Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 12

2022-03-02 20:27:41
10 адамнан 1 адам табыўы мүмкин болған сораў.

1 - Байлар ол нәрсени әрман етеди?
2 - Қараўыллар ол нәрседен қорқады?
3 - Атлар бул нәрсени жылына бир мәрте көреди?

@KarFakt — Ең қызықлы фактлер!
372 views17:27
Адкрыць / каментаваць
2022-03-02 17:23:02
О, мениң даңқлы, бәҳәрим --
Табаның жарасты босағамызға.
Мен ушын көримсиз шәҳәрдиң,
Жолларын суўықтан босатамыз ба?

Дүнья екеўмизди умытқан ўақта,
Сениң ядыңда ма адамлар иси?
Мен оны умыттым, достым, бирақ та,
Соған мәжбүрледи мени көбиси.

Барынша қәдирлеп, күтип жоқларын,
Көзабалық дүньямыз айтыңшы какой?
Бүгинги жаўдырған жамғыр муғдарын,
Дәрҳәл протоколыңа жайғастырып қой.

Қәне, сүўретке түс, есабатың бар,
Көгерген шөплердиң жазып қой санын.
Басшы буйрығынан алдың ба хабар,
Еле үлгересең, қойыўға қарын.

Толған "Темир дәптер" тазасын басла,
Шыпакер емлеўге балной таппай тур.
Түрмеде адам жоқ баслықтан басқа,
Айтпақшы, ҳәмме жер солай ойлап жүр.

О, бәҳәр, дүньяны түсинсең егер,
Сени өкпелетти қыстың қыраўы.
-- Өзиң адамларға анықлама бер
-- Ең залым шәҳәрдиң мийримли жаўы.

Автор Жолдасбаев Базарбай


@Joldasbaev_Bazarbay
@ADEBIYAT_QR
489 views14:23
Адкрыць / каментаваць
2022-03-02 11:19:29
Арманда кеттиң Қундыз

Шах Муслим
Хурлиман Аяпбергенова

@ADEBIYAT_QR
625 views08:19
Адкрыць / каментаваць
2022-03-02 06:55:37 Poeziya (sezonga)màwsimge qaraydi muxabbat nege qaraydi

Poeziya qaraydi sezonga
Qis gezin jazbaydi bàhàrde
Muxabbat nelerge qaraydi
Tùngeme kùndizge sàhàrge

Nawrizdan ber jaģin aytayin
Bayramlar bàhàrde mol eken
Shayirdiñ jazarlıq nàrsesi
Sezonģa qararlıq jol eken

Mal eshki bàharde jazilmas
Itibar berilmes otqada
Qizlardin bayrami az qaldi
Jazarliq sol tema martqada

Jaz kùnin qıs qilip men qirsiq
Suwiqtay tonģaqlap jazayin
Segizi ùyimnen shiqpastan
Telefon òshirip jatayin

Yanvar esimde on tòrti
Kòzlerim qizlarģa qaraģan
Kafege shaqirsam kelmedi
Mende sol mart ayi qalaman

Avtor Aitjanov Muxammetdiyin

@AitjanovMuxammetdiyin
@ADEBIYAT_QR
634 views03:55
Адкрыць / каментаваць
2022-03-01 14:25:42 Бәҳәр келди

Сөзи: Толыбай Қабулов
Намасы: Шарапатдин Пахратдинов

Бәҳәр келди! Нәўбәҳәр келди,
Нурлы куяш жибитти жерди,
Қысқы тоқсан нәўбети енди,
Нәўбәҳәрдей асыға берди,
Әтшөк қуслар шақырғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден ҳәйкел тағынып келди.

Наз уйқыдан турып тәбият,
Қуслар көкти әйледи пәрият,
Үйрек ғазлар келген көклерге,
Нәўпир суўын тастырды дәрья,
Жерлер липас жамылғанында,
Сен бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ол ышқына табынып келди.

Қызлар тағып алтын сырғасын,
Ат көтермес назын, жылўасын,
Нәўбаҳәрге көрсетиў ушын,
Ертип шықты қурбы-қурдасын,
Олар моншақ тағынғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден липас жамылып келди.

Бәҳәр келди бийғәрез елге,
Қуўат берди, күш берди белге,
Әбиҳаят суўы сылдырап,
Жан берди ҳәм сән берди жерге,
Той дабылы кағылғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ашық болып аҳ урып келди.

Дерек: @QRJas_doretiwshiler

@ADEBIYAT_QR
173 views11:25
Адкрыць / каментаваць
2022-03-01 11:08:03 БАРМЫСАҢ БӘҲӘРИМ?

Бармысаң бәҳәрим,бармысаң жаным?
Бармысаң Бахтыгүл қыздай пасылым?
Сенсиз бул дүньяның жүздеги қалын,
Сирә таслағандай биреў жасырып.

Сенсиз үш пасылды узаттық ырас,
Олар ҳәм өзинше берди жаңалық.
Бирақ сеннен түскен биринши қуяш,
Ояныў атына етти аналық.

Сениң самалларың гезип қырларды
Түсти бир өзинше ойнақы ҳалға.
Дарақлар ишинен аппақ сырларды-
Ақтарып-ақтарып,таңланды таңға.

Салма бойындағы боян,көк шөплер,
Еркин рәҳәтке қушағын ашты.
Шымшыққа жарысып сурғылт шекшеклер,
Көздиң жаўын алған,о бәҳәр паслы!

Қара галстугин тағып мойнына,
Мектепке жол алды,бир топар бала.
Түсип қарлығашлар таңғы ойынға,
Дәлизде концертин қурыўын қара.

Палын сорыў ушын ақ талдың анаў,
Жылдағыша және астына бардым.
Сүўреткер болғанда-әм тәбият бар-аў,
Гүл не,гүбелек не аңғармай қалдым.

Он жети жаслардың шамасы шығар,
Ийинағашлы бир қыз келди каналға
Бәҳәр сен аңдың ба? Сенде сол нигар,
Сол нигар,кележақ шығар камалға?!

Бәҳәр сен ҳаққында сөйлесем егер,
Сөтилип кетемен мегзеп қанарға.
"Қудай шебер ме я қурқылтай шебер"...
Келе алмай атырман,кеўил қарарға?

Автор ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ

@ADEBIYAT_QR
357 views08:08
Адкрыць / каментаваць
2022-03-01 09:27:26 Бәҳәр

Ҳәр бәҳәрде мулт кетпейди болжаўым,
Кең даламда қушақ ашар арыў қыз.
Шомылдырсын сәўирдеги сел жаўын,
Кийиндирсин гозаллыққа Наўрыз.

Дәрьямда суў, аспанымда нур тасқын,
Бул бәҳәрге көз тойдырмай қараңлар.
Жасыл бағлар өңириме гүл тақсын,
Жақсы хабар сыбырласын самаллар.

Аппақ бултлар қуслар яңлы ақ қанат,
Аўнап-қуўнап көкте сынар шамасын.
Қосық болсын жазықлықта шапқан ат,
Гүлзарлықта бүлбил жазсын намасын.

Күнлер өтер бири ерис, бири арқаў,
Нәўбәҳәрдиң епкининде жылжырмыз.
Халқым болсын ақ төбели асқар таў,
Мен болайын оған қонған бир жулдыз.

Автор Кеңесбай Рахманов

@Kengesbai
@ADEBIYAT_QR
135 views06:27
Адкрыць / каментаваць
2022-03-01 07:00:46 Жамғырлы күнде

Талпынып өз ара кеўилге кеўил,
Биргеликте етип бағларды сейил,
Сыйлап шын кеўлимнен саған роза гүл,
Дийдар көрискенбиз жамғырлы күнде!

Бахыт изимизден келер жуўырып,
Барлық ғамларымыз кетти жуўылып,
Кеўлимизде гөззал сезим туўылып,
Бахытлы болғанбыз жамғырлы күнде!

Қулпы дөнгенликтен биз жүрген жағыс,
Романтика еди сол демлер нағыз,
Дүньяда мен емеслигимди жалғыз,
Сезип қуўанғанман жамғырлы күнде!

Автор Бахытлы Сарыбаев 28-февраль, 2022

@BaxitliSaribaev
@ADEBIYAT_QR
283 views04:00
Адкрыць / каментаваць
2022-03-01 05:42:28 БӘҲӘР

Әптап нурларынан тәбият жайнап,
Дарақ шақалары муз кебин таслап,
Жердиң бети жасыл липас жамылып,
Бәхәр нәпесинен кеуиллер жаснап.

Ауыл салмаларын жағалап әсте,
Кулимсиреп март кирип киятыр,
Бултлардың артынан сығалап әсте,
Соқпақлардан бәхәр журип киятыр.

Шиферда асылған собылық музлар,
Қуяш нурларында көз жас төгеди,
Анау шоқ кулкили бир топар қызлар,
Сумелек соғыуға бийдай егеди.

Жер де қуяш нурын сағынып қалған,
Ақ липас ыдырап қаралтым тартар,
Бағым ақ мамығын кағынып алған,
Жасыл сызықларда дизилип қатар.

Ақ жаулығын шешкен бийдай атыздың ,
Желкилдер жап-жасыл айдар шашлары,
Ийнағаш асынған жилуалы қыздың,
Кеулимди қытықлар қәлем қаслары.

Келиншек липасын ериклер кусер,
Шақаларда көз ашар бөртикшелери,
Әптап нурларына жузлерин төсер,
Дәрья бойларының байшешеклери.

Бәхәрдиң жағымлы қосығын айтып,
Ғазлар бир сызықда киятыр көкде,
Мартқа орын берип уйине қайтып,
Февраль өкпе етип баратыр тек де.

Автор Абатбай КРАМОВ

@ADEBIYAT_QR
574 views02:42
Адкрыць / каментаваць
2022-03-01 05:29:49 Бәҳәр пасылы қутлы болсын Әзийзлерим!!!

@ADEBIYAT_QR
342 viewsedited  02:29
Адкрыць / каментаваць