Get Mystery Box with random crypto!

* Сен мени ойлайсаң... бийғам, бийташуиш... Билесең, кеулимде | Қарақалпақ Әдебияты

*
Сен мени ойлайсаң... бийғам, бийташуиш...
Билесең, кеулимде бар екениңди.
Кетсем. Жибермейди илахий бир куш,
Билалмай хәлекпен ким екенимди...
*

Қәлбимди қолымда турыппан услап,
Менлик сезимлерге бағынбайсаңба?
Ертең өзимненде кетсем алыслап,
Қайтпас излеримди сағынбайсаңба?

Самаллар исмимди сыбырлап кетсе,
Жамғыр әйнегиңди шертсе таң сәхәр,
Айт кимди еслейсең? Ийнелеклерде,
Мениң шад кулкимди еслетсе бәхәр...

Аңлайман. Сен мениң өткинши бахтым!
Мейли ең соңғы рет қасыма келсең...
Сөзсиз сәубетлессек... Көзлериң хаққы,
Унсиз жулдызларға термилеберсем...

Хәм мени ойласаң бийғам бийташуиш,
Ашық айталмастан сағынғаныңды.
Сөз десем... Ләбимди тосасаң "Яқ. Туш."
Ерксиз тапсырарман ықтыярымды...

Автор Сарбиназ Айтмуратова

@sen_haqqinda
@ADEBIYAT_QR