Get Mystery Box with random crypto!

Соңғы қоңыраў Жас жүреклер сүйип тыңлар бәрҳама, Дүньяда теңи | Қарақалпақ Әдебияты

Соңғы қоңыраў

Жас жүреклер сүйип тыңлар бәрҳама,
Дүньяда теңи жоқ әдиўли нама,
Ҳаўазың жанымда жаңлап бийбаҳа,
Ағла тилек айттың, соңғы қоңыраў!

Сан мың кеўил артар саған салмағын,
Мүмкин бе бәрин көтере алмағың,
Ҳадал хызмет етип ҳарып-талмадың,
Қағылдың арзыў болып, соңғы қоңыраў!

Устаз бенен бирге ҳақ жол тиледиң,
Жетилген жаслардың тутып билегин,
Алдын бизди шарлап қағылар едиң,
Енди гүзетип салдың соңғы қоңыраў!

Ул-қызлардың пәк нийетин тыңладың,
Хошласыўдың қыйынлығын аңладың,
Кеўиллерде өмир бойы жаңладың,
Әжайып симфония соңғы қоңыраў!

Сен арқалы мектеп қәдирин сездим,
Көзден бир-бир ушты балалық гезим,
Өшпес жүрегимде қалдырған изиң,
Есейттың бир демде, соңғы қоңыраў!

Сен қағылсаң, таң гүлиндей жайнаған
Көплер туңғыш муҳаббатын қыймаған,
Қәдирдан соқпақларға қарап тоймаған,
Толғандың биз бенен, соңғы қоңыраў!

Көрсетип жасларға ығбал мәнзилин,
Тыянақлы етип үйреттиң билим,
Бердим ҳүрметиңе кеўлимниң гүлин,
Шадлығыма шерик соңғы қоңыраў!

Автор Бахытлы Сарыбаев

@ADEBIYAT_QR