Get Mystery Box with random crypto!

Қәдир түн Инсаният саған басын ийеди, Таң қалдырған тилсимиңд | Қарақалпақ Әдебияты

Қәдир түн

Инсаният саған басын ийеди,
Таң қалдырған тилсимиңди сүйеди,
Пүткил әлем аппақ липас кийеди,
Кеўиллерди нурландырдың, қәдир түн!

Қабыл алып тек те жақсы нийетти,
Ҳақ кеўил жанларды бахытлы еттиң,
Әтирап күндиздей жарқырап кетти,
Толқынландық келгениңде қәдир түн!

Уяңызға бахыт қусы қонады,
Ашып қойың терезени, хананы,
Бериледи жаратқанның инамы,
Қыдыр ата келер дем-бул қәдир түн!

Ояўдур кеўиллер, ояўдур сезим,
Бүгин таң атқанша илинбес көзиң,
Нәўбәҳәр мысалы жайнайды жүзиң,
Асығып күтермиз сени, Қәдир түн!

Автор каналымыз ағзасы
Бахытлы Сарыбаев 20-май, 2020

@ADEBIYAT_QR