Get Mystery Box with random crypto!

Өкиндим Бүгин, жүрегим дым, аўырды қатты, Көз жасқа қағазым м | Қарақалпақ Әдебияты

Өкиндим

Бүгин,
жүрегим дым, аўырды қатты,
Көз жасқа қағазым малынып жатты,
Қандай от кетирер қәлемде татты,
Өкинип отырман жазғаным ушын.

Алланың сыйы ма, бул я гунасы?
Адасып берген-аў, маған қулласы,
Ахыры қосыққо ең пәк биязы,
Арасат бийлеп тур жазғаным ушын.

Биреўдиң дәртлерин алғаның менен
Биреўге сөзлериң келеди мәлел,
Я адам баласы сондайма әзел?
Өкинип отырман жазғаным ушын.

Тиймейди қорықпаң көклерге бойым,
Жулдызлық күсемес ҳеш қашан ойым,
Қосығым менен мен тиримен қойың,
Жылатпаң...
жылатпаң...жазғаным ушын.

Шайырлық даўам жоқ түсиниң ахыр,
Маған айып тақпаң
жазғаным ушын...

Автор Зульфия Жийемуратова

@zulfiya_qosiqlari
@ADEBIYAT_QR