Get Mystery Box with random crypto!

БИР КҮН Түк пенен түйени қылсаң да ҳәзим, Жаўан қоршаўында қу | Қарақалпақ Әдебияты

БИР КҮН

Түк пенен түйени қылсаң да ҳәзим,
Жаўан қоршаўында қурсаң да бәзим,
Ақыйры тәғдирге етип сен тәзим,
Жақсы түс көргендей боласаң бир күн.

Ҳамал бар пүткил халық сени ҳүрметлер,
Көрсетеди үлкен, жасы иззетлер,
Тайған соң дәўлетиң, айтып нелетлер,
Төрт дийўал ишинде қаласаң бир күн.

Болсаң да сен қатарыңның бөриси,
Гил майданың ишиндеги ириси,
Айланғанда бул гәрдиштиң териси,
Керексиз мүлк болып қаласаң бир күн.

Жайың зәўлим, бул не деген салтанат,
Тоймай көзиң, етпесең ҳеш қәнәәт,
Сүрниксең, саналып айып атпа- ат,
Пейлиңе пушайман боласаң бир күн.

Әй мейли шах бол сен, әй мейли гәда,
Ел сыйлар халқыңа тек болсаң пидә,
Ялғаншы ислери болғанда әда,
Ийелик етесең қәбирге бир күн.

Ҳалласлап өзиңе келтирме жәбир,
Бәри бир ең соңғы мәнзилиң қәбир.

Автор Абдиқадир Қайыпов

@Abdiqadir_Qaypov
@ADEBIYAT_QR