Get Mystery Box with random crypto!

СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ Мине, бүгин питиремиз мектепти, Көз қыймай тур | Қарақалпақ Әдебияты

СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ

Мине, бүгин питиремиз мектепти,
Көз қыймай тур енди узап кетпекти,
Мектеп пенен ўақыт босқа өтпепти,
Даўысыңды сағынамыз, соңғы қоңыраў.

Кеўиллер қулпырар күн өткен сайын,
Көз алдымда сүўрет-
гүмис шырайың,
Билимиңде бар деп "мениң де пайым",
Мардыйып турғандай болдың, қоңыраў.

Класымның жəн-жағына қарайман,
Еле қанша сабақларға жарайсаң,
Мектебим мен ушын уллы сарайсаң,
Қағылмай туршы сен, соңғы қоңыраў.

Жүргим келмей адым басып бараман,
Бүгин сен хаққында ойға таламан,
Кетер болсам билим излеп қаладан,
Қулағымда сестиң қалар, қоңыраў.

Келгенимде бир кишкене қыз едим,
Сеннен сетем алып, қəддим дүзедим,
Еске алып хəр сабақтың гезегин,
Жыңғыр-жыңғыр тербелесең, қоңыраў,
Қағылмай туршы сен, соңғы қоңыраў...

Автор МЕХРИБАН ҚАРТБАЕВА 2016-жыл, май

@ADEBIYAT_QR