Get Mystery Box with random crypto!

Неше мәрте жыртылды дәптер, Қанша дақлы сыялар тамды? Ойсызлы | Қарақалпақ Әдебияты

Неше мәрте жыртылды дәптер,
Қанша дақлы сыялар тамды?
Ойсызлықтан жазылған гәплер-
ақ қағаздың жүзлери жанды.

Ҳәриплерди түрли муқамда
шыжбайладың...рәтлендиң бираз.
Базда жыртып аласаң бетин,
Мыжмырланар бүкленген қағаз.

Пурсат жетер!... бетлер жаўылып,
жазылады қуўаныш, дәртлер.
Желимленген...жыртылған, тозған-
Кеўлим мениң бир гөне дәптер.

Автор Айгүл Қосымбетова

@Sheginisten
@ADEBIYAT_QR