Get Mystery Box with random crypto!

Әкеге хат! Толыспады мениң бала кеўилим, Жыллар бойы үнсиз өз | Қарақалпақ Әдебияты

Әкеге хат!

Толыспады мениң бала кеўилим,
Жыллар бойы үнсиз өзиңди куттим,
Билемен пуш қыял излеп келиўиң,
Әкежан балаңды қалай умыттың?

Сабырға үйретти мени сенсизлик,
Қаның тамырымда, өзиң жырақта,
Саған деген үмит жетпес шексизлик,
Өкпелеп, жек көрдим, күттим бирақта.

Ижаралы үйлер, суўық төсеклер,
Гейде аш, гейде тоқ шүкирим болды,
Анамның изинде дөҳмет өсеклер,
Көз жасына мениң көзлерим толды.

Балалық сағыныш, аппақ арзыўлар,
Бәрҳә сен тәрепке шақырар
еди,
Түсимде дийдарың, қушақ ашыўлар,
Оянсам сағыныш ах урар еди.

Өзиңсиз жолымды табайын қалай?
Өз жолын билгенлер қулатты мени.
Жығылдым, сүрниктим өмирде талай,
Бирақ тек сенсизлик жылатты мени.

Бәлким жасың өтип, ғаррылық басып,
Дәрманың болмастан, наўқас шығарсаң,
Бәлким бизди таслап таўлардан асып,
Өкинип халыңнан талған шығарсаң.

Айтшы сенде мени көргиң келеме,?
Қандай реңли кийим унайды саған,?
Кешигип, топырақ сиңип териңе,
Бир өмир арманды қуштырма маған.

Шадлыққа толтырып барып төриңди,
Мейли мен барайын болсаң жырақта,
Билесең-ғой Әке аты жөнимди,
Ҳеш болмаса изле мени тармақта.

Орыны толмасым сендей жалғызға,
Арнап қосық жаздым сағынып сени,
Мейли жасым таянса да отызға,
Балалар кунинде қутлықла мени..

Әке тек сенсизлик жылатты мени.


Автор Мукаррама Оразбаева

П/С: Қосық оқырманымның тилинен жазылды

@ADEBIYAT_QR