Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 71

2021-07-02 18:39:59
Ҳәўес...

Жетиссем өзиңдей сүйген ярыма
Сен қуўансаң мендей ярың барына
Турмыстың гүл дөнген
шәмензарына
Өзиңди жетелеп төрлесем деймен

Теңдей болса ишки сезим, жүйимиз
Ықшам ғана пайыз толы үйимиз
Ығбалдан мәсирип кеўил-күйимиз
Мен сеннен басқасын көрмесем деймен

Таңда жумысыма асығып жүрип
Қырсыққа жағамды қыйсайтып илип
Ал сен аяғыңның ушына минип
Күлимсиреп турып жөнлесең деймен

Әсте төмен қарап, жағымлы сыңсып
"Алма жегим келди, қабығын қыршып"
Әкелемен яқшы... Мурныңнан шымшып
Ҳаўаға бир поса мөрлесем деймен

Сағынғанда болмас-аў бул жат қылық
Кеште кирсем үйимизге ҳаплығып
Сен де шықсаң асханадан атлығып
Ашық дийдарыңа шөллесем деймен

Шийрин ийис асханадан аңқыған
Не писирдиң, бунша үйди қамтыған?
- Тез қол жуўың, шығарайын мантыдан
Дәстүрхан бар жайға өрлесем деймен

Ҳәр күнимиз солай өтсе, әрманым
Бийтаплансам, өзиң болсаң дәрманым
Кешсек бирге өмиримиз қалғанын
Сен менсиз, мен сенсиз көнбесем деймен

Ниетулла (ойшыл)
Азизбек Алламуратов

@otkirqalem
@ADEBIYAT_QR
193 views15:39
Адкрыць / каментаваць
2021-07-02 11:51:21
Қызлы болғым келеди

Көкейимде көп әрманым жүреди,
Соның бири қызлы болғым келеди,
Қыз баланың нәзик болар жүреги,
Папам менииң деп еркелеп жүреди.

Әкежан деп бетлеримнен сүйеди,
Кеўилимди мен айтпай-ақ биледи,
Азанлы кеш еркелейди күледи,
Мениңде бир қызлы болғым келеди.

Алла қәлеп береғойса қыз бала,
Мол несийбем бердиң өзиң бир Алла,
Шопан жигит таңласаңда жан қызым,
Бахыт жолын қызым өзиң сен таңла.
(дер едим)

Автор Жаңабай Анетеев. 29.06.21.

@Aneteev_Janabay
@ADEBIYAT_QR
216 views08:51
Адкрыць / каментаваць
2021-07-02 09:14:39
Перзентим

(Ата-аналық бахтына бәршени, сол қатары бизди де жеткергей деп тилек билдиремиз)

Бергенисең жарылқаўшы Алланың,
Көрки саналасаң кеўил қаламның,
Жалғастырып жолын ата-анаңның,
Қуўанышқа бөлегенсең, перзентим!

Еркелесең мойынымнан қушақлап,
Жанды жеген ғам-тәшўишим узақлар,
Мен де сениң менен баладай шағлап,
Шаршағаным умытылар, перзентим!

Гүллендирсин ана журтты қолларың,
Нурлы болғай мудам өмир жолларың,
Тәрбиялап келешекке жолладым,
Ақлағайсаң үмитимди, перзентим!

Биз жетпеген нийетлерге жеткейсең,
Хызмет етип, елди ырза еткейсең,
Өмирде бахытлы жасап өткейсең,
Жақсы инсан бола алып, перзентим!

Ериссең халықтың алғыс сөзине,
Шадланғаннан жас келеди көзиме,
Шырай енип сонда мениң жүзиме,
Тасқынлайды күш-жигерим, перзентим!

Күлгениңде пайыз кирип отаўға,
Ығбал жылқыларым шығады таўға,
Көз тийер деп қорқаман көп мақтаўға,
Ең қымбатлы байлығымсаң, перзентим!

Автор Бахытлы Сарыбаев 29-июнь, 2021

@BaxitliSaribaev
@ADEBIYAT_QR
242 views06:14
Адкрыць / каментаваць
2021-07-01 21:34:28 Айтжанов Мухамметдин
Маткеримова Кутлыбийке

@ADEBIYAT_QR
252 views18:34
Адкрыць / каментаваць
2021-07-01 19:01:52
Излегенлер ақыр табар бир имкан,
Алға талпындырсын мудамы - мақсет!
Ойлама, дүньяда себеплер мың-сан,
Өз устиңде исле, исле ҳәрекет.

Гөззал Жумамуратова

@ADEBIYAT_QR
344 views16:01
Адкрыць / каментаваць
2021-07-01 16:19:56
Күтпегенде ушрар алдыңнан бахтың,
Кеўлиме қуўаныш тумарын тақтың.
Сөнип қалған, ғамға толы қәлбимниң,
Өшкен шырақларын қайтадан жақтың.

Сени ойлап телефонды алғаным,
Қуўандырар мени ҳәтте жалғаның.
"Бахыт" деген не екенин сезиндим,
Қандай жақсы сени сүйип қалғаным.

Сени ойлап түн уйқыға кетиўим,
Қоңыраўың, "смс" иң күтиўим.
Йош бағышлар кеўилиме ҳәттеки,
Сағыныштың азапларын жутыўым.

Қызғаныштан лаўлап жанса көзлериң,
Кеўлиме йош берсин шийрин сөзлериң.
Ҳәр түнимде Тәңиримнен сорайман,
Сен бахыты болмағайсаң өзгениң.....

Автор Гулчеҳра Айтмуратова 26.07.2020

@ADEBIYAT_QR
371 views13:19
Адкрыць / каментаваць
2021-07-01 10:04:46 Канал силтемесин жақынларыңыз бенен бөлисиң. Бизиң мақсетимиз Қарақалпақ Әдебиятын халқымызға кеңнен ашып бериў. Жас шайыр(а) ларды ҳалқымызға танытыў.

Канал силтемеси:


https://t.me/adebiyat_Qr
299 viewsedited  07:04
Адкрыць / каментаваць
2021-07-01 10:04:26 КИМ ДЕЙСИЗ?!

Жағасына Аралдың,
Урған толқынға қарап.
Бир қыз келип отырды,
Шашын тарқатып тарап.

Толқын қайта урғанда,
Жағадағы жартасқа.
Жас жүрегин толқытып,
Ой түсирди бир басқа.

Кешки теңиз самалы,
Ойнар шашларын жулқып.
Арал болса лепирип,
Тыным таппай тур толқып.

Оннан сайын жүреги,
Алып ушып тынымсыз.
Толқын атқан теңизден,
Көз алмайды усы қыз.

Әлле кимниң жолында,
Көзи, ойы, үмити.
Кеште теңиз бойында,
Күт деди ме жигити?

Неде болса көп күтти,
Кимди күтти билмеймиз.
Қызды бунша күттирген,
Кеўлин тартқан ким дейсиз?!

Автор Байнияз Қайыпназаров

@Bayniyaz_Qayipnazarov
@ADEBIYAT_QR
292 views07:04
Адкрыць / каментаваць
2021-06-30 13:29:56 <>

Kúnde - kúnde muhabbat qayda?
Sóyleseyik, ómir haqqında
"Sen" hám "Men"iń arzıwlarımız
Hám "Bizler"diń maqset haqqında...
***
Kemissiz "jetinshi aspan"nan
Qol uslasıp túsip turayıq
Sálge  jıģılar mórt bolģannan
Sınawlarda pisip turayıq
Tuwrı kelmey qaraslarımız
Gáplerimiz qawıspasa da
Ármanlawdı toqtatpayıq hesh
Oģan pul dım awıspasa da
"Sulıwım", "Súyiklim"seń dep,
Aldap tursań, shashımnan sıypap.
"Sultanım", "Tórem" óziń dep
Men de solay turayın sıylap.

Kúnde -  kúnde muhabbat qayda?
Jetik ómir aspanda "Ay"da...

...biz bolayıq tek ashıq emes,
Bir - birine mángilik shayda!

Avtor Gózzal Jumamuratova 29.06.2021

@G_Xalmuratovna_1024
@ADEBIYAT_QR
361 views10:29
Адкрыць / каментаваць
2021-06-30 07:40:09 Ne isletpes mina òmir

Aitjanov Muxametdiyin

@AitjanovMuxammetdiyin
@ADEBIYAT_QR
332 views04:40
Адкрыць / каментаваць