Get Mystery Box with random crypto!

Ийнинде алжапқыш, қолында оқлаў «Жақсы келдиңиз бе» деп күтип | Қарақалпақ Әдебияты

Ийнинде алжапқыш, қолында оқлаў
«Жақсы келдиңиз бе» деп күтип алады аў
Мақсети мазалы аўқатты сыйлаў
Жүрмиз...
Енем аўқат асып...
Мен табақ алып...

Қысынар «қамыры қалың болды» деп
Баласына қарап күлемен мен тек
«Қалыңды көрмепсиз» деймиз екеўлеп
Отырмыз...
Енем аўқат асып...
Мен табақ алып...

«Ертең не асайын» дейди қыйылып
«Атам қәлегенин» деймен... асығып
Қанша кеш келсем де отырар күтип
Тағы...
Енем аўқат асып...
Мен табақ алып...

Автор Гүлчехра Аблакимова
Ташкент. 26-май 2022-жыл


Дерек: @qaraqalpaq_bayterekleri

@ADEBIYAT_QR