Get Mystery Box with random crypto!

Кепин геда ҳалларға мен тез-тез түстим, ал, өзгелер Қарун байд | Қарақалпақ Әдебияты

Кепин геда ҳалларға мен тез-тез түстим,
ал, өзгелер Қарун байдай байыр болды.
Дийўанайы Машраб етти мени ышқым –
Мен Қудайдың жазғанына қайыл болдым.

«Шайыр – тентек, Асан қайғы, шайыр – надан» –
Мен туўралы өсек-ғыйбат тайын болды.
«Көзлерине жин көринген – Мәжнүн адам» –
«ақылсызлық байлықлары» пайым болды.

Ышқы дейип жанғанлардың ақлы кемис –
бул жолларда мен ақылы зайыл болдым.
Ақлыданыш болғанлығым ушын емес,
ақылымның жоқлығынан шайыр болдым…

Автор Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ

@ADEBIYAT_QR