Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 9

2022-04-30 15:49:36
Қарақалпақ батырларды түсирилген футболка
Баҳасы 100 000сум
Материал 100% хлопок
Производство Турция
Размерлер 48-50 М L
Қосымша мағлыўмат:

+99899 145 8627

@ADEBIYAT_QR
173 views12:49
Адкрыць / каментаваць
2022-04-29 16:14:37
Базда көзлерге де исенип болмайды...

Дерек: @atagulla_satbaev

@ADEBIYAT_QR
195 views13:14
Адкрыць / каментаваць
2022-04-27 20:16:49 ЛӘЙЛАТУЛ ҚӘДИР
(Барлық каналымыз ағзаларына мүбәрек рамазан айының қәдир түнинде барлық нийетлери қабыл болсын деп тилеймиз!)


Аллаҳым өзиңсең мийримли Рәббим,
Муҳаммед пайғамбар Расулым, Нәбий,
Ислам диним оған ийманым кәмил,
Тилимде зикирим, Ләйлатул Қәдир!

Өзиңнен өзге илаҳ жоқ, өзиң Рәббим,
Ҳақыйқат өзиңсең, өзиңсең әдил!
Гүнәмди кешир, тәўбемди ал қабыл!
Тилимде зикирим Ләйлатул Қәдир!

Мийримли Рәббим, шексиз қүдиретиң,
Муҳаммед Расулым, өзим үмметиң,
Нәзериң түскей деп мен үмит еттим,
Тилимде зикирим Ләйлатул Қәдир!

Қалыс Алла ушын ораза туттым,
Мүбәрек күнлерден бир күнди күттим,
Периште зикир әҳлин излейди бул түн,
Тилимде зикирим Ләйлатул Қәдир!

Аллаҳу әкбар, Субҳаналлоҳ,
Аллаҳу әкбар, Әлҳамду лилләәҳ
Аллаҳу әкбар! Ләә иләәҳо иллаллоҳ,
Тилимде зикирим Ләйлатул Қәдир!


Автор Абадан Турдымуратова

@ADEBIYAT_QR
295 views17:16
Адкрыць / каментаваць
2022-04-27 20:16:49 ЛӘЙЛӘТУЛ АҚШАМ*
(Иләҳий қосық)

Сен периште, мудамы ҳақсаң,
Ашықларды ышқыңда жақсаң,-
Жаным, бул Алланың меҳри түскен түн-
Ләйләтүл ақшам, ләйләтүл ақшам.

Егер мениң кеўлимди бақсаң,
Маған қарай бир күлим қақсаң,-
Жаным, бул Алланың меҳри түскен түн-
Ләйләтүл ақшам, ләйләтүл ақшам.

Дым шырайлы, сүт киби ақсаң,
Бармағыңа бир жүзик тақсам,-
Жаным, бул Алланың меҳри түскен түн,-
Ләйләтүл ақшам, ләйләтүл ақшам.

Пийпатмадай ҳадалсаң, ҳақсаң,
Лекин менсиз бәри- бир тақсаң,-
Жаным қолыңды бер бүгин Қәдир түн,-
Ләйләтүл ақшам, ләйләтүл ақшам.

*Ләйләтүл ақшам- дини уйым, Рамазан айының жигирма жетинши сәнеси, яғный Алла Таланың бенделерине меҳри түсетуғын түн.

Автор Алпысбай Султанов

@ADEBIYAT_QR
251 views17:16
Адкрыць / каментаваць
2022-04-27 20:16:48 ЛӘЙЛӘТҮЛ-ҚӘДИР.

Мың айлық сауапты жәмлеп өзине
әлем гүуә болған Аллах сөзине,
тапқанлар өзлерин шадлы сезине
мың айға татыған ләйләтүл-қәдир.

Бир жыллық тәғдирди белгилейди екен
берекет байрағы желбирейди екен.
Топалаңшы қәлбхәм елжирейди екен
ғәзийнелер кәни ләйләтүл-қәдир.

-Оқы! деп дәслепки түскен аяты
рамазан делинер усы ай аты.
Қуръанға берилген инсан бәйъаты
басланған күн екен ләйләтүл-қәдир.

Мийрим қылса егер Субхан Хақ кимге
соған келер екен өзи бақ, түнде.
Бул күн жасырынған дейди тақ күнге
сансыз сауап толы ләйләтүл-қәдир.

Автор каналымыз ағзасы
Жанполат Кәрим. 17.05.2020

@ADEBIYAT_QR
232 views17:16
Адкрыць / каментаваць
2022-04-27 20:16:48 Қәдир түн

Инсаният саған басын ийеди,
Таң қалдырған тилсимиңди сүйеди,
Пүткил әлем аппақ липас кийеди,
Кеўиллерди нурландырдың, қәдир түн!

Қабыл алып тек те жақсы нийетти,
Ҳақ кеўил жанларды бахытлы еттиң,
Әтирап күндиздей жарқырап кетти,
Толқынландық келгениңде қәдир түн!

Уяңызға бахыт қусы қонады,
Ашып қойың терезени, хананы,
Бериледи жаратқанның инамы,
Қыдыр ата келер дем-бул қәдир түн!

Ояўдур кеўиллер, ояўдур сезим,
Бүгин таң атқанша илинбес көзиң,
Нәўбәҳәр мысалы жайнайды жүзиң,
Асығып күтермиз сени, Қәдир түн!

Автор каналымыз ағзасы
Бахытлы Сарыбаев 20-май, 2020

@ADEBIYAT_QR
241 views17:16
Адкрыць / каментаваць
2022-04-27 20:16:03
#қәдир_түни

ҚӘДИР ТҮНИН ҚАШАН КҮТЕМИЗ?

“Ләйләтул-қодр” сөзиниң мәъниси “белгилеў, өлшеў түни”, яғный, жыл даўамында түрли әмел, ҳуким, ырысқы, тәғдир белгиленетиғун түн деген мәънини билдиреди. Қәдир түни Рамазанның ақырғы он күнлигинде жасырынған, оны сол күнлердиң тақ күнлеринен излең! Көбирек, күшли дәлиллер менен рәўиятларда 27-түнинде дейди.
Ҳижрий-қамарий календарға көре, түн күннен алдын жүреди. Демек, Рамазанның 27-түни 26-күни қуяш батқаннан, шам кириўи менен басланады.

Қуяш календары менен есапланғанда быйылғы қәдир түни бүгин, 27-апрелден 28-апрелге өтер түнине туўра келеди.
Ғәплетте қалып, саўаплардан бос қалмаң!


https://t.me/paziyletuz
201 views17:16
Адкрыць / каментаваць
2022-04-25 18:43:58 Ассалаўма Әлейкум. Бул каналда сиз күнделикли Хаўа райы мағлыўматы менен қысқа ҳәм түсиникли түрде танысып барасыз.

Ағза болың:

https://t.me/HawaRayi
44 views15:43
Адкрыць / каментаваць
2022-04-24 06:52:30 МҮБӘРЕК ОРАЗА ӘЙЙЯМЫ КЕЛДИ

Онбир айды артқа таслап асығып,
Шайтан кеўли қабарсын деп басылып,
Ийман көзиң тазарсын деп ашылып,
Айлардың гүлтажы Ораза келди.

Гүнәлардан пәклениўге шайланың,
Ибадатқа намазжайға жайланың,
Алла сүйген бендесине айланың,
Мүбәрек Ораза әййямы келди.

Тазартпаққа пәклеп тәнде жаныңды,
Көбейтпекке бейиштеги саныңды,
Ғәплеттен оянып, жақ- деп шамыңды,
Мүбәрек Ораза байрамы келди.

Нәпсиниң жылаўын тартқыл деп пәске,
Шыпасын берермен болсаң деп қәсте,
Келтирдим жәннеттен ифтарға шәшме,
Деп, саўапқа толы Ораза келди.

"Орынла! "деп мусулманның парызын,
Кеширилер имкан: гүнә, қарызың,
Хақға жетсин десең тилек арызым,
Дин мусулман ели Ораза келди.

Кәлима Шаҳадатта өтсин хәр күни,
Жол ашар Райянға сабырдың қуны,
Периштелер түсер бир Қәдир түни,
Мың айға татырлық Ораза келди.


Автор Захира Жоллымуратова. (Раяна) 23.04.2020.

@ADEBIYAT_QR
112 views03:52
Адкрыць / каментаваць
2022-04-22 22:40:43 Жаўын

Автор Аитжанов Мухамметдин Қара Сөз П/Р

@ADEBIYAT_QR
52 views19:40
Адкрыць / каментаваць