Get Mystery Box with random crypto!

*** ҚМУ. Мат.фак. Бизде имтиҳан ўақты. Студентке толған аудито | Қарақалпақ Әдебияты

***
ҚМУ. Мат.фак. Бизде имтиҳан ўақты.
Студентке толған аудиторияда,
"Имтихан алыўшы ким" деген гезде
Кулимлеп сен кирдиң аудиторияға.

"Қәне, тайынсаңба?" Келди гезегим,
5 сораўға жуўап бериўим керек.
"Ал қәне баслайбер" демек сезерим,
Бугин "жаман устаз" болыўың керек.

Ойлар арзыўларға кетсе жалғасып,
Бир дем көзлериме телмирип қалсаң,
Билет номеримнен кеттим алжасып,
Сөзиңнен адасып кеттиң сен болса..

Соңра тутып алдың өзиңди тезден,
"Кейинги сораўға өт" деп "иркилмей".
Билдирмей ойларым шыққанын изден,
Басынан басладым не дерим билмей..

ҚМУ. Мат.фак. Бизде имтиҳан ўақты.
Абел, Лебег бәрин сорап атырсаң.
Аспанды толтырып қуяштай жақты,
Кеўлимде қосықлар жазып атырман

Столда есаплар жазылған қағаз.
Басқасын ойлаўға болмас тереңнен..
Сен бунда имтихан алыўшы устаз,
Ортамызда турар суўық билетлер...

ҚМУ. Мат.фак. Бизде имтиҳан ўақты..

Автор Сарбиназ Айтмуратова

@sen_haqqinda
@ADEBIYAT_QR