Get Mystery Box with random crypto!

Қәҳәри бар Қалпақтың, Ғарғысы өртеп күйдирер, Қаралығы кийели- | Қарақалпақ Әдебияты

Қәҳәри бар Қалпақтың,
Ғарғысы өртеп күйдирер,
Қаралығы кийели-
Қара сөз бенен ийдирер.
 
Тасқа ойып тарийхты,
Тасты жарған сөзи бар.
Шаббазына тиймеңиз,
Кеўил деген көзи бар.
 
Бозлағанда Айпарша,
Ержигитти майырды.
Бозлағанда Бозатаў-
Елден бизди айырды.
 
Қабырғасы сөтилип,
Қәддин сирә бүкпеген,
Қарақалпақ өзлигин-
Шежиреге жиклеген.
 
Кеше, бүгин я ертең,
Жоқ болар деп ойламаң.
Қара қазан астында,
Өнип-өскен Ер бабам.
 
Түйиншикке түйилип,
Муҳыятланған даналық.
Сөз сөйлесе шешенлер,
Ханлар қалған оралып.
 
Қылышын қыннан айырмай,
Мат қылады сөз бенен.
Қабағынан абайлаң,
Жоқ қылады көз бенен.
 
Үш таяққа илинип,
Аман қалған бул урпақ.
Қан шықса да жан шықпай,
Қырқ тилинген бул қалпақ.
 
Әўладына өтмишин,
Дәстан етип қалдырған.
Жети бабасын пир етип,
Өлеринде жетеў болған.
 
Өз тилинде Қуранды,
Кәлиймаға келтирген.
Қарақалпақ өз жерин-
Кабатуллаҳ деп билген.
 
Ўатан, ана ҳәм де тил-
Қарақалпаққа ар-намыс.
Қарақалпақ ўатан бул,
Қарақалпақ анамыз.
 
Қарақалпақ ана тил,
Қарақалпақ панамыз.
Қарақалпақ-ағайин,
Руўлас, туўыс, ағамыз.
 
Қарақалпақ қардай ақ,
Жөгиленип билмейди,
Қара суўды ишсе де,
Қарайып дым өлмейди.
 
Туўыла сала дузланып,
Қақланған қарақалпақпыз.
Ҳақыйқаттай бүгилип,
Сақланған қарақалпақ-биз.
 
Автор Айгүл Қосымбетова

@sheginisten
@ADEBIYAT_QR