Get Mystery Box with random crypto!

Абитуриентлер Өз махсети ушын өтетин оттан, Сизлердей адам жо | Қарақалпақ Әдебияты

Абитуриентлер

Өз махсети ушын өтетин оттан,
Сизлердей адам жоқ жуýырып-жортқан,
Бес пән емес тап он пәннен болса да,
Несийбеңиз болса өтесиз, қорықпаң.

Дөгерекке танысы барлар толса,
Тәшýишленбең, ол тәсили өтпейди,
Халық айтар ийттиң ийеси болса,
Қасқырдың Қудайы болады дейди.

Исениң, арттырған билимиңизге,
Тек алға жылысың қайрылмаң изге,
Сондай батыл болып хәрекет ислең,
Хәтте бақлаушылар тән берсин сизге.

Үлкен жеңис пенен тикленип бойың,
Ел-журтқа берилсин шашыýың, тойың,
Бириң қалмай кирип кетиң оқыýға,
Көп тилеги қабыл, аýмийн деп қойың.

Автор Қыдырнияз Бабаниязов

Абитуриентлерге жиберемиз

t.me/adebiyat_Qr