Get Mystery Box with random crypto!

'Қалпақ пенен сырласыў' Нешше азапларды көрип жаўлардан Шыбын | Қарақалпақ Әдебияты

"Қалпақ пенен сырласыў"

Нешше азапларды көрип жаўлардан
Шыбын жаның ушын астың таўлардан
Әдалатсыз заманларға көз жумып
Бөрик шешпей кешип өттиң сайлардан

Байлар қысып ис ҳақысын бермейди
Сорлы маңлай қуры босқа терлейди
Сөзи дузсыз сықмар байлар қаншама
Ҳадал мийнет ислегенин көрмейди

Қара мийнет пенен зулымлық көрдиң
Бәрҳа қалпағыңа бек болып жүрдиң
Сабыр сақлап сонша доҳмет жаладан
Ҳақыйқат көзине тик бағып турдың

Жалаң аяқ өттиң қызыл шөллерден
Суўсызлықтан димәр кетти беллерден
Әжел қоңыраўы хабарсыз келип
Зар жылатып қанлар ақты көзлерден

Ашлықтан бийшара диңкеси қурып
Қарабарақ шөпти аўқат деп билип
Жақынлары өлип күнде езилип
Айралық дәртине шөккен қалпағым

Автор Дамир Қайпбергенов
06.07.2022

https://t.me/ardamir13_blog

@ADEBIYAT_QR