Get Mystery Box with random crypto!

НӨКИСКЕ Гейде көз жас көзлериме сыймаса, Гейде өмир түрли шад | Қарақалпақ Әдебияты

НӨКИСКЕ

Гейде көз жас көзлериме сыймаса,
Гейде өмир түрли шадлық сыйлайды.
Журтты мухаббаттың дәрти қыйнаса,
Бунда мени Нөкис дәрти қыйнайды.

Яқ! Өтпеди бунда бизлик балалық,
Ҳаўасынан жаслығым тур нәр алып,
Аўыл десе, Нөкис узақ таныстай,
Ал, Нөкисте аўыл маған жаңалық.

Базбиреўлер ақ ақтарып күйеден,
Бар айыпты тәбиятқа тийеген,
Жаўын-шашын, самал, дузын, боранын,
Мен Нөкисти барлығынша сүйемен!

Заман менен әдебият та жаңарып,
Бул күнлери ҳәр минутта жаңалық,
Енди бунда паң-паң сөзлер өтпейди,
Сөз деген не ноқатың да қаралып.

Өткенде де, баўырманым, Нөкисим,
Шаблонсыз-ақ жырлайман мен түр-түсиң,
"Ооо сулыўсаң" демей-ақ бул жүрегим,
Сен дегенде шын жүректен толқысын.

Сенде өтти жаўын күним, қар күним,
Студентпен, бир тийинға зар күним,
Елеберин ҳәр минутың жырлайман,
Өтип турса сенде, Нөкис, ҳәркүним.

Жер-анамыз. Биз жасаймыз турақлай,
Оған жеткен зыян турмас жылатпай,
Менлик ышқы тәбият бир болса да,
Саған пүтин, басқа жаққа қурақтай.

Мен ышқыңда шайыр болып күйемен,
Қырсықлығың, назыңды да сүйемен,
Бир топыраққа жарастырған барлығын,
Тәңириме дизерлеп бас ийемен!

Автор МЕХРИБАН ҚАРТБАЕВА
Нөкис. 26.05.2022

@ADEBIYAT_QR