, болайық достың.
Дозақта киймейик тикенли постын
өзиң қутқарамасаң аухал дым шатақ.

Өнимлер сыпатсыз, жемислер зәхәр
бизлерге буншелли қылдыңба қәхәр?
Қыстан соң гүз келди, қәне жаз, бәхәр?
Өзиң рехим ет, аухал дым шатақ.

Арызды тыңламас дат айтып барсаң
тыңлайды таныс-билис ат айтып барсаң.
Қәлбти буншалар қатайтып барсаң
күнимиз қарапғой, аухаллар шатақ.

Көбейди жумыссыз халықтың саны
бузылды мусылман әхлиниң аңы.
Жерменге тиси батпас шығарған заңы
өзиң жазаламасаң буларың шатақ.

Қолыңа қарайды барсаң алдына
күнимиз усындай күйге қалдыма?
Қарағай басынан қырау шалдыма
өзиң дүзетпесең аухал дым шатақ.

Тереклерди кесип ситилер қурдық
ат басын апатшылық тәрепке бурдық.
Бисмиллә деп турып тәрезден урдық
инсап бермесең сен аухал дым шатақ.

Дүзелмедик ханлықлар заманында да
дүзелмедик коммунизм таманында да.
Дүзелмедик ғәрезсизлик дауамында да
өзиң дүзетпесең аухал дым шатақ.

Автор Жанполат Кәрим 13.07.2021.

@voyn13
@ADEBIYAT_QR
516 views05:18
Адкрыць / каментаваць
2021-07-12 13:25:44 БУ ДҮНЬЯ

Адам уғлы, өз кеўлиңди шад əйле,
Ашылсаң, ашыла берер бу дүнья.
Өткенлердиң ўəсиятын яд əйле,
Жыйнасаң шашыла берер бу дүнья.

Ҳадал мийнет етип, тапса дүньяны,
Бийғәрезлик ғош жигиттиң əрманы.
Ҳийле қылсаң, алдайман деп сен аны,
Сумлығын асыра берер бу дүнья.

Журттан артық жасайман деп егер сен,
Тəсил қылсаң, өзиң азап шегерсең.
Түлкиниң изинен тазы жиберсең,
Туттырмай, қашыра берер бу дүнья.

Алтын деп жыйғаның темир тат болып,
Ақырында опық жерсең мат болып.
Сен қуўсаң, ол наймыт перизат болып,
Жүзлерин жасыра берер бу дүнья.

Бул дүньяның берген ашшы сабағын
Ҳəр көргенде шүкирлик қыл, тоба қыл.
Ашық Аяз, ашық жүрсин қабағың,
Қапылсаң қапыла берер бу дүнья.

Бул дүнья «бес күнлик», «ялғаншы» демек
Бурынғылар айтқан сөзинде барды.
«Асығады бизден қалғанша» демек,
Бийопалық күлер жүзинде барды.

Тəңирим бул дүньяны жоқтан бар етти,
Бендем шалқысын деп, лалазар етти.
Лекин ғапыл бенде асқынлап кетти,
Көбинде инсап жоқ базында барды.

Дүнья деп, адамзат бир-бирин қырған,
Шайтан ғулғуласы ҳақ жолдан урған.
Бул жерде жазық жоқ дүньяда турған,
Ҳəр бəле адамның өзинде барды.

Бул дүнья ялғаншы емес шынында,
«Нəпсиңди тый» деп айтқан ғой бурында.
Бир қысым топыраққа толған соңында,
Аш көзлик адамның көзинде барды.

Ашық Аяз, ҳақ жолынан жүрмесе,
Бул дүньяның гөззаллығын көрмесе,
Бул сөзге ўақтында мəни бермесе,
Уллы пушайманлар изинде барды.

Автор Ибрайым Юсупов Декабрь, 1996-жыл.

@ADEBIYAT_QR
407 views10:25
Адкрыць / каментаваць
2021-07-12 10:29:29
Гүл услаған қыз

Ашығыңман, мәжнүн мысалындағы
Бәнди кеўлим, ышқың тусаўындағы
Ҳеш болмаса анаў қушағыңдағы
Гүл ғурақым әўмет күлмеди сирә

Пәрманаңман жалыныңды гөзлеген
Бирақ қыялыңа жатпан, өзгемен
Қара түндей, сулыўғана көзгенең
Бизди нәзерине илмеди сирә

Қуяшым сен, ҳәўириңе қуштарман
Әттең, еле мен саяңда қысларман
Өтип кетип бәҳәр, әлле туслардан
Мениң мүтәжимди билмеди сирә

Тәғдир келер, үмит жибим қуратпай
Көп сөйлесем қалмайсаң ба унатпай?
Қолда гүлиң меннен бахытлырақтай
Сәтсизлик пердесин түрмеди сирә

Сездирместен урлағансаң ақылым
Болғым келер жүрегиңе жақының
Берер десем қайыл сөздиң татымын
Атым ойларыңа кирмеди сирә

Автор Жангелдиев Ниетулла (Ойшыл) 16. 03. 2021 ж.

@ADEBIYAT_QR
443 views07:29
Адкрыць / каментаваць
2021-07-12 08:35:30
ИРГЕҢ БАСТАН БОЛҒАН ҚАРАҚАЛПАҒЫМ

Аспан сулыў емес жалғыз бир айсыз,
Басы таўдан ағар, суўлар көл сайсыз,
Ўатан жалғыз Қарақалпақ тил жалғыз,
Тилде дәстан болған Қарақалпағым.

Киши деп қараса саған басқалар,
Жолың үлкен тарийхың бар, таспа бар,
Буны қайдан билсин кейбир қасқалар,
Елде дәстан болған Қарақалпағым.

Еки миллионға биз келдик шамалас,
Сени десин, қосық, жүрек, бала жас,
Демесин ҳеш ким, жасың киши шама жас,
Иргең бастан болған Қарақалпағым.

Автор Жаңабай Анетеев.
11.07.2021.

@ADEBIYAT_QR
462 views05:35
Адкрыць / каментаваць
2021-07-11 20:02:29
Руўыңыз қандай?

Умытпаң Қарақалпақлар руўларға бөлинбейди, руўлардан қуралған.

@shejireqr
546 views17:02
Адкрыць / каментаваць
2021-07-11 09:07:10 Кеуил дəптеринен...

Сени көп ойладым, алаңлап қалдым,
Қыял менен қасыңа қайтадан бардым.
Сезимди сен тұуе, өзимде билмей
Жан билмес дəртимди жаңалап алдым.

Қолымнан тұспейди телефон тағы,
-,Тағы сенсиз, ұнсиз сен турған жағы.
Өзимше қызғанып, сағынып жұрмен,
Ал сени аймалар кимлердиң бағы?!

Аспанымда қанатын жайған сезим,
Мен дəрриу таныдым дəл сениң өзиң.
Бəлким, ұйиңде бəринен бийхабар,
Тұсиңе де кирмей уйқлайды көзиң.

Мен саған хеш киммен, сен маған жақын,
Сəлемнен аспайды бар жоғы хақым.
Хəтте кұткенимди билмеуиң анық,
Қуры хəлекте жұр,кеуилим пақыр...!

Автор Сахибжамал Сыргабаева 12.05.2018ж

@ADEBIYAT_QR
136 views06:07
Адкрыць / каментаваць
2021-07-11 05:59:56 Өмир жолы

Өмир жолы… шағыл да бар, тас та бар,
Тәғдир базда матап таслар шынжырлап.
Отырыўға ҳәўес болса басқалар,
Мен жүриўди әрман еттим бир жыллап.

Түслеримде көринеди жел болып
Өтип кеткен балалығым, жаслығым…
Ақсақ тулпар еки көзи сел болып,
Оқырынар рўхында ҳаслының.

«Жүрген – дәрья, дейди, отырған - бойра» ,
Кеўлим дәрьясынан қанбаспан, лекин.
Баратқан яңлыман жумалап ойға,
Көрмеспен өмирдиң бәлент тәрепин.

Талай асаўларға салынды ноқта,
Ҳеш нәрсе жоқ екен тәғдирден асаў.
Бахыт – ол үркек қус, ойналған соқта,
Ҳәтте, ойыншықтай дүньяда жасаў.

Байыған жигитлер тутпайды мисе,
Олар ушын мен ким? Шайырман шонтық.
Бул өмир оларға қампайған кисе,
Жүрген жоқ халық түўе, қудайдан қорқып.

Олар ойламайды елдиң намысын,
Еси-дәрти бәзим, гөззал ҳаял-қыз.
Бизлер қорек етер тислем нан ушын
Таўдан-таўға секириўге таярмыз.

Қул деп айтпаса да, есаплар қулға,
Ўақтында бермейди мийнет ҳақысын.
Олар бул дүньяға болмақшы тулға,
Ашып-жаўып турмақ оның қапысын.

Мен киммен? Шайырман отырып қалған,
Ҳәр күни ҳәсирет еңсемнен басар.
Енди қартайғанда жазбайман жалған,
Ким шынлықты сүйсе кәмбағал жасар…

Автор Кеңесбай Рахманов 2000-жыл

@ADEBIYAT_QR
105 views02:59
Адкрыць / каментаваць
2021-07-10 17:22:15
Айтылмаған сырлар бар, сырлар,
Кеўил қупыясын сақлама.
Жүрегимди тынымсыз тырнар,
Сен де кеўил бөлме басқаға?!

Халила Дәўлетназаров

@ADEBIYAT_QR
29 views14:22
Адкрыць / каментаваць
2021-07-10 12:26:55
САҲРА БҮЛБИЛИНЕ

Заман дəртин дəстан етип тилинде,
Халқыңның ар-намыс, ҳүжданы болдың.
Аяқтағы қарақалпақ елинде
Шайырлық мүлкиниң султаны болдың.

Сен саҳра бүлбили едиң сайраған,
Бағ таппаған жерде шеңгелге қонған.
Жапакеш ел ушын жан пидə қылған.
Дəртли кеўиллердиң дəрманы болдың.

Елим деп, журтым деп усы елаттан
Бир шайыр туўылса, - сени жаратқан.
Халықтың сөйлер тили болып киятқан,
Дилўарлықта алғыр тарланы болдың.

Ҳəр сөзиңде даналығың таныттың,
Мəртлиги бар Алакөздей алыптың.
Кеўли ақ, қалпағы қара халықтың
Қосыққа айланған əрманы болдың.

Уллы Наўайыдан саўат ашқаның,
Даңқлы Физиўлыдан дүрлер шашқаның,
Устаз Мақтымқулдың изин басқаның,
Улығлардан үлги алғаны болдың.

Дүньяға даңқ жайған Өзбекстанда,
Мустақиллик шешек атқан бостанда,
Бабалар руўҳы оянған таңда,
Ел ардақлап еске алғаны болдың.

Айтқан сөзлериңди алтынға қаплап,
Туўысқанлар айтар: «Əссалам, Бердақ!»
Мерекеңди Президент қутлықлап,
Жаңа əўладлардың илҳамы болдың.

Автор Ибрайым Юсупов Декабрь, 1998-жыл.

@ADEBIYAT_QR
223 views09:26
Адкрыць / каментаваць