Get Mystery Box with random crypto!

ЖАЗҒАНЫҢ УШЫН Жүрек ҳәмиринен шықпаған хатты, Жазғанда жүреги | Қарақалпақ Әдебияты

ЖАЗҒАНЫҢ УШЫН

Жүрек ҳәмиринен шықпаған хатты,
Жазғанда жүрегиң аўырар қатты,
Тек маған, тек маған қаттыға батты,
Өкиниш хатларды жазғаның ушын.

Алланың сыйы бул илҳам периси,
Инсанға йош берер оның желиси,
Қуўаныш ҳәм қайғы пинҳам келиси,
Шайырсаң қағазға жазғаның ушын.

Сөзлердиң ишинен тек дүрин терсең,
Йош берер қосығың, зейиннен илсең,
Гейде биреўлерге дәрт берер билсең,
Жүректи тыңламай жазғаның ушын.

Халқың шайыр десе, шайыр боласаң,
Мәртебе берилмес, өзиң сорасаң,
Мен билемен жулдыз болып қаласаң,
Қанатлы қосықлар жазғаның ушын.

Автор Абдиқадир Қайыпов

@Abdiqadir_Qaypov
@ADEBIYAT_QR