Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 5

2022-06-21 14:37:10
Аты фамилияңды төмен қулатпай,
Сызықтың устинде турыўың керек!
Сени кулдирген анаңды жылатпай,
Сен быйыл оқыўға кириўиң керек!

Бәрше абитуриентлерге Алла Таала нәзери түсип жоқары оқыў орнына кириўине тилеклеспен. Ҳүрмет пенен
Шамуратов Азамат

Өтиниш сүўретти булдирип тасламаң!!! Бояп өзгертип, монтажлап ҳ.т.б лар менен.

t.me/adebiyat_Qr
345 views11:37
Адкрыць / каментаваць
2022-06-21 11:09:38
*
Мен сени аяйман. Бир куни кетсем,
Ким саған қосықлар айтып береди?
Мехриңди тәңримниң сауғасы билип,
Және ким мениңдей жақсы көреди?...
*

Кешқурын жумыстан келсең асығып,
Есикти қағарсаң. Соң мен болмасам.
Киргиң келедиме? ...сабрым таусылып,
Мойныңнан қушақлап кутип алмасам...

Столда қағазлар кетсе уйилип,
Қорқаман жалғызлық қәлбиңди тилсе..
Кимди шақырасаң "периштем" дейип
Газет оқығанда шай ишкиң келсе.

Менсиз кийимиңди ким қояр тақлап,
Қалай өткизесең бир сууық тунди,
Қәйтемен ысытмалап қалсаң аязлап,
Билемен, жемейсең дәрилериңди.

Таңда терезедан қарап қууанып,
Ким ойынға тусер жауғанында қар?
Жыласа, кул десең дәрхал жубанып,
Бармекен ышқыңа арзыйтуғын яр?
***

Кимге бағышлайман сонша мехримди,
Кимге жасырынша тойып қарайман?
Сууретиң мөрленген бул журегимди,
Енди, басқасына қалай арнайман?

...өзимди аяйман.. егерде кетсем..

Автор Сарбиназ Айтмуратова
Декабрь.2020ж

@sen_haqqinda
@ADEBIYAT_QR
157 views08:09
Адкрыць / каментаваць
2022-06-20 14:56:09 Әўелембар Ассалаўма Әлейкум.
Бул пост абитуриент үкелерим ҳәм қарындасларыма!

Бүгиннен жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў басланды. Өзиңизге сораў бериң: "Келешегиңизди растан да өзиңиз арзыў еткен кәсип бенен бирлестире аласызба?" Тек ғана "Оқыўға кирсем болды" деген түсиникти мыйыңыздан шығарып таслаң, егер ондай ислемесеңиз кейинги 4 жыл өтиўи жүдә қыйын болыўы ҳаққында ойлаң. Егер сизде сайлаған бағдарыңыз ҳәм соған жараса базалық билимлер болса жақсы. Бирақ соны умытпаң, ЖОО бул ҳәммеси дегени емес. Сиз кирежақ болған Университет яки Институт сиздиң талапларыңызға мас келиўин, растан да сол жерде 4 жыл өзиңизге керекли билимлер алыўыңызды анықлап алың. Билим бериў дәрежеси барлама дәптер ҳәм формадан пәс болған ЖОО ны таңламаң. Усы ўақытқа шекем көп өтириклер айтылған, "диплом+таныс" формуласы келешекте нөлге тең болыўына исенемен сиз де исениң! Өмир бойы физикалық мийнетте қалып кетпеў ушын және өзиңиз қәлемесеңиз де галстукта "буўылып кетпеў" ушын ҳәм қағазларға көмилип қалмаў ушын да заманагөй билимлерди ийелеўиңиз керек. Егер арзыўларыңыз бәлент болса сиз ушыўға ылайықсыз.

Хүрмет пенен канал басқарыўшысы Шамуратов Азамат.

@ADEBIYAT_QR
213 viewsedited  11:56
Адкрыць / каментаваць
2022-06-20 06:06:33 #төртлик #мәнили

Жаратылыс жаңылған шығар,
Сени дүнияға шығарар ўақта.
Аңлағаным, ең соңғы қарар!
Сен ҳәр не болалдың...
Адамнан басқа!

Сахибжамал Сырғабаева

@ADEBIYAT_QR
316 views03:06
Адкрыць / каментаваць
2022-06-19 12:12:06
АЎЫЛЛАРДА

Дузлы самал ессе де, даўылларда,
Берекеттиң барлығы аўылларда,
Барсаң қарсы алады қурақ ушып,
Ата-анаңның көзи- баўырларда.

Атызда түрли жемис жайнап турар,
Бағларда тынбай бүлбил сайрап турар,
“Бар табағым, кел табағым” үрпге сай,
Қазаны оттан түспей қайнап турар.

Дарўазасын тарс жаўып алмас илип,
Мийманды қарсы алар: күтип күлип,
Атырыпты көшпестен, өмир сүрип,
Жери тайғақ болса да жаўынларда.

Қоңсы- қоңсыдан жоғын алар сорап,
Қора толы қой- қозы, ешки- ылақ
Жайлаўдан от жеген мал: ағар булақ-,
-Сүт береди молынан саўынларда.

Халқы дым ақ көкирек, сада бәри,
Дийханшылық тийкарғы кәсип кәри,
Күн нурына писирген:- бермей дәри,
Шийрин шекер пал татыр қаўынларда.

Ҳүрметлерин жайына қойып қарттың,
Геўдесинен ийтермес ҳасла жаттың,
Халқымызға тән болған дәстүр салттың,
Қаймағы бузылмаған аўылларда.

Автор Ақшолпан Аманияз 17.06.2022 жыл

@ADEBIYAT_QR
100 views09:12
Адкрыць / каментаваць
2022-06-18 06:41:12
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН

Қ Қәлби ерип кеўил туйғысы,
А Ата мәкән демеген ким бар?!
Р Рийзық терип шала уйқысы,
А Алыстағы Қарақалпақлар.
Қ Қанша сулыў шәҳәр көрсемде,
А Атқан таңы уқсамас саған.
Л Лекин Кремльде жүрсемде,
П Пайтахтым зор ол Нөкис қалам.
А Арал теңиз десем таныйды,
Қ Қайсы материкте турсамда.
С Сағынышым сенсиз тасыйды,
Т Техасларда сарай қурсамда.
А Аман болғай! Қарақалпағым!
Н Нәзерине түскей Алланың!

Автор Жаңабай Анетеев

@ADEBIYAT_QR
308 views03:41
Адкрыць / каментаваць
2022-06-17 17:04:38
Жалған

Сөзге келсек, ҳәр нәрсеге тайындай,
Жүзигине қас боламыз қайымдай,
Ис жүзинде ажрасамыз айбынбай,
Бизлер қашан жалған сүйип үйрендик?

Көзабаға дос боламыз қатнасып,
Жан ашыр боп, дәртлесемиз хатласып,
Ис түскенде, ишимизден жатласып,
Тек те сөзде жалған күйип үйрендик.

Жығылғанда қол көмегин бералмай,
Мийнет етсе қосшы болып ералмай,
Жеңисинде иш-ишиңнен көралмай,
Жүзге қарап жалған күлип үйрендик.

Шәпәәт жоқ, қолды кир суўға жуўып,
Пул таўамыз, дүнья изинен қуўып,
Сезим бермей мийримсиз перзент туўып,
Дым мәниссиз жалған жасап үйрендик.

Шын сезимди берип, жүректен сүйип,
Кеңли пейил менен тар жерге сыйып,
Ҳүжданды тазалап, нәпсини тыйып,
Жасасақ дозақтың отын көрмеймиз,
Ойланың бирақ биз жалған өлмеймиз.

Автор Турғанбай Қарлыбаев
13.06.2022 жыл.

@ADEBIYAT_QR
244 views14:04
Адкрыць / каментаваць
2022-06-17 05:53:11 Men saǵındım...

Appaq qarday tilegiń bolsın,
Aq mamıqtay júregiń bolsın.
Bolmasań da heshkimge mútáj
Birewlerge keregiń bolsın!

Aytıw qıyın ishki sezimdi,
Jas jetkeni mine sezildi.
Búgin qattı saģınaman men
Jol shańģıtqan bala gezimdi...

Bala geziń - bul altın taǵıń,
Sambırlatqan awıldıń jabın.
Hesh nársege almaspas em men,
Xat tanıtqan mekteptiń shaǵın.

Dúnya isi - janǵa jábir-di,
Basalmayman ele háwirdi,
Sol qız benen tap qılǵan ay-hay,
Saǵındım-aw kollej dáwirdi.

*

Qız! Tákabbır! Súymeymen, sózim!
Ashıq bop bir aǵardı kózim.
Mıń qosıq ta siz ushın az-dı,
Mıń maqtawǵa ana ılayıq óziń.

Qızlardı jır ettim, olar kim edi?
Tapsa ayıp taptı, sınap-minedi.
Jerdiń júzi sennen keshse de
Anań seni jaqsı kóredi.



Saǵınıshtıń dárti jaman-dı,
Bánt etedi kewil xanańdı.
Kewilimdi aytpay-aq bilgen
Saǵındım men altın Anamdı.

Anam aytqan ertekler qanday!?
Tıńlar edim házir-ám janday.
Ayra saldı anamdı bizden...
Múmkin, usı - biz deytin - mańlay?

*

Ana gúlzar, bizler lalamız,
Alla deymiz ǵayrat salamız.
Shúkir ana tilegiń edi...
Student ǵoy eki balańız!

Ákejanım asqar tiregim,
Jan uyam bul janım, júregim.
Oqıw betten sálem jollayman
Saw bolıńlar, Quday, tilegim!

Avtor Quwandıq Atabaev 25-dekabr, 2021-jıl

@i_madiy
@ADEBIYAT_QR
218 views02:53
Адкрыць / каментаваць
2022-06-16 10:40:01 Әкеге хат!

Толыспады мениң бала кеўилим,
Жыллар бойы үнсиз өзиңди куттим,
Билемен пуш қыял излеп келиўиң,
Әкежан балаңды қалай умыттың?

Сабырға үйретти мени сенсизлик,
Қаның тамырымда, өзиң жырақта,
Саған деген үмит жетпес шексизлик,
Өкпелеп, жек көрдим, күттим бирақта.

Ижаралы үйлер, суўық төсеклер,
Гейде аш, гейде тоқ шүкирим болды,
Анамның изинде дөҳмет өсеклер,
Көз жасына мениң көзлерим толды.

Балалық сағыныш, аппақ арзыўлар,
Бәрҳә сен тәрепке шақырар
еди,
Түсимде дийдарың, қушақ ашыўлар,
Оянсам сағыныш ах урар еди.

Өзиңсиз жолымды табайын қалай?
Өз жолын билгенлер қулатты мени.
Жығылдым, сүрниктим өмирде талай,
Бирақ тек сенсизлик жылатты мени.

Бәлким жасың өтип, ғаррылық басып,
Дәрманың болмастан, наўқас шығарсаң,
Бәлким бизди таслап таўлардан асып,
Өкинип халыңнан талған шығарсаң.

Айтшы сенде мени көргиң келеме,?
Қандай реңли кийим унайды саған,?
Кешигип, топырақ сиңип териңе,
Бир өмир арманды қуштырма маған.

Шадлыққа толтырып барып төриңди,
Мейли мен барайын болсаң жырақта,
Билесең-ғой Әке аты жөнимди,
Ҳеш болмаса изле мени тармақта.

Орыны толмасым сендей жалғызға,
Арнап қосық жаздым сағынып сени,
Мейли жасым таянса да отызға,
Балалар кунинде қутлықла мени..

Әке тек сенсизлик жылатты мени.


Автор Мукаррама Оразбаева

П/С: Қосық оқырманымның тилинен жазылды

@ADEBIYAT_QR
328 views07:40
Адкрыць / каментаваць
2022-06-16 06:29:46 Сени сағынып

Кирпиклер табыспас атқанша таңлар,
Жүрек дәртлеримди қайсы жан аңлар,
Муҳаббат қосығын берилип тыңлап,
От болып жанаман сени сағынып!

Жүрек сөзлеримди жеткерер самал,
Ара-тура мүмкин болса сорап ал,
Жаным, мен билмедим, бул қандай аўҳал?
Кеўлим қынжылыўлы сени сағынып.

Ышқы етер екен инсанды делбе,
Толғанаман ядың менен ҳәр демде,
Айралықтан жаным толы муң-шерге,
Кеўлим алғаў-далғаў сени сағынып.

Тақ аққуў мысалы жаным жаралы,
Зар үмит суўына кеўлим Аралы,
Қастың бардай көрсетпейсең қараңды,
Тынышым жоғалар сени сағынып.

Имкан болса ерип дийдар қусына,
Жетип барғым келер дәрҳал қасыңа,
Татлы сезимлерди алмай жасыра,
Қағаз қаралайман сени сағынып!

Болар деп жаныма үлкен бир саўап,
Басқан излериңди етермен таўап,
Алғанлығың ушын кеўлимди жаўлап,
Ығыңа жығылдым сени сағынып!

Автор Бахытлы Сарыбаев 13-июнь, 2022

@BaxitliSaribaev
@ADEBIYAT_QR
365 viewsedited  03:29
Адкрыць / каментаваць