Get Mystery Box with random crypto!

ЛӘЙЛӘТУЛ АҚШАМ* (Иләҳий қосық) Сен периште, мудамы ҳақсаң, | Қарақалпақ Әдебияты

ЛӘЙЛӘТУЛ АҚШАМ*
(Иләҳий қосық)

Сен периште, мудамы ҳақсаң,
Ашықларды ышқыңда жақсаң,-
Жаным, бул Алланың меҳри түскен түн-
Ләйләтүл ақшам, ләйләтүл ақшам.

Егер мениң кеўлимди бақсаң,
Маған қарай бир күлим қақсаң,-
Жаным, бул Алланың меҳри түскен түн-
Ләйләтүл ақшам, ләйләтүл ақшам.

Дым шырайлы, сүт киби ақсаң,
Бармағыңа бир жүзик тақсам,-
Жаным, бул Алланың меҳри түскен түн,-
Ләйләтүл ақшам, ләйләтүл ақшам.

Пийпатмадай ҳадалсаң, ҳақсаң,
Лекин менсиз бәри- бир тақсаң,-
Жаным қолыңды бер бүгин Қәдир түн,-
Ләйләтүл ақшам, ләйләтүл ақшам.

*Ләйләтүл ақшам- дини уйым, Рамазан айының жигирма жетинши сәнеси, яғный Алла Таланың бенделерине меҳри түсетуғын түн.

Автор Алпысбай Султанов

@ADEBIYAT_QR