Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 13

2022-03-01 05:27:30
Ассалаўма Әлейкум каналымыз ағзалары. Кирип келген бәҳәр паслы менен шын жүректен қутлықлайман. Усы жерде бир қосық есиме тусип кетеди:
Бәхәр сени сағынып келди!!!
Сен бәхәрди сағынбадыңба???

@ADEBIYAT_QR
358 views02:27
Адкрыць / каментаваць
2022-02-28 17:48:50
Нөкис қаласы нешинши жылы пайда болған?

Жуўабыңызды белгилең
310 views14:48
Адкрыць / каментаваць
2022-02-28 12:55:03 Sol ushında keshir, Qudayım!

"Aqırzaman" baslanar bàlkim,
Umıtqan kùn bende Qudayın.
Òz bilgenin qılıp jùr hàrkim,
Sol ushında keshir, Qudayım!

Kewil degen baratır tas bop,
Bunda adam adamģa qas bop,
Bir kùnlikke jùrippiz màs bop,
Sol ushında keshir, Qudayım!

Mehir nurı tereñde jattı,
Jùrekler-muz, bawırlar-qattı,
Kòpler pul dep namısın sattı,
Sol ushında keshir, Qudayım!

Umıtılıp hùjdan hàm iyman,
Degen gàp joq: kewildi sıylañ!
Òz qàdirin bilmegen miyman
Boldıq bùgin, Keshir Qudayım!

Qıyınlıqqa dàrriw-aq nalıp,
Biz demedik, biraz shıdayın.
Shùkirlik tur bir shette qalıp,
Sol ushında keshir, Qudayım!

Jaqsı kiyim qımbatın saylap,
Bar tapqandı jùrippiz toylap,
Jùrgen jan joq iymanın oylap,
Sol ushında keshir, Qudayım!

Avtor: Rufat Eshanov (Sahrayı) 09.01.2021

@ADEBIYAT_QR
476 views09:55
Адкрыць / каментаваць
2022-02-28 11:07:10
Февральдың соңғы тамшысы

Ызғарсыз суўықлар тондырып -
соңғы рет жылады тәбият.
Нөкисте жамғырлар тамшылап -
Мәнзилге шығарып салажақ.

Хошласыў...еди бул, соңғы күн -
Мәртликке орынын босатты.
Есигим қағады ерке МАРТ.
Есикти қақған ол - Азамат!

Автор Айгүл Қосымбетова

@sheginisten
@ADEBIYAT_QR
627 views08:07
Адкрыць / каментаваць
2022-02-28 06:19:14 Достым Қундыз Зийраповаға арнап...(Достым ядымызда сен мәнги жасайсаң).

Қаршыға қус мысал қанатын қағып,
Талай қара көздиң жүзин муңайтып,
Арзуларды әрманларға узатып,
Оянбастан уйқлап кете бердиңбе?.

"Сен студент едиң" әйне ўақтында,
Отырғанда қыз патшалық тахтыңда,
Бизди лаўлап гүлханларды жақтыңда,
Тусымыздан үнсиз өте бердиңбе?.

Қолда қалем дүлдүл аттай дойнақлап,
Қосық жаздың, ҳәр бир сөзин салмақлап,
"Аралымның баўрайында" ойнақлап,
Әрман жетегине ере бердиңбе?

"Жақсы көрсем не қылайын" дедиңбе?
Бул сынақ ғой, барды булда шегиңде,
Шайыр болмас инсан өзи тегинге,
Не қылады әмел ете бергенде?

Сум хабары тарқап ерте сәҳәрде,
Дус болдыңба?Әжел атлы қәтерге,
Кеткен қуслар келер десек бәҳәрде,
Қайрылмастан туўра өте бердиңбе?.

Усы болып қосық жазыў шамамның,
Ел арасы шайыр дейип атандым,
Әй ерке қыз... Сәнетулла ағаның,
Мәнгиликке хош деп кете бердиңбе?.

Абдирахман
Зергер. 27.02.2021

@ADEBIYAT_QR
596 views03:19
Адкрыць / каментаваць
2022-02-27 21:40:52
Кеше арамыздан өзиң кеткели
Сум тәғдир исине кеўлим өкпели
Жадырап жүрисиң бүгин елестей
Ерте сөнген жулдыз болдың көктеги

Гөззал едиң, бийғам едиң, шоқ едиң
Оқыўдан, жумыстан кеўли тоқ едиң
Бирден бәри бундай жуўмақ табарын
Қыялыма келтирген де жоқ едим

Тәбият сымбаты жалғыз өзиңде
Периште бар еди күлген жүзиңде
Қанша нийетиңе үлгере алмай
Санақсыз әрманлар қалды изиңде

Хошласпаға ишим зорға батынды
Ертерек тапсырдың аманатыңды
Бирақ жүреклерде мәңги жасайсаң
Ҳасла умытпаймыз сениң атыңды!

Аўыллас қарындасым Қундыз Зийрапова. Руўхың шад, ақыретиң абад, жайың жәннеттен болсын!

Жангелдиев Ниетулла

@ADEBIYAT_QR
670 views18:40
Адкрыць / каментаваць
2022-02-27 13:53:13 Атқарған: Шыраз Нуратдинов
Сөзи: Қундыз Зийрапова

Бийопам.

Сорап келсе мени, бүгин дос-яран,
Ол бүгин сапарға кетти деп айтың.
Егер сорап келсе мени бийопам,
Ол бүгин дуньядан өтти деп айтың.

Сөзине исенбең, көз-жас төкседе,
Баслап алып келмең, оны қәбириме.
Жарақат салғанлар тирилигимде,
Енди қалай жетсин мениң қәдириме...

Бийопа яр, бийопа дос,
Оларға өмирден өтти деп айтың.
Бийопа яр, бийопа дос,
Мухаббат дәртинен кетти деп айтың...

Сенсиз өмир, жаным сүрелмайман деп,
Қәне талай-талай жылап айтқаның.
Бүгинги күниңде умытып мени,
Енди қалай менсиз жасап атқаның.

Еситтим соншама бийопаларды,
Көрмедим бирақ та, жүрек сатқанын.
Ең аўыр батары қәбир басыма,
Басқа жүрек гүллер қойып атқанын...

Мухаббат дәртинен кетти деп айтың,
Оларға өмирден өтти деп айтың..

Автор Қундыз Зийрапова.

@ADEBIYAT_QR
386 views10:53
Адкрыць / каментаваць
2022-02-27 13:52:04
#кеўил_билдириў

25-февраль күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти, сондай-ақ, бирнеше поэзиялық китаплардың авторы Қундыз Зийрапова 23 жасында қайтыс болды.

Марҳумның шаңарақ ағзаларына, жақынларына ҳәм досларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.


@ADEBIYAT_QR каналы администрациясы
372 views10:52
Адкрыць / каментаваць
2022-02-26 17:14:14 УРЫС ДЕГЕН БОЛМАҒАЙ

Ўатаным басыңнан не күн өтпеген,
Сен деп кетип елге өзи жетпеген,
Ақ әрманы қара хатқа тиркелип,
Жаслай кеткен жас жигитлер көплеген.

Қанша ана жүреклери боз боран,
Жасыл дүнья жеркенишли тап оған,
Қанша әке сай сүйегин қақсатып,
Тил сөйлемес тек қамсыққан жақ болған.

Почтальонды көрсе қашқан аналар,
Терезеден келмегей деп сығалар,
Бағлар гүллер сол заманда көриксиз,
Күндиз-түни тек тилеген дуўалар.

Гөдек қалған жесир қалған мыңлаған,
Дәрт көп болған ағын суўлар тыңлаған,
Айтпасада айрылдым деп баламнан,
Аянышлы ана жүзи ымлаған.

Урыс деген урыс деген болмағай,
Ана кеўли бала кеўли жайнағай,
Тойдан тойға жетип шадлық тоқтамай,
Елимизди жалғыз Алла қоллағай.

Автор Жаңабай Анетеев.
8-май 2021-жыл.г.Волгоград.


Оо мекеним башыңдан нелер өтпөгөн,
Сен деп кетип элге кайтып келбеген
Армандары кара катка тиркелип,
Жаштай кеткен жаш жигиттер көптөгөн .

Канча эне жүрөктөрү боз бороон,
Жашыл дүйнө жиркеничи тап болгон.
Канча ата сай сөөгүн сыздатып,
Унчукпаган тил күрмөөгө келбеген.

Почтальонды көрсө качып энелер,
Терезеден келеби деп шыкалаап.
Бактар гүлдөр ал убакта көрүксүз,
Күнү-түнү тиленишип дубалар.

Үй-бүлөсүз жесир калган миңдеген,
Дарт көп болгон агын суулар тыңдаган.
Айтпаса да айрылдым деп баламдан,
Аянычтуу эне жүзү нымдалган.

Уруш деген уруш деген болбосун,
Эне-бала көңүлдөрү жайнасын.
Тойлор тойго уланып эч, токтобой,
Элибизди жалгыз Алла колдосун.


Қырғыз тилине аударған Милена Алиханова

@ADEBIYAT_QR
337 views14:14
Адкрыць / каментаваць
2022-02-26 17:14:00
315 views14:14
Адкрыць / каментаваць