Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 2

2022-08-08 07:57:18
Өз махсети ушын өтетин оттан,
Сизлердей адам жоқ жуýырып-жортқан,
Бес пән емес тап он пәннен болса да,
Несийбеңиз болса өтесиз, қорықпаң.

Автор Қыдырнияз Бабаниязов

Бәрше абитуриентлерге Алла Таала нәзери түсип жоқары оқыў орнына кириўине тилеклеспен. Ҳүрмет пенен
Шамуратов Азамат



К/Ж: Бәрше абитуриентлерге жиберемиз. Тестте әўмет!!!

t.me/adebiyat_Qr
977 views04:57
Адкрыць / каментаваць
2022-08-08 07:57:12
Абитуриентлер

Өз махсети ушын өтетин оттан,
Сизлердей адам жоқ жуýырып-жортқан,
Бес пән емес тап он пәннен болса да,
Несийбеңиз болса өтесиз, қорықпаң.

Дөгерекке танысы барлар толса,
Тәшýишленбең, ол тәсили өтпейди,
Халық айтар ийттиң ийеси болса,
Қасқырдың Қудайы болады дейди.

Исениң, арттырған билимиңизге,
Тек алға жылысың қайрылмаң изге,
Сондай батыл болып хәрекет ислең,
Хәтте бақлаушылар тән берсин сизге.

Үлкен жеңис пенен тикленип бойың,
Ел-журтқа берилсин шашыýың, тойың,
Бириң қалмай кирип кетиң оқыýға,
Көп тилеги қабыл, аýмийн деп қойың.

Автор Қыдырнияз Бабаниязов

Абитуриентлерге жиберемиз

t.me/adebiyat_Qr
996 views04:57
Адкрыць / каментаваць
2022-08-08 07:51:25
Сонша қыйыншылық көрдиң,
Алла берсин мийнетиңди.
Өйткени ол билип атыр,
Сениң ҳадал мийнетиңди.

Исенемен, мен усыған,
Алла өзи қарасады,
Студентлик деген бахыт,
Саған сондай жарасады.

Бәрше абитуриентлерге Алла Таала нәзери түсип жоқары оқыў орнына кириўине тилеклеспен. Ҳүрмет пенен
Шамуратов Азамат



t.me/adebiyat_Qr
860 views04:51
Адкрыць / каментаваць
2022-08-08 07:36:41 Бүгиннен Жоқары оқыў орынларына тест басланды. Бәрше Абитуриентлерге әўмет. Студент болыў бахыты ҳәр бириңизге несийп етсин!
880 views04:36
Адкрыць / каментаваць
2022-08-06 17:43:07
Неше мәрте жыртылды дәптер,
Қанша дақлы сыялар тамды?
Ойсызлықтан жазылған гәплер-
ақ қағаздың жүзлери жанды.

Ҳәриплерди түрли муқамда
шыжбайладың...рәтлендиң бираз.
Базда жыртып аласаң бетин,
Мыжмырланар бүкленген қағаз.

Пурсат жетер!... бетлер жаўылып,
жазылады қуўаныш, дәртлер.
Желимленген...жыртылған, тозған-
Кеўлим мениң бир гөне дәптер.

Автор Айгүл Қосымбетова

@Sheginisten
@ADEBIYAT_QR
1.0K views14:43
Адкрыць / каментаваць
2022-07-25 09:16:39 Өзиңнен шыққан жаў жаман,
Дадыңды кимге айтасаң?!
Жат адам жырыңды аңламас,
Қолдастан жәбирди тартасаң.
Мушыңа түпирип дәртлерди-
Билекке күшиңди жыйнайсаң!
Қыйнайсаң жаныңды жан шығып,
Қан болып, қаныңды қорғайсаң!
Тилиңнен тамбаса қанларың,
Қансырап жатпаса жанларың,
Путына қараса "ул"ларың,
Путына қараса "уллы"ларың,
Ер болып несине жасайсаң?
Ер едиң, ел едиң, халық болдың,
Қасықлап жыйнадың барыңды.
Кеўилшекликтен қары-ық болдың?-
Шөмишлеп төктиң бе арыңды?
Ўай-ўайлап азаңды айтасаң?
* * *
Ўай-ўайлаўдың ўақты келди,
Даўыс шығар: ўаааай-ўай...
Биреў өлсе "ҳешгәп" еди,
Мыңлар өлер: ўай-ўай.


Бай туқым деп сартқа берди.
Бахыт ушын қартқа берди,
Ҳәр жақтан бир тарта берди,
Жығылтпай тур, Ей қудай!

Қорқақ әўлад кимге керек?!
Мәртлериң бар, тарийх- дерек.
Суверенлик -белбеў демек,
Үзилежақ бел баў!

Саз даўысқа қос сесиңди,
ҳаўазыңнан әлем тиксинди,
Жеңисбеклериң қайда енди?
Ўай-ўайласын: ўа-а-й-ўа-а-й.

Автор Айгүль Қосымбетова


@sheginisten
@ADEBIYAT_QR
684 views06:16
Адкрыць / каментаваць
2022-07-23 20:50:38 Channel photo updated
17:50
Адкрыць / каментаваць
2022-07-23 20:33:08 Дүнья жүзи танып, тән алып баслады. Көрип қатты қуўандым. Алланың нәзеринде болғаймыз ҳәр дайым.



230 views17:33
Адкрыць / каментаваць
2022-07-23 16:57:57 Каналымыздағы Абитуриент Инилеримиз ҳәм Қарындасларымызға пайдалы топар ашылыпты. Сиз абитуриентсизбе? Ҳәм қалай онлайн документ тапсырыўды билмей атырсыз ба? Онда бул топар сиз ушын! Биз сиздиң орныңызға ҳүжжет тапсырып беремиз. Асығың абитуриентлер сизди…
386 views13:57
Адкрыць / каментаваць
2022-07-23 16:54:29 Каналымыздағы Абитуриент Инилеримиз ҳәм Қарындасларымызға пайдалы топар ашылыпты. Сиз абитуриентсизбе? Ҳәм қалай онлайн документ тапсырыўды билмей атырсыз ба? Онда бул топар сиз ушын! Биз сиздиң орныңызға ҳүжжет тапсырып беремиз. Асығың абитуриентлер сизди…
19 views13:54
Адкрыць / каментаваць