Get Mystery Box with random crypto!

Жалған Сөзге келсек, ҳәр нәрсеге тайындай, Жүзигине қас болам | Қарақалпақ Әдебияты

Жалған

Сөзге келсек, ҳәр нәрсеге тайындай,
Жүзигине қас боламыз қайымдай,
Ис жүзинде ажрасамыз айбынбай,
Бизлер қашан жалған сүйип үйрендик?

Көзабаға дос боламыз қатнасып,
Жан ашыр боп, дәртлесемиз хатласып,
Ис түскенде, ишимизден жатласып,
Тек те сөзде жалған күйип үйрендик.

Жығылғанда қол көмегин бералмай,
Мийнет етсе қосшы болып ералмай,
Жеңисинде иш-ишиңнен көралмай,
Жүзге қарап жалған күлип үйрендик.

Шәпәәт жоқ, қолды кир суўға жуўып,
Пул таўамыз, дүнья изинен қуўып,
Сезим бермей мийримсиз перзент туўып,
Дым мәниссиз жалған жасап үйрендик.

Шын сезимди берип, жүректен сүйип,
Кеңли пейил менен тар жерге сыйып,
Ҳүжданды тазалап, нәпсини тыйып,
Жасасақ дозақтың отын көрмеймиз,
Ойланың бирақ биз жалған өлмеймиз.

Автор Турғанбай Қарлыбаев
13.06.2022 жыл.

@ADEBIYAT_QR