Get Mystery Box with random crypto!

ЛӘЙЛӘТҮЛ-ҚӘДИР. Мың айлық сауапты жәмлеп өзине әлем гүуә болғ | Қарақалпақ Әдебияты

ЛӘЙЛӘТҮЛ-ҚӘДИР.

Мың айлық сауапты жәмлеп өзине
әлем гүуә болған Аллах сөзине,
тапқанлар өзлерин шадлы сезине
мың айға татыған ләйләтүл-қәдир.

Бир жыллық тәғдирди белгилейди екен
берекет байрағы желбирейди екен.
Топалаңшы қәлбхәм елжирейди екен
ғәзийнелер кәни ләйләтүл-қәдир.

-Оқы! деп дәслепки түскен аяты
рамазан делинер усы ай аты.
Қуръанға берилген инсан бәйъаты
басланған күн екен ләйләтүл-қәдир.

Мийрим қылса егер Субхан Хақ кимге
соған келер екен өзи бақ, түнде.
Бул күн жасырынған дейди тақ күнге
сансыз сауап толы ләйләтүл-қәдир.

Автор каналымыз ағзасы
Жанполат Кәрим. 17.05.2020

@ADEBIYAT_QR