Get Mystery Box with random crypto!

АЎЫЛЛЫ АШЫҚ Таң қалдым, тәбият буншама шебер?! Қарағаным сайы | Қарақалпақ Әдебияты

АЎЫЛЛЫ АШЫҚ

Таң қалдым, тәбият буншама шебер?!
Қарағаным сайын қарағым келер
Сөзиме исенер едиң, өзиңе
Мениң көзим менен қарасаң егер

Сени жаратарда усы тәбият
Машақат шеккени билинер зыят
Шайыр ҳаслы сулыўлықтың шайдасы
Сол ушын гәпимди санама уят

Қыялым арзыўлар шыңына минип
Ашықлық ҳәксери бойыма сиңип
Жағымлы елестиң алдаўларынан
Бул кеўил тағы да байлайды үмит

Гейде еглениўин тилеп жаслыққа
Гейде қызғанышым салар қаслыққа
Мен ҳәўес етемен ҳәтте ақшамлар
Шашың жупарына тойған дастыққа

Мейли әлем дәрти минсин ыйыққа
Бул Ойшыл қәлемин сирә тыйып па?
Жазған жырларымның сатсам да бәрин
Жетпейди өзиң бир тартқан мыйыққа

Айтсам көринермен, дым сөзге шешен
Өзимди бахытлы санайын десем
Бирақ меннен көре бахытлырақтай
Шай ишсең ләбиңнен сүйген шай кесең

Қардарындай ышқы шерткен наманың
Өзин шайыр санар мендей жаманың
Қәпелимде сөзим жаныңа тийип
Болып қалмағайман унатпағаның

Эх кеўлим еркеси, қыздың дарасы
Сен десе туўылар жырдың жаңасы
Мәгәр жалғыз өзиң барлығың ушын
Мен Нөкисти сүйемен-аў шамасы

Автор Жангелдиев Ниетулла (Ойшыл) 27.05.2022ж

@oyshil_qosiqlari
@ADEBIYAT_QR