Get Mystery Box with random crypto!

СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ. Есиңдеме, соңғы қоңыраў шалынғаны есиңдеме, ха | Қарақалпақ Әдебияты

СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ.

Есиңдеме, соңғы қоңыраў шалынғаны
есиңдеме, хатлар жууапсыз қалынғаны.
Есиңдеме, жүзлериңде күлки жайнап
үлкен өмир ушын дәрбент салынғаны.

Есиңдеме, класстағы көплеп қызық
есиңдеме, партадағы орта сызық.
Есиңдеме, "шегарадан" китапларың
өтип кетсе шашларыңнан тарттық қызып.

Есиңдеме, балалық шақ шаўқымласқан
есиңдеме, пәк кеўиллер маўқын басқан.
Есиңдеме, үш ай каникулда жазғы
ўақыт кетер еди әбден тауўсылмастан.

Есиңдеме, питкериўге асыққаның
есиңдеме, тойған екен жаслықға ким?
Есиңдеме, устазымыз айтқан сөзи:
-Эх балалар, үлкейиуге асықпа дым.

Есиңдеме, плюс қойып жазған атың
есиңдеме, қалып кеткен қанша хатың.
Есиңдеме, ҳеш нәрсени түсинбестен
сүйип қалған ең алғашқы мухаббатың.

Есиңдеме, муғәллимлер сабақ өткен
есиңдеме, классласың көшип кеткен.
Есиңдеме, әрман қуўып кеткен дослар
кими жетпей, ал кимлери екен жеткен.

Автор Жанполат Кәрим 25.05.2021.

@voyn13
@ADEBIYAT_QR