Get Mystery Box with random crypto!

*** Алдын студент едим.. 'Хешким' едим басқалардың көз қарасын | Қарақалпақ Әдебияты

***
Алдын студент едим..
"Хешким" едим
басқалардың көз қарасында,
Күнлик жумыс излеп қала гезиўлер
Тапқаны жетпеген ижарасына

Алдын шайыр едим
Бир достымның айтыўы бойынша
"Сеннен үлкен адам шығады" деген,
Күлимлеп қоярем ишимнен қәлеп,
Сонда дунья еди журегимдей кең..

Китабым бар еди
Олда қарызға сорап алынған
Бетлери сарғайып кеткен ескирип,
Ижара үйим ески
Көйлегим
Туфлийим
Сумкам
Чемоданым
Ҳәтте қасымдағы досларым ески,
Бәлким унар еди маған ескилик.

Аўылға қайтар едим айдың ақыры,
Алып кетер еди соңғы автобус,
Анама халўа
Қаймақ
Ағама чимчий (ашшы бурыш қосылғанынан)
Укеме конфет
Шерибом наклейка
Қоразқант
Саққыз
Арзан шоколад...
Автобуска минемен
Ассалаўма алейкум! Хәммеси таныс..

***
2-курс едим.
Достым айтпай бир қосығымды
Газетаға тапсырған екен
Шығыпты.
Қуўандым "қалайсаң енди, жуумайсаңба шайыр" деген гезинде,
Жуўғанбыз арзан қабақ сомсалар менен.
Сол күни қала гезип қылғанбыз байрам,
Соңғы китаплардан болып хабардар,
Кийимимиз арзан
Туфлийимиз
Қол саат
Сумка
Базардағы лолы хаялдан сатып алынған моншақ
Кешки аўқатымыз
Суўымыз арзан
Досларыма қарайман
Уялмайман кәмбағаллығымнан
Сақлап қойыппан мен елеге шекем
Олардың маған берген саўғасын арзан...
Олар журеги таза қымбат адамлар....
****

Мухаббат...
Бир жигит бар еди
Арзыўым бар еди аспанымдай кең
Оған хадал ышқым арнаған едим
Кеўлимди тапқанды қымбат гул менен...
Ол мениң
Өзимнен жасырған дүньям еди
Өзимше жасадым қосықлар арнап
Бәри қымбат еди жоқ еди кеми
Оның маған берген саўғасы қымбат.
Минген машинасы
Кийими
Қол сааты(100$лық)
Хәтте бирге жүрген дослары қымбат.
Бәри ертек еди...
Енди ойласам
Хүжданынан басқа хәммеси қымбат
Жалғанға алмасқан сезими арзан
Журегинен басқа хәммеси қымбат
Қымбат жасап келген арзан адамлар...
***

Алдын студент едим
Хешким едим басқалардың көз қарасында...
Бирақ,
Бахытлы едим...

Автор Сарбиназ Айтмуратова
Май.2022ж

@sen_haqqinda

@ADEBIYAT_QR