Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 6

2022-06-15 19:31:14 Тажетдинов Дауранға тийсли моинға тағатын бейджик қасинда пропуск кистирилган
ЖОЙТЫЛДИ таўып алғанлар болса +91 394 44 91 зв етын суйншиси бар

@ADEBIYAT_QR
421 views16:31
Адкрыць / каментаваць
2022-06-15 15:01:50
ПИЛДИҢ СҮЙЕГИ

Каучуктен соғылған "Шах"лар сынады,
Ямаса бир жери ушады қуллас.
Сөйтип, сынғаннан соң ойын тынады,
Қулласы сол "Шах"тың мәниси болмас.

Ойын ҳүким сүрер, бир пәс тым-тырыс,
Бир қәдем жылжыў да "Шах"ушын аўыр.
Ақ қара бар жерде болады урыс,
Жолда қурбан болар, қаншама баўыр?!...

Ойын қыза келе өкпе сығылар,
Ат атлығын етип үркитсе "Шах"ты.
"Шах"ың бир тасаға барып тығылар,
"Төресин"бергенге хош болып ўақты.

Ойланып, ойланып түсер урысқа,
Ойыншы "Шах"деген сөзди сүйеди.
Сонша шақылдыға, сонша ғурыжға-
Тек төзим бере алар, пилдиң сүйеги!

Автор ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ

@ADEBIYAT_QR
110 views12:01
Адкрыць / каментаваць
2022-06-06 07:37:50
Ийнинде алжапқыш, қолында оқлаў
«Жақсы келдиңиз бе» деп күтип алады аў
Мақсети мазалы аўқатты сыйлаў
Жүрмиз...
Енем аўқат асып...
Мен табақ алып...

Қысынар «қамыры қалың болды» деп
Баласына қарап күлемен мен тек
«Қалыңды көрмепсиз» деймиз екеўлеп
Отырмыз...
Енем аўқат асып...
Мен табақ алып...

«Ертең не асайын» дейди қыйылып
«Атам қәлегенин» деймен... асығып
Қанша кеш келсем де отырар күтип
Тағы...
Енем аўқат асып...
Мен табақ алып...

Автор Гүлчехра Аблакимова
Ташкент. 26-май 2022-жыл


Дерек: @qaraqalpaq_bayterekleri

@ADEBIYAT_QR
153 views04:37
Адкрыць / каментаваць
2022-05-31 16:21:46 ***
Алдын студент едим..
"Хешким" едим
басқалардың көз қарасында,
Күнлик жумыс излеп қала гезиўлер
Тапқаны жетпеген ижарасына

Алдын шайыр едим
Бир достымның айтыўы бойынша
"Сеннен үлкен адам шығады" деген,
Күлимлеп қоярем ишимнен қәлеп,
Сонда дунья еди журегимдей кең..

Китабым бар еди
Олда қарызға сорап алынған
Бетлери сарғайып кеткен ескирип,
Ижара үйим ески
Көйлегим
Туфлийим
Сумкам
Чемоданым
Ҳәтте қасымдағы досларым ески,
Бәлким унар еди маған ескилик.

Аўылға қайтар едим айдың ақыры,
Алып кетер еди соңғы автобус,
Анама халўа
Қаймақ
Ағама чимчий (ашшы бурыш қосылғанынан)
Укеме конфет
Шерибом наклейка
Қоразқант
Саққыз
Арзан шоколад...
Автобуска минемен
Ассалаўма алейкум! Хәммеси таныс..

***
2-курс едим.
Достым айтпай бир қосығымды
Газетаға тапсырған екен
Шығыпты.
Қуўандым "қалайсаң енди, жуумайсаңба шайыр" деген гезинде,
Жуўғанбыз арзан қабақ сомсалар менен.
Сол күни қала гезип қылғанбыз байрам,
Соңғы китаплардан болып хабардар,
Кийимимиз арзан
Туфлийимиз
Қол саат
Сумка
Базардағы лолы хаялдан сатып алынған моншақ
Кешки аўқатымыз
Суўымыз арзан
Досларыма қарайман
Уялмайман кәмбағаллығымнан
Сақлап қойыппан мен елеге шекем
Олардың маған берген саўғасын арзан...
Олар журеги таза қымбат адамлар....
****

Мухаббат...
Бир жигит бар еди
Арзыўым бар еди аспанымдай кең
Оған хадал ышқым арнаған едим
Кеўлимди тапқанды қымбат гул менен...
Ол мениң
Өзимнен жасырған дүньям еди
Өзимше жасадым қосықлар арнап
Бәри қымбат еди жоқ еди кеми
Оның маған берген саўғасы қымбат.
Минген машинасы
Кийими
Қол сааты(100$лық)
Хәтте бирге жүрген дослары қымбат.
Бәри ертек еди...
Енди ойласам
Хүжданынан басқа хәммеси қымбат
Жалғанға алмасқан сезими арзан
Журегинен басқа хәммеси қымбат
Қымбат жасап келген арзан адамлар...
***

Алдын студент едим
Хешким едим басқалардың көз қарасында...
Бирақ,
Бахытлы едим...

Автор Сарбиназ Айтмуратова
Май.2022ж

@sen_haqqinda

@ADEBIYAT_QR
318 views13:21
Адкрыць / каментаваць
2022-05-30 13:33:11 Кәмбағаллық айып емес

“Бардың иси пәрман менен,
Жоқтың иси әрман менен”,
Адам жарлы болған менен,
Кәмбағаллық айып емес.

Қарамаң пәс нәзер менен,
Көгермейсең мәлел менен,
Адамға ҳеш ҳазар бермең,
Кәмбағаллық айып емес.

Ҳеш үстинен күлип жүрмең,
Жүрек, баўрын тилип жүрмең,
Адам кеўли, нәзик гүлден,
Кәмбағаллық айып емес.

Күлгениң алдыңа келер,
Басқа бәле тилден келер,
Бул дүньяны қайтар дерлер,
Кәмбағаллық айып емес.

Пүтин болса, ақыл еси,
Жақсы болса мәмилеси,
Дүзиў болса тәрбиясы,
Кәмбағаллық айып емес.

Жетилип бой созып кетер,
Бәлким сеннен озып кетер,
Дәртиң сонда қозып кетер,
Кәмбағаллық айып емес.

“Кемликтиң де камалы бар,
Менменликтиң заўалы бар”,
“Сөздиң дағы сораўы бар”,
Кәмбағаллық айып емес.

Не айтсаң да нақлап сөйле,
Сөз әдебин сақлап сөйле,
“Қудайы” бар байқап сөйле,
Кәмбағаллық айып емес.

Автор Ақшолпан Аманияз 15.09.2019

Дерек: https://t.me/humayrouz

@ADEBIYAT_QR
236 viewsedited  10:33
Адкрыць / каментаваць
2022-05-30 10:29:15
Саўап жолында бирлесемиз азизлер!

«Ким бир жақсылық қылса, оның ушын (ислеген жақсылығының) он есеси (көбейтип) бериледи» (Анъам сүреси, 160-аят).

1 июнь ҳалық-аралық балаларды қорғаў күнине арнап командамыз бенен имканияты шекленген (нәгиран) балалар ушын байрам дастурханын жайып, оларға саўғалар үлесиўди нийет еттик.

Усы саўаплы исти баслаў ушын @Lovonteer командасы қайырқомлық жыйынын ашқанын жәриялайды.

Карта мағлыўматлары:
Click, PayMe
9860600414242104 ХУМО
8600490141923243 УЗКАРТ

Дослар, ҳәттеки сизиң өткермекши болған 1000 сўм пулыңызда биз ушын әҳимийетли!
Бәлким бул сиз ушын 1000 сўм болыўы мүмкин бир-ақ, 1000 сўмнан 500-1000 адам өткерсе үлкен жәрдем болады
Ислеп атырған қайыр-садақаңыз сизге мың есе болып қайытыўна исенемиз

#БизБиргемиз

Бизди бақлап барың
@Lovonteer
245 views07:29
Адкрыць / каментаваць
2022-05-29 07:06:08 НӨКИСКЕ

Гейде көз жас көзлериме сыймаса,
Гейде өмир түрли шадлық сыйлайды.
Журтты мухаббаттың дәрти қыйнаса,
Бунда мени Нөкис дәрти қыйнайды.

Яқ! Өтпеди бунда бизлик балалық,
Ҳаўасынан жаслығым тур нәр алып,
Аўыл десе, Нөкис узақ таныстай,
Ал, Нөкисте аўыл маған жаңалық.

Базбиреўлер ақ ақтарып күйеден,
Бар айыпты тәбиятқа тийеген,
Жаўын-шашын, самал, дузын, боранын,
Мен Нөкисти барлығынша сүйемен!

Заман менен әдебият та жаңарып,
Бул күнлери ҳәр минутта жаңалық,
Енди бунда паң-паң сөзлер өтпейди,
Сөз деген не ноқатың да қаралып.

Өткенде де, баўырманым, Нөкисим,
Шаблонсыз-ақ жырлайман мен түр-түсиң,
"Ооо сулыўсаң" демей-ақ бул жүрегим,
Сен дегенде шын жүректен толқысын.

Сенде өтти жаўын күним, қар күним,
Студентпен, бир тийинға зар күним,
Елеберин ҳәр минутың жырлайман,
Өтип турса сенде, Нөкис, ҳәркүним.

Жер-анамыз. Биз жасаймыз турақлай,
Оған жеткен зыян турмас жылатпай,
Менлик ышқы тәбият бир болса да,
Саған пүтин, басқа жаққа қурақтай.

Мен ышқыңда шайыр болып күйемен,
Қырсықлығың, назыңды да сүйемен,
Бир топыраққа жарастырған барлығын,
Тәңириме дизерлеп бас ийемен!

Автор МЕХРИБАН ҚАРТБАЕВА
Нөкис. 26.05.2022

@ADEBIYAT_QR
269 views04:06
Адкрыць / каментаваць
2022-05-28 05:44:29 АЎЫЛЛЫ АШЫҚ

Таң қалдым, тәбият буншама шебер?!
Қарағаным сайын қарағым келер
Сөзиме исенер едиң, өзиңе
Мениң көзим менен қарасаң егер

Сени жаратарда усы тәбият
Машақат шеккени билинер зыят
Шайыр ҳаслы сулыўлықтың шайдасы
Сол ушын гәпимди санама уят

Қыялым арзыўлар шыңына минип
Ашықлық ҳәксери бойыма сиңип
Жағымлы елестиң алдаўларынан
Бул кеўил тағы да байлайды үмит

Гейде еглениўин тилеп жаслыққа
Гейде қызғанышым салар қаслыққа
Мен ҳәўес етемен ҳәтте ақшамлар
Шашың жупарына тойған дастыққа

Мейли әлем дәрти минсин ыйыққа
Бул Ойшыл қәлемин сирә тыйып па?
Жазған жырларымның сатсам да бәрин
Жетпейди өзиң бир тартқан мыйыққа

Айтсам көринермен, дым сөзге шешен
Өзимди бахытлы санайын десем
Бирақ меннен көре бахытлырақтай
Шай ишсең ләбиңнен сүйген шай кесең

Қардарындай ышқы шерткен наманың
Өзин шайыр санар мендей жаманың
Қәпелимде сөзим жаныңа тийип
Болып қалмағайман унатпағаның

Эх кеўлим еркеси, қыздың дарасы
Сен десе туўылар жырдың жаңасы
Мәгәр жалғыз өзиң барлығың ушын
Мен Нөкисти сүйемен-аў шамасы

Автор Жангелдиев Ниетулла (Ойшыл) 27.05.2022ж

@oyshil_qosiqlari
@ADEBIYAT_QR
157 views02:44
Адкрыць / каментаваць
2022-05-27 07:47:26
*
Сен мени ойлайсаң... бийғам, бийташуиш...
Билесең, кеулимде бар екениңди.
Кетсем. Жибермейди илахий бир куш,
Билалмай хәлекпен ким екенимди...
*

Қәлбимди қолымда турыппан услап,
Менлик сезимлерге бағынбайсаңба?
Ертең өзимненде кетсем алыслап,
Қайтпас излеримди сағынбайсаңба?

Самаллар исмимди сыбырлап кетсе,
Жамғыр әйнегиңди шертсе таң сәхәр,
Айт кимди еслейсең? Ийнелеклерде,
Мениң шад кулкимди еслетсе бәхәр...

Аңлайман. Сен мениң өткинши бахтым!
Мейли ең соңғы рет қасыма келсең...
Сөзсиз сәубетлессек... Көзлериң хаққы,
Унсиз жулдызларға термилеберсем...

Хәм мени ойласаң бийғам бийташуиш,
Ашық айталмастан сағынғаныңды.
Сөз десем... Ләбимди тосасаң "Яқ. Туш."
Ерксиз тапсырарман ықтыярымды...

Автор Сарбиназ Айтмуратова

@sen_haqqinda
@ADEBIYAT_QR
193 views04:47
Адкрыць / каментаваць
2022-05-26 19:08:42 Мени де киргизипти итибар ушын рахмет. Қуўанып қалдым
104 views16:08
Адкрыць / каментаваць