Get Mystery Box with random crypto!

Ески досқа Ески достым! сәл есеңкиреп турман, Аспан бизлерғой | Қарақалпақ Әдебияты

Ески досқа

Ески достым! сәл есеңкиреп турман,
Аспан бизлерғой жас силпилеп турған.
Аманбысаң? Бармысаң? Хабарын бер!
Еситкенге, исениңкиреп турман.

Өлмейсең!
Сени өлтиргени жалған!
Оятар!
Оянар! баяғы әрман.
Азалы, Ызалы тойың мүбәрек!
Халқым-аў, батырдан жетим қалған.

Бабам-аў,
Ағам-аў,
қашанға шекем?!
Жоқлаў қосықлары таўсылармекен?!
Қарақалпақты сүйген менен Ана жер,
Қара жер удайы жан сорар екен.


Ески дос, ескирди деп жаңалаймыз,
Айыплап хақыйхатты қаралаймыз.
Екеўмизге кереги "инсан мәпи"
Есесине, бир халықты жаралаймыз.



С.Сырғабаева

@Ssirgabaeva

#dawletmurattajimuratov
#lalaqallixanova
#bazarbayjoldasbaev

#Аллаярболсын

@ADEBIYAT_QR