Get Mystery Box with random crypto!

#ЕРКИН_ҚАРАҚАЛПАҚСТАН Келер күниң усы екен, тас түнек, Бир пү | Қарақалпақ Әдебияты

#ЕРКИН_ҚАРАҚАЛПАҚСТАН

Келер күниң усы екен, тас түнек,
Бир пүл болды жол жүргениң тас тийеп.
Елдиң басы ийилмейди ҳешқашан,
Ел басында турғанларың бас ийет(р).

Ким болады бул халыққа бас тулға,
Басшыларда ар-намыс жоқ ҳаслында.
Ел-журтының жүрседағы үстинде,
Өзгелердиң аяғының астында.

Мәртлик не? Нәмәрт оны уғармеди,
Бул елден және батыр шығармеди.
Ерназардай бир батырың болғанында,
Усындай қорлықларға шыдармеди!?

Бүгин байрам, дейди журт шарлап атыр,
Ким Сениң бар-жоғыңды барлап атыр.
Мут болса, темирди де шайнайтынлар,
Қаратаўдың тасларын жалмап атыр.

Кодекс де, статья де -- атай бериң,
Атамасын өзгерт және қәте жерин.
Шыжбайланып қалған болса бас нызамың,
Қунсыз болып баратырған екен дедим.

Бизлер едик Тоныкөктиң урпақлары,
Тасқа жазып әмел еткен нызамлары,
"Шыжбайланған" қағазларың кимге керек,
Он жылдан соң өзгереди, тозар тағы.


Қәрекеңниң Мәртлик деген нызамы бар -
Ол нызамды қағаз емес тасқа жазар!

Автор Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ

https://t.me/Joldasbaev_Bazarbay

@ADEBIYAT_QR