2022-03-01 11:08:03
БАРМЫСАҢ БӘҲӘРИМ?
Бармысаң бәҳәрим,бармысаң жаным?
Бармысаң Бахтыгүл қыздай пасылым?
Сенсиз бул дүньяның жүздеги қалын,
Сирә таслағандай биреў жасырып.
Сенсиз үш пасылды узаттық ырас,
Олар ҳәм өзинше берди жаңалық.
Бирақ сеннен түскен биринши қуяш,
Ояныў атына етти аналық.
Сениң самалларың гезип қырларды
Түсти бир өзинше ойнақы ҳалға.
Дарақлар ишинен аппақ сырларды-
Ақтарып-ақтарып,таңланды таңға.
Салма бойындағы боян,көк шөплер,
Еркин рәҳәтке қушағын ашты.
Шымшыққа жарысып сурғылт шекшеклер,
Көздиң жаўын алған,о бәҳәр паслы!
Қара галстугин тағып мойнына,
Мектепке жол алды,бир топар бала.
Түсип қарлығашлар таңғы ойынға,
Дәлизде концертин қурыўын қара.
Палын сорыў ушын ақ талдың анаў,
Жылдағыша және астына бардым.
Сүўреткер болғанда-әм тәбият бар-аў,
Гүл не,гүбелек не аңғармай қалдым.
Он жети жаслардың шамасы шығар,
Ийинағашлы бир қыз келди каналға
Бәҳәр сен аңдың ба? Сенде сол нигар,
Сол нигар,кележақ шығар камалға?!
Бәҳәр сен ҳаққында сөйлесем егер,
Сөтилип кетемен мегзеп қанарға.
"Қудай шебер ме я қурқылтай шебер"...
Келе алмай атырман,кеўил қарарға?
Автор ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ
@ADEBIYAT_QR
357 views08:08