Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 7

2022-05-26 19:08:10
Ҳәзирги ўақытта қарақалпақ тилиндеги әдебий информацияларды көбирек қайсы каналлардан аласыз?
Anonymous Poll
12%
Қарақалпақ байтереклери (Светлана Жәлменова)
4%
Әдебий блоGнот (Абадан Турдымуратова)
4%
Лабиринт (Гүлнара Дәниярова)
35%
Мерўерт (Аллаяр Дарменов)
8%
Қарақалпақ шайырлары (Азамат Нуратдинов)
15%
Қарақалпақ әдебияты (Муҳаррама Оразбаева)
15%
Қарақалпақ әдебияты (Азамат Шамуратов)
8%
Басқа каналлардан (атларын жазып кетсеңиз)
78 voters86 views16:08
Адкрыць / каментаваць
2022-05-26 13:37:13
***
ҚМУ. Мат.фак. Бизде имтиҳан ўақты.
Студентке толған аудиторияда,
"Имтихан алыўшы ким" деген гезде
Кулимлеп сен кирдиң аудиторияға.

"Қәне, тайынсаңба?" Келди гезегим,
5 сораўға жуўап бериўим керек.
"Ал қәне баслайбер" демек сезерим,
Бугин "жаман устаз" болыўың керек.

Ойлар арзыўларға кетсе жалғасып,
Бир дем көзлериме телмирип қалсаң,
Билет номеримнен кеттим алжасып,
Сөзиңнен адасып кеттиң сен болса..

Соңра тутып алдың өзиңди тезден,
"Кейинги сораўға өт" деп "иркилмей".
Билдирмей ойларым шыққанын изден,
Басынан басладым не дерим билмей..

ҚМУ. Мат.фак. Бизде имтиҳан ўақты.
Абел, Лебег бәрин сорап атырсаң.
Аспанды толтырып қуяштай жақты,
Кеўлимде қосықлар жазып атырман

Столда есаплар жазылған қағаз.
Басқасын ойлаўға болмас тереңнен..
Сен бунда имтихан алыўшы устаз,
Ортамызда турар суўық билетлер...

ҚМУ. Мат.фак. Бизде имтиҳан ўақты..

Автор Сарбиназ Айтмуратова

@sen_haqqinda
@ADEBIYAT_QR
293 views10:37
Адкрыць / каментаваць
2022-05-25 16:20:09
Класымның жəн-жағына қарайман,
Еле қанша сабақларға жарайсаң,
Мектебим мен ушын уллы сарайсаң,
Қағылмай туршы сен, соңғы қоңырау.

Мехрибан Қартбаева

@ADEBIYAT_QR
143 views13:20
Адкрыць / каментаваць
2022-05-25 16:19:47 СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ

Мине, бүгин питиремиз мектепти,
Көз қыймай тур енди узап кетпекти,
Мектеп пенен ўақыт босқа өтпепти,
Даўысыңды сағынамыз, соңғы қоңыраў.

Кеўиллер қулпырар күн өткен сайын,
Көз алдымда сүўрет-
гүмис шырайың,
Билимиңде бар деп "мениң де пайым",
Мардыйып турғандай болдың, қоңыраў.

Класымның жəн-жағына қарайман,
Еле қанша сабақларға жарайсаң,
Мектебим мен ушын уллы сарайсаң,
Қағылмай туршы сен, соңғы қоңыраў.

Жүргим келмей адым басып бараман,
Бүгин сен хаққында ойға таламан,
Кетер болсам билим излеп қаладан,
Қулағымда сестиң қалар, қоңыраў.

Келгенимде бир кишкене қыз едим,
Сеннен сетем алып, қəддим дүзедим,
Еске алып хəр сабақтың гезегин,
Жыңғыр-жыңғыр тербелесең, қоңыраў,
Қағылмай туршы сен, соңғы қоңыраў...

Автор МЕХРИБАН ҚАРТБАЕВА 2016-жыл, май

@ADEBIYAT_QR
134 views13:19
Адкрыць / каментаваць
2022-05-25 10:50:05 Мақсет Өтемуратов - Рахмет Устазлар

@ADEBIYAT_QR
313 views07:50
Адкрыць / каментаваць
2022-05-25 09:43:54 Сағындығызба?

@ADEBIYAT_QR
352 views06:43
Адкрыць / каментаваць
2022-05-25 07:35:11 СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ.

Есиңдеме, соңғы қоңыраў шалынғаны
есиңдеме, хатлар жууапсыз қалынғаны.
Есиңдеме, жүзлериңде күлки жайнап
үлкен өмир ушын дәрбент салынғаны.

Есиңдеме, класстағы көплеп қызық
есиңдеме, партадағы орта сызық.
Есиңдеме, "шегарадан" китапларың
өтип кетсе шашларыңнан тарттық қызып.

Есиңдеме, балалық шақ шаўқымласқан
есиңдеме, пәк кеўиллер маўқын басқан.
Есиңдеме, үш ай каникулда жазғы
ўақыт кетер еди әбден тауўсылмастан.

Есиңдеме, питкериўге асыққаның
есиңдеме, тойған екен жаслықға ким?
Есиңдеме, устазымыз айтқан сөзи:
-Эх балалар, үлкейиуге асықпа дым.

Есиңдеме, плюс қойып жазған атың
есиңдеме, қалып кеткен қанша хатың.
Есиңдеме, ҳеш нәрсени түсинбестен
сүйип қалған ең алғашқы мухаббатың.

Есиңдеме, муғәллимлер сабақ өткен
есиңдеме, классласың көшип кеткен.
Есиңдеме, әрман қуўып кеткен дослар
кими жетпей, ал кимлери екен жеткен.

Автор Жанполат Кәрим 25.05.2021.

@voyn13
@ADEBIYAT_QR
479 viewsedited  04:35
Адкрыць / каментаваць
2022-05-25 06:28:18
Соңғы қоңыраў

Жас жүреклер сүйип тыңлар бәрҳама,
Дүньяда теңи жоқ әдиўли нама,
Ҳаўазың жанымда жаңлап бийбаҳа,
Ағла тилек айттың, соңғы қоңыраў!

Сан мың кеўил артар саған салмағын,
Мүмкин бе бәрин көтере алмағың,
Ҳадал хызмет етип ҳарып-талмадың,
Қағылдың арзыў болып, соңғы қоңыраў!

Устаз бенен бирге ҳақ жол тиледиң,
Жетилген жаслардың тутып билегин,
Алдын бизди шарлап қағылар едиң,
Енди гүзетип салдың соңғы қоңыраў!

Ул-қызлардың пәк нийетин тыңладың,
Хошласыўдың қыйынлығын аңладың,
Кеўиллерде өмир бойы жаңладың,
Әжайып симфония соңғы қоңыраў!

Сен арқалы мектеп қәдирин сездим,
Көзден бир-бир ушты балалық гезим,
Өшпес жүрегимде қалдырған изиң,
Есейттың бир демде, соңғы қоңыраў!

Сен қағылсаң, таң гүлиндей жайнаған
Көплер туңғыш муҳаббатын қыймаған,
Қәдирдан соқпақларға қарап тоймаған,
Толғандың биз бенен, соңғы қоңыраў!

Көрсетип жасларға ығбал мәнзилин,
Тыянақлы етип үйреттиң билим,
Бердим ҳүрметиңе кеўлимниң гүлин,
Шадлығыма шерик соңғы қоңыраў!

Автор Бахытлы Сарыбаев

@ADEBIYAT_QR
403 views03:28
Адкрыць / каментаваць
2022-05-25 06:10:59
Қарақалпақ эстрада жулдызлары атқарыўында "Классласларым" қосығы.

Барлық питкериўшилерди бүгинги қуўанышлы кун менен бәрше каналымыз ағзалары ҳәм администрация атынан шын жүректен қутлықлап қаламыз.

@ADEBIYAT_QR
575 viewsedited  03:10
Адкрыць / каментаваць
2022-05-25 06:10:29 Ассалаўма Әлейкум ҳүрметли каналымыз ағзалары. Бүгин соңғы қоңыраў куни де жетип келди. Ўақыттың соншелли тез өтиўи мектепти питкергениме ҳә демей 7 жыл болыпты. Бүгинги кун бәрше питкериўшилерге ядта қаларлықтай кун болыўын тилеп қаламан. Байрамыңыз қутлы болсын қарлығашлар. Мәмлекетке пайдасы тийетуғын кадр болып жетилисе бергейсиз!!!

Ҳүрмет пенен канал админстраторы Шамуратов Азамат.

Сиз де питкериўилерге арналған тилеклериңизди комментарий ди басып билдирип кетсеңиз болады.
338 views03:10
Адкрыць / каментаваць