Get Mystery Box with random crypto!

ПИЛДИҢ СҮЙЕГИ Каучуктен соғылған 'Шах'лар сынады, Ямаса бир ж | Қарақалпақ Әдебияты

ПИЛДИҢ СҮЙЕГИ

Каучуктен соғылған "Шах"лар сынады,
Ямаса бир жери ушады қуллас.
Сөйтип, сынғаннан соң ойын тынады,
Қулласы сол "Шах"тың мәниси болмас.

Ойын ҳүким сүрер, бир пәс тым-тырыс,
Бир қәдем жылжыў да "Шах"ушын аўыр.
Ақ қара бар жерде болады урыс,
Жолда қурбан болар, қаншама баўыр?!...

Ойын қыза келе өкпе сығылар,
Ат атлығын етип үркитсе "Шах"ты.
"Шах"ың бир тасаға барып тығылар,
"Төресин"бергенге хош болып ўақты.

Ойланып, ойланып түсер урысқа,
Ойыншы "Шах"деген сөзди сүйеди.
Сонша шақылдыға, сонша ғурыжға-
Тек төзим бере алар, пилдиң сүйеги!

Автор ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ

@ADEBIYAT_QR