Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАҚАЛПАҚПАН Қулшынған ўатаны сазы-сәўбеттиң, Ашылар қушағы | Қарақалпақ Әдебияты

ҚАРАҚАЛПАҚПАН

Қулшынған ўатаны сазы-сәўбеттиң,
Ашылар қушағы келер дәўлеттиң,
Дузына тапсырған қараўимбеттиң,
Исеними таўдай қарақалпақпан!

Бүрдей пәмге питип қалған қызы бар,
Арыслан айбат жигит гезер дүзи бар
Ледоколлар жүрексинбес музы бар,
Жарамсаққа жаўдай қарақалпақпан!

Кеўли мисли- кенгурудың қалтасы,
Ишинде бар Тундрасы, Ялтасы,
Сүйенери тек өзиниң арқасы,
Жиппикликке баўдай қарақалпақпан!

Аўылдың жолындай гедир-будырым
Журтқа анықлама бериўши сырым,
Өз отырар орнын, билер өз жолын,
Илгирликке аўдай қарақалпақпан!

Қазақ, Орыс, Өзбек сынынан өткен,
Едил-Жайық,Түркистанда-әм күнелткен,
Ўақтында Қырымды-әм мәканы еткен,
Ушып жүрген ғайдай қарақалпақпан!

Дуўпыязлық етип даўға урынбас,
Мийримге мийримли, қасқа жаны тас,
Ай менен қуяшқа гүлдей сыры паш,
Қолға келген даўдай қарақалпақпан!

Келип турған гәпти қайтармас кейин,
Бердақша бадрақ,Әжинияз зейин,
Ойнасаң табарлық ойынға-ойын,
Қуда ҳақы-пайдай қарақалпақпан?!

Автор ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ

@qaraqalpaq_bayterekleri
@ADEBIYAT_QR