Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ Әдебияты

Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты Қ
Лагатып тэлеграм-канала adebiyat_qr — Қарақалпақ Әдебияты
Адрас канала: @adebiyat_qr
Катэгорыі: Літаратура
мова: беларускі
Падпісчыкі: 1.11K
Апісанне з канала

Сиз күткен канал ✅
Хеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске тусиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Дөретпелер болса жүргизиўшиге хабарласың.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Апошнія паведамленні 11

2022-04-09 06:26:10
Қарақалпақ нызамлары

Тарийхымды Маманбий нақ бақлап жазған,
Халық мәпин алға сүйреп тақлап жазған,
Изин жалғап Айдос баба хатлап жазған,
Тақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Алакөзде үмит еткен ел тәўирин,
Өз тилимди былғамағай өз баўырым,
Нызам күни тоғызыншы нур сәўирим,
Сақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Сызып кеткен шегарамды тумлы тустан,
Жер өлшеўде ҳаўаланып қалпақ ушқан,
Аллаярым мәңгиликге бахыт тутқан,
Бақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Сен нызамым китабымда номерленген,
Ўатан жерди бизге АЛЛА тәңир берген,
Нызам қорғап, болмағай бир жәбир көрген,
Ықланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Екиси кемис болған отыз жастасаң,
Үлгиси жемис шашылған нур бақласам,
Байрақ жүзим, гимн уран таспасаң,
Сақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Автор Жаңабай Анетеев
8-апрель 2021-жыл.

@ADEBIYAT_QR
858 views03:26
Адкрыць / каментаваць
2022-04-09 05:36:19
Ассалаўма Әлейкум каналымыз ағзалары. Бугин 9-Апрель Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм Мәмлекетлик Герби қабыл етилген кун. Бул қуўанышлы сәнени быйыл 29 мәрте байрамлап атырмыз. Сол мүнәсибет пенен сизлерди Қарақалпақ Әдебияты каналы админстрациясы атынан қутлықлап қаламан. Ҳүрмет пенен Шамуратов Азамат.
687 views02:36
Адкрыць / каментаваць
2022-04-08 08:54:26 Сабақ аларлық сабақ

Профессор келди. Қатнасты алып, енди сабақты өтежақ еди, "женсәбет" келди. Қызларды орнынан турғызып, келте киймеўин, шашларын жыйнап жүриўин ескертип, 10 минут ўаз оқыды. Муғаллим енди доскаға тема жазажақ еди, оқыў бөлиминен келип, муғаллимниң алған қатнасына исенбей, өзи хәммени орнынан турғызып, паточныйдағы 78 адамды санап кетти (алжасып, бир-еки рет қайта санады). 10 минуттың басына суў қойды.
Теманы түсиндирип баслайжақ еди, "замдекан" келип, старостолардан кешеги берген тапсырмаларын сорап, орынламағаны ушын бақырып кетти.
Теманы түсиндирип атыр еди, кафедра баслығы келип, курс жумысын тапсырмағанларды тикке турғызып, жараған түйедей аудиторияны басына көтерди. (Қанша ўақыт кеткенин қудай биледи).
Кейин тютор келип, ертеңги байрамға қатнасыўшы онлаған студентти тапырлатып алып кетти.
Үйге тапсырма бережақ еди, көптен күтилген мийман (яки мезбан) келди: ДЕКАН!
Студентлер тәнеписке шыға алмады.

Аллаяр Дарменов

@Allayar_Darmenov
@ADEBIYAT_QR
1.0K views05:54
Адкрыць / каментаваць
2022-04-07 09:07:38
"Жәннетлерде мени және таңлайсыз ба?.."
Ханзадабегим ЖАМАЛОВА


Жолдас болып жақсыларға саўап исте,
Хызметине жарасаңыз, нийет етсе,
"Бир Салиха сизге несийп етсин" десе,
Күлимсиреп мен хаққымда ойлайсыз ба?

Илҳам алып таңлар нурлар таратқаннан,
Сизге дерек бир арзыўлар жаратқанман,
Несийп болса уй қурармыз муҳаббаттан...
Айтың мени дүньясына қыймайсыз ба?

Қыйын күнде жеңил қылып аўырыңызды,
Тәңрим мәкан етсе болды кеўлиңизди,
Бир зиярат әйлеп ғәрийб кеўлимизди,
"Парызым" деп, "сүйдим" дейип алдайсыз ба?

Бир муслима ҳаял болып пикир етсем,
Барымда да, жоғымда да шүкир етсем,
Жайнамазда исмиңизди зикир етсем,
Ҳадалым деп меҳриңизди арнайсыз ба?


Перзент берсе танысын деп ҳақыйқатын,
Аллаҳымның Расулы деп қойсақ атын...
Рамазанда алар болса аманатын,

"Жәннетте де мени және таңлайсыз ба?.."


Автор Сарбиназ АЙТМУРАТОВА Апрель.2021-ж

@sen_haqqinda⚘
@ADEBIYAT_QR
899 views06:07
Адкрыць / каментаваць
2022-04-06 21:08:56
ТЫРНАЛАР

Тырналар,
Таңдайын да, әсем әнің шырқалар,
Даўысыңды есіткенде қарт Арал,
Ақ кірпігін жасқа малып мұңданар...

Әу баста,
Барлығыңды бағып қақты ол қасқа,
Төсек тартып өлімші боп жатқанда,
Көңіл сұрап бір соқсаңдар болмас па?

Шаршады
Сірә Арал бұл жатысқа қанса бір,
Тек жанары жасқа толып жаутаңдап,
Тілге келмей жатқанына қанша жыл?

Жат мұң бар,
Қанша жанға мұңнан моншақ тақтыңдар?
Иә Арал ауырғанда жалт берді,
Әлгі халық ұнататын аққулар.

Сенебер!
Арал толар уыстап су төгебер,
Қарт Аралға жүзгендей боп көрінед,
Анау шөлде өліп жатқан кемелер.

О Алла!
Тасбауырлық неге бердің қоғамға?
Басқаларды қояберші тәйірі,
Құстың дағы барғысы жоқ о маңға,
Бірақ енді оған барып қайтеді?
Шаң мен тұздан басқа түк жоқ Аралда.

Тырналар,
Таңдайыңда әсем әнің шырқалар,
Дауысыңды есіткенде қарт Арал,
Ақ кірпігін жасқа малып мұңданар...


Автор Ринат ХОЖАМУРАТОВ

Дерек: @QRjas_doretiwshiler

@ADEBIYAT_QR
849 views18:08
Адкрыць / каментаваць
2022-04-05 20:42:12
#Моностих

2022-жыл, апрель. Ерик ағашының бәҳәрге айтқаны.

–Гүллей берейин бе?

А. Дарменов

@Allayar_Darmenov
@ADEBIYAT_QR
907 views17:42
Адкрыць / каментаваць
2022-04-04 14:36:05

"БАБАМ-аў..."

Сөзи: Сахибжамал Сырғабаева.
Намасы: Бахтияр Жуматаев

Көрингенде төбең таўдай сүлдерли,
Ала көзиң қорқытпаған кимлерди,
Шахмақ сөзиң албыратқан беклерди,
Боз думанын жарып өткен жан бабам.

Нә мәрт дослар кеңнен ашып алқымды,
Ауыр турмыс езип кетти халқыңды,
Шыдамадың, жаның сезип салқынды,
Ел дәртинен толып кеткен жан бабам.

Туў сыртыңнан атқанда,
Дослар елин сатқанда,
Нелер өтти ойыңнан,
Бабам-аў.

Алпыс бийиң тарқап кеткен ўағында,
Әрманларың айландыма сағымға,
Адамзаттың жүрек турған жағында,
Естелигин салып кеткен жан бабам.

Көз алартса тўуған жерге ғаў болса,
Көкрегиңди керип бардың жаў болса,
Жер бетинде ҚАРАҚАЛПАҚ саў болса,
Мен өлмеймен дейип кеткен жан бабам.

Ел тәшўиши шеп көксиңе ғам салған,
Дослар болды көзлериңе шаң салған,
Тыныш дәўран келип жетти аңсалған,
Халқымыздың қәдри беккем жан бабам.

Әуладларың еслейди
Тарих сеннен кешпейди
Атың мәнги өшпейди
Бабам-аў

Автор Сахибжамал Сырғабаева

@SSirgabaeva
@ADEBIYAT_QR
1.1K viewsedited  11:36
Адкрыць / каментаваць
2022-04-03 21:14:29 Ассалаўма Әлейкум. Бул каналда сиз күнделикли Хаўа райы мағлыўматы менен қысқа ҳәм түсиникли түрде танысып барасыз.

Ағза болың:

https://t.me/HawaRayi
1.1K views18:14
Адкрыць / каментаваць
2022-04-03 19:13:24 МУҚАДДЕС ҚУРАНЫ КӘРИЙМ

Хидаятқа баслап- Аллах!
Дин исламға мени шарлап,
Үш хәптеде оқып шықтым,
Қуран аятларын таллап.

Таң сәхәрден турып алып,
Жүзим қубла бурып алып,
Оқыдым шын ықлас пенен,
Қолға Қуран Кәрийм алып.

Хәр аятын: еки- үштен,
Такрарладым еринбестен,
Оқый бердим: сүрелерин,
Пайғамбарға(а.с)ўахый түскен.

Көп нәрсени билип алдым,
Тәфсирлерин илип алдым,
Муқабасын: бет, жүзиме,
Хәм тийгизип сүйип алдым.

Қалдырмадым үтиринде,
Билдим: кәпир, күпиринде,
Оқытқызған өз тилимде,
Аллахқа көп шүкиримде.

Аятларын таллап-таллап,
Алмасамда, бәрин ядлап,
Саўат аштым Нур Китаптан,
Хәдислердиң парқын аңлап.

"Бир жүз он төрт сүреси" бар,
"Ақ хәм қара гүреси" бар,
Онда ийман келтиргенниң,
Жәннет деген мәрреси бар.

Пайғамбарлар "мөжийзасы",
Ақлыңды лал қалдырады,
Тәғдирлери- мүшриклердиң,
Аўыр ойға талдырады.

Мен Қуранды оқығанда,
Болды мынаў уққанларым,
Гүнә қылсаң: болмас екен,
Тақыр жерде буққанларың.

Раббим бәрин билиўшидур.
Қәлбиңдегин көриўшидур,
Сақаўатты- қайыллатсаң,
Молдан сыйлық бериўшидур.

Бул дүньясын сүйгенлердиң,
Ақырети: уайран екен,
Сәждеге бас ийгенлердиң,
Сыйы жәннет: сайран екен.

Периштелер хәр күн тынбай,
Жазар барлық әмеллерди,
Саўап ислер: басымызға,
Келтирмейди мәлеллерди.

Кимлер болса солих бенде,
Руўхы тәнди тәрк еткенде,
Сүринбестен өтип алар,
"Сирот" деген көпирденде.

Кимлер келтирмесе ийман,
Билсин: бул дүньяға мийман,
Ақыретте жәрдем бермес,
Тис тырнақлап: малың жыйған.

Кисенленер: аяқ, қолың,
"Ет бетинен" жүрер жолың,
Тил байланып сөйлей алмай,
Тилкимленер екен жоның.

Он төрт әсир қунын жойтпай
Киятыр, бул Қуранымыз,
Мухаммадтың(а.с) үмметимиз,
Тынышлық тек Уранымыз!

Ялғаншыда, бул бес күнлик,
Азлы-кемли: сынақ екен,
Өтегенниң бес парызды,
Барар жери "жумақ" екен.

Еслетпесин: Рəббимиздиң,
Санаңызға қуйып жүриң,
"Киши хажы" мөминлердиң,
Жума намаз: уйып жүриң.

Мусылманның бес парызын,
Муқыятлап сақлап жүриң,
Аллахқа өтеп қарызың,
Ар-хүжданды ақлап жүриң.

Тəўбе етсең кеширеди,
Гүналарың өширеди,
Оқысаңыз бес ўақ намаз,
Түйин қалмай шешиледи.

О! Рәббиси Аспан, Жердиң,
Бенделерге неъмат бердиң,
Сен дереги: хикметлердиң,
Муқаддес Қураны Кəрийм.

"Бисмиллах" деп исти баслап,
Хақ жолында қәдем таслап,
Жүриў хәммеге буйырсын,
Алхамдулиллах! ИншаАллах!

Акшолпан Аманияз 30.05.2020 жыл

P.S: Хүрметли Дослар! Мен Ораза айының қақ ортасынан баслап Мусылманлардың Муқаддес китабы болған Қураны Кәриймди(Қарақалпақстан Мусылманлары Қазыяты қазысы устазымыз Шамсуддин Баҳауддиновтың қарақалпақ тилине аўдармасы хәм тәфсирлери)оқып шығыўды өзиме мақсет етип оразада "нийет" етип едим.
-Яғный Аллах исеме салды десемде хәмде 1,5 ай даўамында, Телеграм тармағындағы Қарақалпақстан Мусылманлары Қазыятының paziylet.uz каналы тәрепинен өткерилген "Ғәниймет мәўритлер" атамасында викторинаға үзликсиз қатнасыўым түртки болды десемде қателеспеймен. Бул викторинаға қатнасыў дәўиринде қойылған сораўларға жуўап табыў ушын интернеттен бираз излендим хәм себеп пенен Ислам динимиз хаққында бираз мағлыўматларды билип алдым.
-Оннан кейин Рамазан Хайт байрамының хүрметине өткерилген "МЕН РАМАЗАН БИЛИМДАНЫ БОЛАМАН" конкурсына "қолым жүрмеседе" қатнаса бердим. Усы сораў жуўапларға қатнасыў арқалы да Ислам динимиз бойынша хәр бир "мусылманман" деген инсаннын билип жүриўи керек болған мағлыўматларға ийе болдым.
-Оның ушын мен Телеграм тармағындағы Қарақалпақстан Мусылманлары Қазыятының paziylet.uz каналы Администрациясына шексиз миннетдаршылық билдирип өз алғысымды билдирмекшимен. Халқымызға ийман нурын үлестириўдей саўаплы ислериңизде табыслар болсын!
-Муқаддес китабымыз Қураны Кәриймди бүгин түске шекем оқып болдым. Үйдеги барлық исимди, егер байқаған болсаңыз усы пайт аралығында қосық жазыўды да тоқтатып азанлы-кеш оқый бердим. Өзимниң дийдим китапты Ораза тамам болған күни, қосыла оқып болыў еди, бирақ тилекке қарсы 3-4 күн қан басымымның көтерилип кетип мазам болмаўына байланыслы сәл үлгере алмай қалдым.
-Дослар дыққатыңызға Муқаддес Қураны Кәриймнен алған тәсирлеримнен жазылған қосығымды усынбақшыман!

Автор Ақшолпан Аманияз

@ADEBIYAT_QR
999 views16:13
Адкрыць / каментаваць
2022-04-03 13:59:33 АЙЛАРДЫҢ СУЛТАНЫ РАМАЗАН

Үйретип бәршени сабырға
Өтирик сөзге салып тыйым
Төзимге шақырып, шыдамға
Мүбәрек рамазан хош келдиң

Таң сәхәр қолларды жайдырып
Нийетке жеткергей деп елдиң
Ишпек хәм жемектен тыйдырып
Мүбәрек рамазан хош келдиң

Мағфират тилетип муслимди
Әпиу ет деп хәр қәте исимди
Сәждеге жықтырып кисиңди
Мүбәрек рамазан хош келдиң

Тәубе ет, көрсет хәм мириубет
Қолдан келсе тек жақсылық ет
Қабыл болғай сен қылған нийет
Мүбәрек рамазан хош келдиң

Автор Бийбиайым Айтмуратова (Луна) Қоңырат р/н

@ADEBIYAT_QR
886 views10:59
Адкрыць / каментаваць