Get Mystery Box with random crypto!

Өзиңнен шыққан жаў жаман, Дадыңды кимге айтасаң?! Жат адам жыр | Қарақалпақ Әдебияты

Өзиңнен шыққан жаў жаман,
Дадыңды кимге айтасаң?!
Жат адам жырыңды аңламас,
Қолдастан жәбирди тартасаң.
Мушыңа түпирип дәртлерди-
Билекке күшиңди жыйнайсаң!
Қыйнайсаң жаныңды жан шығып,
Қан болып, қаныңды қорғайсаң!
Тилиңнен тамбаса қанларың,
Қансырап жатпаса жанларың,
Путына қараса "ул"ларың,
Путына қараса "уллы"ларың,
Ер болып несине жасайсаң?
Ер едиң, ел едиң, халық болдың,
Қасықлап жыйнадың барыңды.
Кеўилшекликтен қары-ық болдың?-
Шөмишлеп төктиң бе арыңды?
Ўай-ўайлап азаңды айтасаң?
* * *
Ўай-ўайлаўдың ўақты келди,
Даўыс шығар: ўаааай-ўай...
Биреў өлсе "ҳешгәп" еди,
Мыңлар өлер: ўай-ўай.


Бай туқым деп сартқа берди.
Бахыт ушын қартқа берди,
Ҳәр жақтан бир тарта берди,
Жығылтпай тур, Ей қудай!

Қорқақ әўлад кимге керек?!
Мәртлериң бар, тарийх- дерек.
Суверенлик -белбеў демек,
Үзилежақ бел баў!

Саз даўысқа қос сесиңди,
ҳаўазыңнан әлем тиксинди,
Жеңисбеклериң қайда енди?
Ўай-ўайласын: ўа-а-й-ўа-а-й.

Автор Айгүль Қосымбетова


@sheginisten
@ADEBIYAT_QR