Get Mystery Box with random crypto!

КҮТЕМЕН *** Көргеннен көзимди қызғаныш басып, Өр | Қарақалпақ Әдебияты

КҮТЕМЕН
***

Көргеннен көзимди қызғаныш басып,
Өрлейди әрманлар басымнан асып,
Ышқыңда қыялый ҳалласлап тасып,
Күтемен... Сен қашан келерсең енди?

Өзиңе мүнәсип тумар тағылып,
Шырайың жолыңа сыймай ағылып,
Қалдымба имкәным болмай қағылып?
Күтемен... Сен қашан келерсең енди?

Жибер жаманларды алыс қашырып,
Нурың мен тәрепке турса шашылып,
Қалмаспа маңлайым қарыс ашылып?
Күтемен... Сен қашан келерсең енди?

Және бир кеўилсиз күнди батырып,
Кеттиң қыялыма музды қатырып,
Емсиз бийтаплыққа мәңги шатылып,
Күтемен... Сен қашан келерсең енди?


Шекпекте жапасын әўметсиз Ғәрип,
Турыппан теңеўге табалмай тәрип,
Қоссамба жаңадан және бир ҳәрип?
Күтемен... Сен қашан келерсең енди?...

Автор Аманжолов Хожахмед
04.07.2021-жыл

@ADEBIYAT_QR