Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 3

2022-07-23 16:54:21 Каналымыздағы Абитуриент Инилеримиз ҳәм Қарындасларымызға пайдалы топар ашылыпты.

Сиз абитуриентсизбе? Ҳәм қалай онлайн документ тапсырыўды билмей атырсыз ба? Онда бул топар сиз ушын! Биз сиздиң орныңызға ҳүжжет тапсырып беремиз. Асығың абитуриентлер сизди ЖОО кутпекте

t.me/Hujjet_Tapsiriw
20 views13:54
Адкрыць / каментаваць
2022-07-22 13:42:36
"Қалпақ пенен сырласыў"

Нешше азапларды көрип жаўлардан
Шыбын жаның ушын астың таўлардан
Әдалатсыз заманларға көз жумып
Бөрик шешпей кешип өттиң сайлардан

Байлар қысып ис ҳақысын бермейди
Сорлы маңлай қуры босқа терлейди
Сөзи дузсыз сықмар байлар қаншама
Ҳадал мийнет ислегенин көрмейди

Қара мийнет пенен зулымлық көрдиң
Бәрҳа қалпағыңа бек болып жүрдиң
Сабыр сақлап сонша доҳмет жаладан
Ҳақыйқат көзине тик бағып турдың

Жалаң аяқ өттиң қызыл шөллерден
Суўсызлықтан димәр кетти беллерден
Әжел қоңыраўы хабарсыз келип
Зар жылатып қанлар ақты көзлерден

Ашлықтан бийшара диңкеси қурып
Қарабарақ шөпти аўқат деп билип
Жақынлары өлип күнде езилип
Айралық дәртине шөккен қалпағым

Автор Дамир Қайпбергенов
06.07.2022

https://t.me/ardamir13_blog

@ADEBIYAT_QR
366 views10:42
Адкрыць / каментаваць
2022-07-20 13:55:25 Қәҳәри бар Қалпақтың,
Ғарғысы өртеп күйдирер,
Қаралығы кийели-
Қара сөз бенен ийдирер.
 
Тасқа ойып тарийхты,
Тасты жарған сөзи бар.
Шаббазына тиймеңиз,
Кеўил деген көзи бар.
 
Бозлағанда Айпарша,
Ержигитти майырды.
Бозлағанда Бозатаў-
Елден бизди айырды.
 
Қабырғасы сөтилип,
Қәддин сирә бүкпеген,
Қарақалпақ өзлигин-
Шежиреге жиклеген.
 
Кеше, бүгин я ертең,
Жоқ болар деп ойламаң.
Қара қазан астында,
Өнип-өскен Ер бабам.
 
Түйиншикке түйилип,
Муҳыятланған даналық.
Сөз сөйлесе шешенлер,
Ханлар қалған оралып.
 
Қылышын қыннан айырмай,
Мат қылады сөз бенен.
Қабағынан абайлаң,
Жоқ қылады көз бенен.
 
Үш таяққа илинип,
Аман қалған бул урпақ.
Қан шықса да жан шықпай,
Қырқ тилинген бул қалпақ.
 
Әўладына өтмишин,
Дәстан етип қалдырған.
Жети бабасын пир етип,
Өлеринде жетеў болған.
 
Өз тилинде Қуранды,
Кәлиймаға келтирген.
Қарақалпақ өз жерин-
Кабатуллаҳ деп билген.
 
Ўатан, ана ҳәм де тил-
Қарақалпаққа ар-намыс.
Қарақалпақ ўатан бул,
Қарақалпақ анамыз.
 
Қарақалпақ ана тил,
Қарақалпақ панамыз.
Қарақалпақ-ағайин,
Руўлас, туўыс, ағамыз.
 
Қарақалпақ қардай ақ,
Жөгиленип билмейди,
Қара суўды ишсе де,
Қарайып дым өлмейди.
 
Туўыла сала дузланып,
Қақланған қарақалпақпыз.
Ҳақыйқаттай бүгилип,
Сақланған қарақалпақ-биз.
 
Автор Айгүл Қосымбетова

@sheginisten
@ADEBIYAT_QR
488 views10:55
Адкрыць / каментаваць
2022-07-03 16:11:33 БИР КҮН

Түк пенен түйени қылсаң да ҳәзим,
Жаўан қоршаўында қурсаң да бәзим,
Ақыйры тәғдирге етип сен тәзим,
Жақсы түс көргендей боласаң бир күн.

Ҳамал бар пүткил халық сени ҳүрметлер,
Көрсетеди үлкен, жасы иззетлер,
Тайған соң дәўлетиң, айтып нелетлер,
Төрт дийўал ишинде қаласаң бир күн.

Болсаң да сен қатарыңның бөриси,
Гил майданың ишиндеги ириси,
Айланғанда бул гәрдиштиң териси,
Керексиз мүлк болып қаласаң бир күн.

Жайың зәўлим, бул не деген салтанат,
Тоймай көзиң, етпесең ҳеш қәнәәт,
Сүрниксең, саналып айып атпа- ат,
Пейлиңе пушайман боласаң бир күн.

Әй мейли шах бол сен, әй мейли гәда,
Ел сыйлар халқыңа тек болсаң пидә,
Ялғаншы ислери болғанда әда,
Ийелик етесең қәбирге бир күн.

Ҳалласлап өзиңе келтирме жәбир,
Бәри бир ең соңғы мәнзилиң қәбир.

Автор Абдиқадир Қайыпов

@Abdiqadir_Qaypov
@ADEBIYAT_QR
159 views13:11
Адкрыць / каментаваць
2022-07-03 16:10:00
Ески досқа

Ески достым! сәл есеңкиреп турман,
Аспан бизлерғой жас силпилеп турған.
Аманбысаң? Бармысаң? Хабарын бер!
Еситкенге, исениңкиреп турман.

Өлмейсең!
Сени өлтиргени жалған!
Оятар!
Оянар! баяғы әрман.
Азалы, Ызалы тойың мүбәрек!
Халқым-аў, батырдан жетим қалған.

Бабам-аў,
Ағам-аў,
қашанға шекем?!
Жоқлаў қосықлары таўсылармекен?!
Қарақалпақты сүйген менен Ана жер,
Қара жер удайы жан сорар екен.


Ески дос, ескирди деп жаңалаймыз,
Айыплап хақыйхатты қаралаймыз.
Екеўмизге кереги "инсан мәпи"
Есесине, бир халықты жаралаймыз.



С.Сырғабаева

@Ssirgabaeva

#dawletmurattajimuratov
#lalaqallixanova
#bazarbayjoldasbaev

#Аллаярболсын

@ADEBIYAT_QR
162 views13:10
Адкрыць / каментаваць
2022-07-01 10:58:36
ҚАРАҚАЛПАҚПАН

Қулшынған ўатаны сазы-сәўбеттиң,
Ашылар қушағы келер дәўлеттиң,
Дузына тапсырған қараўимбеттиң,
Исеними таўдай қарақалпақпан!

Бүрдей пәмге питип қалған қызы бар,
Арыслан айбат жигит гезер дүзи бар
Ледоколлар жүрексинбес музы бар,
Жарамсаққа жаўдай қарақалпақпан!

Кеўли мисли- кенгурудың қалтасы,
Ишинде бар Тундрасы, Ялтасы,
Сүйенери тек өзиниң арқасы,
Жиппикликке баўдай қарақалпақпан!

Аўылдың жолындай гедир-будырым
Журтқа анықлама бериўши сырым,
Өз отырар орнын, билер өз жолын,
Илгирликке аўдай қарақалпақпан!

Қазақ, Орыс, Өзбек сынынан өткен,
Едил-Жайық,Түркистанда-әм күнелткен,
Ўақтында Қырымды-әм мәканы еткен,
Ушып жүрген ғайдай қарақалпақпан!

Дуўпыязлық етип даўға урынбас,
Мийримге мийримли, қасқа жаны тас,
Ай менен қуяшқа гүлдей сыры паш,
Қолға келген даўдай қарақалпақпан!

Келип турған гәпти қайтармас кейин,
Бердақша бадрақ,Әжинияз зейин,
Ойнасаң табарлық ойынға-ойын,
Қуда ҳақы-пайдай қарақалпақпан?!

Автор ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ

@qaraqalpaq_bayterekleri
@ADEBIYAT_QR
481 views07:58
Адкрыць / каментаваць
2022-07-01 07:02:00
#ЕРКИН_ҚАРАҚАЛПАҚСТАН

Келер күниң усы екен, тас түнек,
Бир пүл болды жол жүргениң тас тийеп.
Елдиң басы ийилмейди ҳешқашан,
Ел басында турғанларың бас ийет(р).

Ким болады бул халыққа бас тулға,
Басшыларда ар-намыс жоқ ҳаслында.
Ел-журтының жүрседағы үстинде,
Өзгелердиң аяғының астында.

Мәртлик не? Нәмәрт оны уғармеди,
Бул елден және батыр шығармеди.
Ерназардай бир батырың болғанында,
Усындай қорлықларға шыдармеди!?

Бүгин байрам, дейди журт шарлап атыр,
Ким Сениң бар-жоғыңды барлап атыр.
Мут болса, темирди де шайнайтынлар,
Қаратаўдың тасларын жалмап атыр.

Кодекс де, статья де -- атай бериң,
Атамасын өзгерт және қәте жерин.
Шыжбайланып қалған болса бас нызамың,
Қунсыз болып баратырған екен дедим.

Бизлер едик Тоныкөктиң урпақлары,
Тасқа жазып әмел еткен нызамлары,
"Шыжбайланған" қағазларың кимге керек,
Он жылдан соң өзгереди, тозар тағы.


Қәрекеңниң Мәртлик деген нызамы бар -
Ол нызамды қағаз емес тасқа жазар!

Автор Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ

https://t.me/Joldasbaev_Bazarbay

@ADEBIYAT_QR
564 views04:02
Адкрыць / каментаваць
2022-06-30 12:32:20 Мақсет Өтемуратов-
ҚАРАҚАЛПАҒЫМ


@ADEBIYAT_QR
536 views09:32
Адкрыць / каментаваць
2022-06-30 12:32:10 Ҳәзирги күнде төмендеги қосықлар бизлерди ҳәр қашанғыдан да көбирек толқынландырады. Жеке өзим көшеде даўысын бәлент етип шығарып қосылып айтып жүриппен. Ҳәр бир ҚАРАҚАЛПАҚ перзентиниң телефонында болыўы керек болған қосықларды тасламақшыман. Сизлер де еситиўиңизди усыныс етемен.

@ADEBIYAT_QR
489 viewsedited  09:32
Адкрыць / каментаваць
2022-06-30 09:47:42 Әзийз, Ўатанласлар!

Қарақалпақ халқының сақланып қалыўы ушын ҳәм келешек әўладымыздың ғарғысын алмаўымыз ушын, биз бүгин төмендегин ислеўимиз шәрт:

1. https://id.egov.uz сайтына кирип регистрациядан өтиң (егер алдын өткен болсаңыз, сайтқа логин/паролиңиз бенен кириң)

2. https://meningkonstitutsiyam.uz сайтына кириң

3. Төменге түсип, Изоҳ қолдириш (қарақалпақ тилинде: Túsindirme qosıw, рус тилинде: Добавить комментарий) деген бөлимниң астына мына төмендеги комментарийди копиялап қойың (копировать - вставить):

Я против изменения статей 70, 71, 72, 73, 74 и 75, прописанных в главе ХVII Конституции Республики Узбекистан. Каракалпакстан - Суверенная Республика.

4. Юбориш (қарақалпақ тилинде: Jiberiw, рус тилинде: Отправить) кнопкасын басың

5. Пайда болған Авторизация деген айнада OneID деген кнопканы басың

6. Жоқарыдағы 5-қәдемди ислегеннен кейин, 2-қәдемге автомат түрде қайтасыз, соннан кейин 3 ҳәм 4-қәдемлерди қайтадан қайталаўыңыз керек болады, болмаса пикириңиз жиберилмейди.

Жоқарыдағы сайт арқалы пикириңизди жибере алмасаңыз, мына қысқа номерге қоңыраў етип: 1341 ямаса мына адреске почта арқалы жиберсеңиз болады: Ташкент, 100035, просп. Бунёдкор, 1.

Даўыс бериў жуўмақланыўына 4 күн 12 саат ўақыт қалды!

Бул постты қарақалпақ халкының келешегине бийпарық болмаған ҳәмме таныс-билислериңизге тарқатың!

ПРОВОКАЦИЯҒА БЕРИЛМЕҢ!

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
431 views06:47
Адкрыць / каментаваць