Get Mystery Box with random crypto!

АНАМА. Бир тилек тиленип қолымды жайдым, Маған бер егер бар б | Қарақалпақ Әдебияты

АНАМА.

Бир тилек тиленип қолымды жайдым,
Маған бер егер бар болса бир қайғың,
Бендеңниң тилеги бир жалынбайтын,
Дәтиңнен қайғыңнан анамды сақла.

Анамның қайғысын маған бер қосып,
Жолына болмасын хеш қандай тосық,
Себепсиз жазылар қайсы бир қосық,
Аллам бир тилегим анамды сақла.

Жұртлардай анамда жайнасын күлсин,
Анамда шын кеуилден күлип билсин,
Қызғанба анамның сулыу күлкисин,
Мениң көз моншағым анамды сақла.

Кимлердиң кими бар анадан артық,
Балам деп қартайған азаплар тартып,
Мен ушын бир анам бәринен артық,
Мыңлардан артығым анамды сақла.

Тийдирме анама жұртлардың сөзин,
Тийдирме анама жұртлардың көзин,
Бәрине қәдирсең тәңирим өзиң,
Мен жүзге толғанша анамды сақла.

Автор ҳәм атқарған
Жаксыбек Қайпов

@ADEBIYAT_QR