Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН Қ Қәлби ерип кеўил туйғысы, А Ата мәкән демег | Қарақалпақ Әдебияты

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН

Қ Қәлби ерип кеўил туйғысы,
А Ата мәкән демеген ким бар?!
Р Рийзық терип шала уйқысы,
А Алыстағы Қарақалпақлар.
Қ Қанша сулыў шәҳәр көрсемде,
А Атқан таңы уқсамас саған.
Л Лекин Кремльде жүрсемде,
П Пайтахтым зор ол Нөкис қалам.
А Арал теңиз десем таныйды,
Қ Қайсы материкте турсамда.
С Сағынышым сенсиз тасыйды,
Т Техасларда сарай қурсамда.
А Аман болғай! Қарақалпағым!
Н Нәзерине түскей Алланың!

Автор Жаңабай Анетеев

@ADEBIYAT_QR