Get Mystery Box with random crypto!

МҮБӘРЕК ОРАЗА ӘЙЙЯМЫ КЕЛДИ Онбир айды артқа таслап асығып, Ша | Қарақалпақ Әдебияты

МҮБӘРЕК ОРАЗА ӘЙЙЯМЫ КЕЛДИ

Онбир айды артқа таслап асығып,
Шайтан кеўли қабарсын деп басылып,
Ийман көзиң тазарсын деп ашылып,
Айлардың гүлтажы Ораза келди.

Гүнәлардан пәклениўге шайланың,
Ибадатқа намазжайға жайланың,
Алла сүйген бендесине айланың,
Мүбәрек Ораза әййямы келди.

Тазартпаққа пәклеп тәнде жаныңды,
Көбейтпекке бейиштеги саныңды,
Ғәплеттен оянып, жақ- деп шамыңды,
Мүбәрек Ораза байрамы келди.

Нәпсиниң жылаўын тартқыл деп пәске,
Шыпасын берермен болсаң деп қәсте,
Келтирдим жәннеттен ифтарға шәшме,
Деп, саўапқа толы Ораза келди.

"Орынла! "деп мусулманның парызын,
Кеширилер имкан: гүнә, қарызың,
Хақға жетсин десең тилек арызым,
Дин мусулман ели Ораза келди.

Кәлима Шаҳадатта өтсин хәр күни,
Жол ашар Райянға сабырдың қуны,
Периштелер түсер бир Қәдир түни,
Мың айға татырлық Ораза келди.


Автор Захира Жоллымуратова. (Раяна) 23.04.2020.

@ADEBIYAT_QR