Get Mystery Box with random crypto!

Сени сағынып Кирпиклер табыспас атқанша таңлар, Жүрек дәртлер | Қарақалпақ Әдебияты

Сени сағынып

Кирпиклер табыспас атқанша таңлар,
Жүрек дәртлеримди қайсы жан аңлар,
Муҳаббат қосығын берилип тыңлап,
От болып жанаман сени сағынып!

Жүрек сөзлеримди жеткерер самал,
Ара-тура мүмкин болса сорап ал,
Жаным, мен билмедим, бул қандай аўҳал?
Кеўлим қынжылыўлы сени сағынып.

Ышқы етер екен инсанды делбе,
Толғанаман ядың менен ҳәр демде,
Айралықтан жаным толы муң-шерге,
Кеўлим алғаў-далғаў сени сағынып.

Тақ аққуў мысалы жаным жаралы,
Зар үмит суўына кеўлим Аралы,
Қастың бардай көрсетпейсең қараңды,
Тынышым жоғалар сени сағынып.

Имкан болса ерип дийдар қусына,
Жетип барғым келер дәрҳал қасыңа,
Татлы сезимлерди алмай жасыра,
Қағаз қаралайман сени сағынып!

Болар деп жаныма үлкен бир саўап,
Басқан излериңди етермен таўап,
Алғанлығың ушын кеўлимди жаўлап,
Ығыңа жығылдым сени сағынып!

Автор Бахытлы Сарыбаев 13-июнь, 2022

@BaxitliSaribaev
@ADEBIYAT_QR