2022-04-03 19:13:24
МУҚАДДЕС ҚУРАНЫ КӘРИЙМ
Хидаятқа баслап- Аллах!
Дин исламға мени шарлап,
Үш хәптеде оқып шықтым,
Қуран аятларын таллап.
Таң сәхәрден турып алып,
Жүзим қубла бурып алып,
Оқыдым шын ықлас пенен,
Қолға Қуран Кәрийм алып.
Хәр аятын: еки- үштен,
Такрарладым еринбестен,
Оқый бердим: сүрелерин,
Пайғамбарға(а.с)ўахый түскен.
Көп нәрсени билип алдым,
Тәфсирлерин илип алдым,
Муқабасын: бет, жүзиме,
Хәм тийгизип сүйип алдым.
Қалдырмадым үтиринде,
Билдим: кәпир, күпиринде,
Оқытқызған өз тилимде,
Аллахқа көп шүкиримде.
Аятларын таллап-таллап,
Алмасамда, бәрин ядлап,
Саўат аштым Нур Китаптан,
Хәдислердиң парқын аңлап.
"Бир жүз он төрт сүреси" бар,
"Ақ хәм қара гүреси" бар,
Онда ийман келтиргенниң,
Жәннет деген мәрреси бар.
Пайғамбарлар "мөжийзасы",
Ақлыңды лал қалдырады,
Тәғдирлери- мүшриклердиң,
Аўыр ойға талдырады.
Мен Қуранды оқығанда,
Болды мынаў уққанларым,
Гүнә қылсаң: болмас екен,
Тақыр жерде буққанларың.
Раббим бәрин билиўшидур.
Қәлбиңдегин көриўшидур,
Сақаўатты- қайыллатсаң,
Молдан сыйлық бериўшидур.
Бул дүньясын сүйгенлердиң,
Ақырети: уайран екен,
Сәждеге бас ийгенлердиң,
Сыйы жәннет: сайран екен.
Периштелер хәр күн тынбай,
Жазар барлық әмеллерди,
Саўап ислер: басымызға,
Келтирмейди мәлеллерди.
Кимлер болса солих бенде,
Руўхы тәнди тәрк еткенде,
Сүринбестен өтип алар,
"Сирот" деген көпирденде.
Кимлер келтирмесе ийман,
Билсин: бул дүньяға мийман,
Ақыретте жәрдем бермес,
Тис тырнақлап: малың жыйған.
Кисенленер: аяқ, қолың,
"Ет бетинен" жүрер жолың,
Тил байланып сөйлей алмай,
Тилкимленер екен жоның.
Он төрт әсир қунын жойтпай
Киятыр, бул Қуранымыз,
Мухаммадтың(а.с) үмметимиз,
Тынышлық тек Уранымыз!
Ялғаншыда, бул бес күнлик,
Азлы-кемли: сынақ екен,
Өтегенниң бес парызды,
Барар жери "жумақ" екен.
Еслетпесин: Рəббимиздиң,
Санаңызға қуйып жүриң,
"Киши хажы" мөминлердиң,
Жума намаз: уйып жүриң.
Мусылманның бес парызын,
Муқыятлап сақлап жүриң,
Аллахқа өтеп қарызың,
Ар-хүжданды ақлап жүриң.
Тəўбе етсең кеширеди,
Гүналарың өширеди,
Оқысаңыз бес ўақ намаз,
Түйин қалмай шешиледи.
О! Рәббиси Аспан, Жердиң,
Бенделерге неъмат бердиң,
Сен дереги: хикметлердиң,
Муқаддес Қураны Кəрийм.
"Бисмиллах" деп исти баслап,
Хақ жолында қәдем таслап,
Жүриў хәммеге буйырсын,
Алхамдулиллах! ИншаАллах!
Акшолпан Аманияз 30.05.2020 жыл
P.S: Хүрметли Дослар! Мен Ораза айының қақ ортасынан баслап Мусылманлардың Муқаддес китабы болған Қураны Кәриймди(Қарақалпақстан Мусылманлары Қазыяты қазысы устазымыз Шамсуддин Баҳауддиновтың қарақалпақ тилине аўдармасы хәм тәфсирлери)оқып шығыўды өзиме мақсет етип оразада "нийет" етип едим.
-Яғный Аллах исеме салды десемде хәмде 1,5 ай даўамында, Телеграм тармағындағы Қарақалпақстан Мусылманлары Қазыятының paziylet.uz каналы тәрепинен өткерилген "Ғәниймет мәўритлер" атамасында викторинаға үзликсиз қатнасыўым түртки болды десемде қателеспеймен. Бул викторинаға қатнасыў дәўиринде қойылған сораўларға жуўап табыў ушын интернеттен бираз излендим хәм себеп пенен Ислам динимиз хаққында бираз мағлыўматларды билип алдым.
-Оннан кейин Рамазан Хайт байрамының хүрметине өткерилген "МЕН РАМАЗАН БИЛИМДАНЫ БОЛАМАН" конкурсына "қолым жүрмеседе" қатнаса бердим. Усы сораў жуўапларға қатнасыў арқалы да Ислам динимиз бойынша хәр бир "мусылманман" деген инсаннын билип жүриўи керек болған мағлыўматларға ийе болдым.
-Оның ушын мен Телеграм тармағындағы Қарақалпақстан Мусылманлары Қазыятының paziylet.uz каналы Администрациясына шексиз миннетдаршылық билдирип өз алғысымды билдирмекшимен. Халқымызға ийман нурын үлестириўдей саўаплы ислериңизде табыслар болсын!
-Муқаддес китабымыз Қураны Кәриймди бүгин түске шекем оқып болдым. Үйдеги барлық исимди, егер байқаған болсаңыз усы пайт аралығында қосық жазыўды да тоқтатып азанлы-кеш оқый бердим. Өзимниң дийдим китапты Ораза тамам болған күни, қосыла оқып болыў еди, бирақ тилекке қарсы 3-4 күн қан басымымның көтерилип кетип мазам болмаўына байланыслы сәл үлгере алмай қалдым.
-Дослар дыққатыңызға Муқаддес Қураны Кәриймнен алған тәсирлеримнен жазылған қосығымды усынбақшыман!
Автор Ақшолпан Аманияз
@ADEBIYAT_QR
999 views16:13