Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 69

2021-07-08 11:22:18
***

Мың күлимлеп, аймалайсаң түсимде,
Бағ ишинде жаздырмастан қолымнан.
Мен жайнайман шын бахыттың ишинде,
Ал, оңымда тосалмайман жолыңнан.

Бунда көзлер мың тигилип, қарасып,
Нәзерлер де дусласыудан уялмас.
Оңымызда болса ийбе жарасып,
"Хош" десем де, кеуил хасла қыялмас.

Не қылайын, қосық жазбай бир саған,
Ерк бермейсең сирә кеулиң исине.
"Сүйдим" дегил, бир ярың бар аңсаған,
Қуры тек те киребермей түсиме.

Автор МЕХРИБАН ҚАРТБАЕВА

@ADEBIYAT_QR
375 views08:22
Адкрыць / каментаваць
2021-07-08 07:50:13 Күйшең отыраман жападан жалғыз
Киргенди қойдыңыз түсиме хәргиз
Қүным қүс қүрақым аңламадыңыз
Жүрегиңизден қуылған күним

Бәлки солай : үмитимди жығарсыз
Мен бүнда жасайын қалай ызамсыз ?
Әллекимге күлип бақған шығарсыз
Қөз жасыма буылған күним

Я қойдымба қам қияльға үтқызып ?
Орныңыз хүиллеп қалғаны қызық
Өзгеге ишқиңыз жанғаны қызық
Мен өзиңизден суынған күним

Еле сес келмей меннен хабарсыз
Сағынышты етек бенен жабарсыз
Бир күн мениде излеп қаларсыз
Бир жүректе туылған күним

Есиңизге сонда аларсыз :
Жүрегиңизден қуылған күним

Автор Азамат Аматов

@ADEBIYAT_QR
342 views04:50
Адкрыць / каментаваць
2021-07-07 18:27:24
Кеше ғана келген едим дүньяға,
Өмир мегзер ағып турған дәрьяға.
Бүгин аз-маз есин жыйнап алыпты,
Сол бир бийғам, ойнап жүрген қыз бала.

Гөззал Жумамуратова

@ADEBIYAT_QR
464 views15:27
Адкрыць / каментаваць
2021-07-07 14:21:31 КИМ БАР, БИЗИҢ ЖАҚТЫҢ ҲАЯЛЛАРЫНДАЙ…

Ҳаял гөззаллығы - илаҳий тилсим,
Бинияд болған ҳақтың инаятынан.
Инсан қəлбин мудам жақтыртып турсын,
Деп тəңирим бир сөнбес нур қуйған оған.

Адам жаралғалы қосықлар, сазлар
Оны тəриплеўден жалыққан емес.
Ҳəзирети Наўайы, Əжиниязлар
Қəлем тарта-тарта таўысқан емес.

Жəҳəнгир шахлар да, отыралмай тахта,
Алдында диз шөгип, қазнасын шашқан.
Бул бир илаҳий нур жарқ еткен ўақта,
Ҳəтте пайғамбарлар көзи қамасқан...

Шайдасындай бүлбил муҳаббатының,
Ҳəр гүлдиң өз көрки, абзаллығы бар.
Ҳəр елде, ҳəр халықта ҳаял затының
Өзинше көрк-шырай, гөззаллығы бар.

Дəстанларда тəрийпи бар бəриниң,
Ким жаздырар оның сырлы өрмегин?
Бирақ бизиң жақтың ҳаялларының
Сулыўлығын мен ҳеш жерде көрмедим.

Бейиш ҳүрлери ме турған қарсыңда,
Ишпей-жемей дийдарына тоярсаң.
Тумарис пе, Шасəнем бе, Баршын ба,
Ким екенин билмей ҳайран боларсаң.

Олардың жадырап күлгенин көрсем,
Мен өзимди йошлы шайыр сеземен.
Қайғы-қапалықта жүргенин көрсем,
Мүсəпирлик шөллеринде геземен.

Дəртин гизнеп, жас келиндей төркинсип,
Қыпсаламай сыр тарихын естеги,
Ғəрезсизлик минберинен еркинсип,
Айтайық-та дəбдиўлерди иштеги:

«Ҳаял еркек пенен тең ҳуқықлы» деп,
Талай қышқырғанбыз, талай жазғанбыз.
Жетпис жыл мақтаўын жетирип сөйлеп,
Қыста тоң қопартып, қазыў қазғанбыз.

«Буныңдай еркинлик сизге қайда» деп,
Атызда сарғайтып саратанларда,
«Темир қатын көк корабль айдар» деп,
Мингизгенбиз муздай комбайнларға.

«Қызыл əйдарҳаның» түсип дəстине,
Мий шайылып, жүрек суўлағаншелли,
Самолеттен зəҳəр шашты үстине,
Көкирек сүтиңизди уўлағаншелли.

Үйиңде қараўсыз қалып бесигиң,
Сол уўланған «ақ алтын» ды тердиңиз.
Қыста сүйрик саўсақларың тесилип,
«План ушын» қорек жулып жүрдиңиз.

Түкирип суў ишкен дəрьяларына,
Қудайсыз адамзат ҳəлдинен асты,
Төзбей адамлардың жаўызлығына,
Өз жағысын таслап теңизлер қашты.

Мине ақыбети: бул байғус топырақ,
Айықпас дəртлердиң болды уясы.
Дүнья бас шайқасар бизлерге қарап,
Неткен ҳүждансызлық анемиясы.

Мен айтпайман бул ғəлетий апатлар
«Бəри-бəдар кетти, қалды – деп - кейин».
Базар жолындағы көп машақатлар
Бой жаздырмас еле биразға дейин.

Лекин жақсылыққа бет алды заман,
Үмитлимиз соңы жақсы болар деп.
Еркинлик ҳаўасын жутқан бул инсан
Бəрин еле орны - орнына қояр деп.

Берекет дарыған ырысқы-несибе,
Гүллеп кеўиллерде шадлық, муҳаббат,
Тербелип ығбалдың алтын бесиги,
Ошақ басы аман, ел болғай абат.

Тамшы жас қонбағай кирпигиңизге,
Биймезгил ҳеш үйде сөнбегей шырақ.
Бийбипатпа пийриң яр болғай сизге,
Əзийз анаханлар, байрам мүбəрəк!

Автор Ибрайым Юсупов Март, 1997-жыл.

@ADEBIYAT_QR
143 views11:21
Адкрыць / каментаваць
2021-07-07 11:48:33 СУЛЫЎ

Жазыў маған жараспас деп жүр едим,
Шайырларда болмаса да көп шыдам.
Сулыўлықты сүйер бирақ жүрегим,
Жас етсе де елли деген шоққыдан.

Шайырлығым ләттеленип тозбаса,
Қәлемиңди нийетиңнен айырма.
Гөззал көрки йош-жигерди қозғаса,
Жыңқ етпестен қалған шайыр шайыр ма?!

Ел ишинде бурыннан-ақ билинген,
Берунийде талай-талай жулдызлар.
Менинэң усы қосығыма илинген,
Гөззаллардан гөззал болған бир қыз бар.

Гезлестирдим үлкен тойдың төринде,
Хеш мини жоқ уста соққан ийиктей.
Билмедим мен қарындас па, келин бе,
Бота көзли, таўда өскен кийиктей.

Болса егер гөззаллықтың жарысы,
Жүрер еди ең биринши сый алып,
Ләйли менен Шаҳсәнемлер бәриси,
Қалар еди бул сулыўдан уялып.

Өмирдиң де бәҳәри бар, қысы бар,
Ойлап турсам, мине сонда әңгиме:
Нарттай дөнген көрки менен усылай,
Тура берсе қәйтер еди мәңгиге!

Автор Тилеўберген Жумамуратов

@Tilewbergen_Jumamuratov
@ADEBIYAT_QR
262 views08:48
Адкрыць / каментаваць
2021-07-07 09:37:44
Кеулимди сораса...

Кеулимди сораса бир басқыласып,
"Бийкеш айтса, ким болмаған" деп "ашық",
Таңға дейин жеңгем менен сырласып,
Сонда сен хаққыңда ойласам деймен.

Жанымнан жақынырақ болсаң жаныма,
Соң айлансақ дуутардың қос тарына,
Хәм қууанып мендей ярың барына,
Ышқыңды кеулиңнен арнасаң деймен.

Уйқыладым деп уақыт өтпей арадан,
Қорқып оянғанда гулдирмамадан,
Ескирмес ышқыны баслап жаңадан,
Сезимтал бир қосық толғасаң деймен.

Уйдиң жумысына болсам көп хәлек,
Бақырып берерсең "Уйқыла ертерек"
Таңда жас баладай болып еркелеп,
Кирпиклериң менен ойнасам деймен.

Бирге тойға барсақ хәмме қарасып,
Қалсам бир достымнан ахуал сорасып,
Ашыуланып турғаның дым жарасып,
Өзиңнен өзгеге қыймасаң деймен.

Басқа қызлар қасын қақса кулимлеп,
Қыя бақпай "бар өзимниң гулим" деп деп,
Ким дегенде "ол қызлардың хури" деп,
Менсиз дуньясына көнбесең деймен!

Автор Сарбиназ Айтмуратова

@sen_haqqinda
@ADEBIYAT_QR
304 views06:37
Адкрыць / каментаваць
2021-07-06 19:59:58
Ómir qıyın emes. Tek adamnıń ... onı qıyınlastıradı.

Fridrix Nicshe
314 views16:59
Адкрыць / каментаваць
2021-07-06 15:20:49
Бәлент шыңлар қанша таўлардан аса,
Қуслар өз елине қайтабереди.
Өзиң қәлегендей бахытлы жаса,
Адамлар ҳәр гәпти айтабереди.

Гулчеҳра Айтмуратова

@ADEBIYAT_QR
433 views12:20
Адкрыць / каментаваць
2021-07-06 10:42:30
Июльдың бул ыссылары

Жибиткендей таўдың тасын,
Саўлап атыр, көзде жасым.
Сөзлериңиз жүрек тесер,
Нөсер болып, мисли жасын...

Ишим ҳәўир, сыртым ҳәўир,
Болып кетти жанға жәбир.
Июльдың бул ыссылары
Әй күйдирги, сизден тәўир...

Айтар едиң сүйемен деп,
Периштедей көремен деп.
Шын сүйгенлер өзгермейди,
Айнымайды сүйген жүрек.

Самал шалқып, шалқайдыма,
Кимлигиңиз байқалдыма?
Жулдыз болып жанған сезим,
Бултқа уқсап тарқалдыма?

Ишим ҳәўир, сыртым ҳәўир,
Болып турсыз, жанға жәбир.
Июльдың бул ыссылары,
Әй күйдирги, сизден тәўир...

Автор Абадан ТУРДЫМУРАТОВА

@ADEBIYAT_QR
213 views07:42
Адкрыць / каментаваць
2021-07-06 07:55:12 НЕГЕ БУЛАЙ?

Неге булай екен көргели сени,
Ушырасқалы көзим қара көзиңе,
Ҳәдден зыят бир күш тартады мени,
Жүрегимди жақынлатып өзиңе.

Оттай ысық, гүлдей жүзиңди көрсем,
Гүлдиң бүлбилиндей боламан мен де.
Қыялыңды алып кеттим бе десем,
Өзимниң қыялым қалыпты сенде.

Автор Байнияз Қайыпназаров

@Bayniyaz_Qayipnazarov
@ADEBIYAT_QR
245 views04:55
Адкрыць / каментаваць